1-Laboratoriyaliq jumisó ueim 20 300 óquv elektromexaniq sınaq mashinası jerdemida kem uglyerodli polat úlginde soziliw, qısılıwǵa sınap kóriw hám materialdıń mexaniq xarakteristikaların anıqlaw


Download 144.44 Kb.
bet3/4
Sana05.05.2023
Hajmi144.44 Kb.
#1429561
1   2   3   4
Bog'liq
1-labaratoriya

Тәжирийбени өткериў тәртиби: Үлгиниң диаметри ҳәм оның есапланған узынлығы ди өлшеў керек. Үлгиниң есапланған узынлығындағы аралық 10 мм болған сызықлар менен белгилер сызылады (5-сүўрет). Соңынан үлги машинаның қысқышларына беккемленеди.

5- сүўрет. Қалдық деформациясының үлги узынлығы бойынша бөлистирилиў эпюрасы.

Тәжирийбени диаграмма сызыўшы приборына ийе болған қәлеген (механикалық ямаса гидравликалық усылда ислейтуғын) машиналарда өткериў мүмкин.


Машина иске түскеннен кейин күштиң мәнисин көрсететуғын стрелкаға итибар бериў керек. Ағыў шегарасына жеткенде ол дерлик тоқтап қалады. Үлгиниң сыртында болса Чернов–Людерс сызықлары пайда болады ҳәм гүңгирт түрге дөнеди.
Жүк ең үлкен сан мәнисине жеткенде қадағалаўшы стрелка сол жерде тоқтайды, ал тийкарғы стрелка болса үлги жемирилгенше оның кемейиўин көрсетип барады. Қадағалаўшы стрелка тоқтағаннан кейин үлгиде мойын пайда болады. Үлгиниң жемирилиў ўақтындағы жүк ни стрелкадан анықлап билип алыў керек. Үлги жемирилгеннен кейин оны машинадан алып еки бөлекти бир-биринен үзилиўден алдынғы жағдайға сәйкеслендирип, жемирилген орындағы диаметр ҳәм узынлығы өлшенеди.
Созылыў эпюрасын қурыў. Тәжирийбени өткериўден алдын үлгиниң сыналатуғын бөлегиниң сыртына арнаўлы машина жәрдеминде аралығы 1 см болған сызықлар (белгилер) сызылыўы керек (5-сүўрет). Тәжирийбе өткерилгеннен кейин усы белги сызықлар арасындағы аралықлар бөлек-бөлек өлшенеди. Олардың узайыўы бир дей емес, ең үлкен узайыўы мойын әтрапында пайда болады. Ҳәр бир бөлектиң узайыўын, сызғыш жәрдеминде өлшеп төмендеги кестеге жазылады:



Бөлекшелердиң
тәртип номерлери

1

2

3

4

5

6

7

8

9

10

Бөлекшелердиң тәжирийбеден кейинги узынлығы мм











Бул өлшенген мәнислерди мәлим масштабда ажыратып үлгиниң узайыў эпюрасын қурыў мүмкин (5- сүўрет).


Бөлекшелер узайыўының жыйындысы үлгиниң абсолют узайыўын береди. Оны есабланған узынлыққа бөлсек, салыстырмалы узайыў келип шығады.
Өткерилген тәжирийбеден таярлантуғын есабатта төмендеги мағлыўматлар болыўы керек:

  1. Жумыстаң мақсети;

  2. Үлгиниң тәжирийбеден алдынғы ҳәм кейинги көриниси сызылған эскизлери, зәрүр болған өлшемлери қойылған болыўы керек;

  3. Үлги өлшемлери:

    Тәжирийбеге шекем

    Тәжирийбеден кейин

    Диаметри d=.. .. .. м
    Есапланған узынлығы lо=.........м
    Кесе- кесим майданы А=........м2
    Есапланған узынлықтағы көлеми
    Vо=..............м3

    Мойын диаметри dб=............м
    Тәжирийбеден кейинги узынлығы lк=...........м
    Жемирилген орындағы кесе- кесим майданы Аб=...........м2

  4. Тәжирийбеден алынған мағлыўматлар:

Пропорционаллық шегарасына сәйкес келетуғын жүк Рпц = ..... .. ....Н.
Ағыў шегарасына сәйкес келетуғын жүк Ро = ...... .. ....Н.
Беккемлик шегарасындағы жүк Рм = ..... .. ....Н.
Жемирилиў ўақтындағы жүк Ре = ..... .. ....Н.

  1. Созылыў диаграммасын координаталарда сызып, кандай масштабда сызылғанлығын көрсетиў керек.

  2. Беккемликти көрсетиўши характеристикалар:

Пропорционаллық шегарасы: H/м2
Ағыў шегарасы: H/м2
Беккемлик шегарасы: H/м2

  1. Пластиклик характеристикалары:



  1. Материалдың сыныўға қаншелли мейиллик характеристикасы:

H/м
Нм/м3

  1. Жемирилиў ўақтындағы ҳақыйқый кернеў, абсолют ҳәм қалдық деформациялар

H/м2


  1. Алынған е ҳәм т мағлыўматлар бойынша ҳақыйқый созылыў диаграммасы.




Download 144.44 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling