13-ноябрь академик Ж. Базарбаевты еслеў күни


Download 16.89 Kb.
Sana03.04.2023
Hajmi16.89 Kb.
#1322734
Bog'liq
Ж.Базарбаев


13-ноябрь академик Ж.Базарбаевты еслеў күни.
Жуманазар Базарбаев нағыз батыр, дәўжүрек, айбатлы азамат, киши пейил жасы үлкен, мийирман аға, қайырқом устаз, әжайып жол басшы еди. Оның ҳәр бир сөзи оғада салмақлы, мәнили ислери бәршеге өрнекли болды. Әсиресе, оның қарақалпақ халқының илим, билимлендириў, мәденият, экономика, тарийх ҳәм басқада тараўларының раўажланыўында үлес қосып киятырған Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын қайта тиклеўдеги хызметинен халқымыздың қуўанышы оғада шексиз.
1976-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Нөкис мәмлекетлик университети болып өзгертилди. Буннан кейин бир неше жыллар даўамында пединститутты қайта тиклеў күн тәртибиндеги мәселе болып келди. 1990-жылы бул мәселени шешиў ушын Қарақалпақстан ҳүкимети тәрепинен сол ўақыттағы Қарақалпақстан Халық билимлендириў министри Ж.Базарбаев Москваға жибериледи. Ж.Базарбаевтың жедел ҳәрекети менен 1990-жыл 13-июльда СССР Министрлер кеңесиниң баслығы Н.Б.Рыжков Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын қайта тиклеў ҳаққында қарарға қол қояды. Соң, 1990-жылы 29-августта Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 293-санлы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 14-сентябрьдеги 223/9-санлы қарарлары менен Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қайта тикленди. Бул республикамыз ушын үлкен қуўанышлы ўақыя болды. Нәтийжеде пединститут республикамыздағы басқа жоқары оқыў орынлары менен тең қәдем басып, үлкен илимий педагогикалық дәргайға айланды.
Бул дәргайда бүгинги күни 20 000 ға шамалас жаслар билим алмақта. Оларға мыңға шамалас профессор-оқытыўшылар билим бермекте. Неше мыңлаған жигит-қызлар табыслы тамамлап, республикамызда түрли тараўларда хызмет етип киятыр. Қанша-қанша республикамызға белгили азаматлар жетилисип шықты.
Ж.Базарбаев тек тәлим-тәрбия тараўында емес, сиясий-жәмийетлик ислерде де белсенди болды. Оның қаҳарманлық ислери бүгинги жасларымыз ушын үлги болары анық.
Биз елимиздиң ийгилиги ушын жан-тәни менен хызмет ислеген әдиўли устаз, халқымыздың ардақлы перзенти, академик Ж.Базарбаевтың мийнетлерин ҳеш қашан умытпаўымыз керек. Оның мийнет жолы келешек әўлад ушын үлги болып қалады.
Ҳақыйқатында да пединституттың қайта тиклениўинде академик Ж.Базарбаевтың хызметлери оғада уллы. Академик Жуманазар Базарбаевтың халқымыздың ийгилиги ушын ислеген хызметлер ҳәр бир азамат билиўи ҳәм оны жүрек төринде сақлаўы шәрт.
Устаз Жуманазар ағаның топырағы торқа, жайы жәннетте болғай.
Download 16.89 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling