15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-сүўрет. Мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириўшиликли тәмийинлеў принциплери


Download 0.79 Mb.
bet171/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   167   168   169   170   171   172   173   174   ...   198
Bog'liq
Miynet

2.1-сүўрет. Мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириўшиликли тәмийинлеў принциплери


«Мийнетти шөлкемлестириў» атамасынан айырым кәрханаға қарай қолланғанда оны кең ҳәм тар мәнисте көрсетиў мүмкин. Кең мәнисте мийнет, өндирис ҳәм басқарыўды шөлкемлестириў менен байланыслы мәселелердиң барлығын аңлатады. Бул түсиникти сондай көрсетиў тәрепдарлары кәрханада мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириўге оны бир пүтин деп қарайды. Басқа авторлардың пикиринше, «мийнетти шөлкемлестириў» түсинигиниң мазмунын бундай аңлаў тийисли ҳәдийселердиң социаллық әҳмийети көз қарасынан туўры болса да, кәрханаларда өндирис процесинде жанлы мийнеттиң бар болғанлығы ушын оны толық ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениўди қыйынластырады.
Тар мәнисте мийнетти шөлкемлестириў дегенде жанлы мийнетти шөлкемлестириў, мийнетти бөлистириў ҳәм кооперациялаў, жумыс орынларын шөлкемлестириў, мийнет усыллары, шараятлары ҳәм дем алыс тәртиплерин ақылға муўапықластырыў, мийнетти нормалластырыў, хызметкерлерди таярлаў ҳәм маманлығын асырыў, материаллық хошаметлеў, мийнет интизамын беккемлеў сыяқлы бир қатар әмелий илажлар комплекси түсиниледи.
Буннан сондай жуўмақ шығарыў мүмкин, нәтийжели мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириў (мийнет предмети ҳәм қуралларының бар болыўын талап етеди); мийнет шараятларын шөлкемлестириў (технологиялық ҳәм экологиялық факторларды талап етеди); мийнет қатнасықларын шөлкемлестириў (хызметкерлер ортасындағы қатнасықларды қәлиплестириўди талап етеди); мийнетке ҳақы төлеўди шөлкемлестириў, мийнетти өлшеў, нормалластырыў ҳәмде мийнет жумсалыўын оның сапасына қарай баҳа бериўди талап етеди талап етеди. Бул машқалалардың шешилиўи ғәрезсиз түрде әҳмийетке ийе болыўынан тысқары, мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириўдиң ажыралмас функциясы сыпатында да қаралады.
Өндирис қатнасықларында мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириў мәселеси ең тийкарғы көрсеткишлерден бири. Өндирис қатнасықларында жумысшы күши ҳәм мийнет қураллары, мийнет предметлери ортасындағы өз-ара байланыслылық жүзеге келеди. Өз-ара байланыслылық ҳәм тәсир, мийнет ҳәрекетин қандай жағдайда шөлкемлестирилгенлиги нәтийжеси болып табылады. Мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириў, бир тәрептен оның тийкарларын (ҳуқықый, руўхый-ағартыўшылық, экономикалық, социаллық) жүзеге келиўи, екинши тәрептен болса , мийнет ҳәрекети механизмин қәлиплестирилиўин талап етеди (2.2-сүўретке қараң).

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   167   168   169   170   171   172   173   174   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling