15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм оған хызмет көрсетиў бағдарлары


Download 0.79 Mb.
bet179/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   175   176   177   178   179   180   181   182   ...   198
Bog'liq
Miynet

2.4.Жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм оған хызмет көрсетиў бағдарлары


Мийнет бөлистирилиўи ҳәм кооперациясының ҳәр қандай формаларында орынлаўшылардың нәтийжели, жоқары өнимдарлық пенен ислеўдиң зәрүр шәрти болып, жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм оларға хызмет көрсетиў есапланады. Жумыс орны ҳәр қандай өндирис ҳәм мийнет процессиниң биринши буўыны болып, усы жумыс орнында өндирис процессиниң үш элементи: мийнет предметлери, мийнет қураллары ҳәм жумысшы күши, яғный атқарыўшы хызметкердиң жанлы мийнети бирден-бир болып бирлеседи. Бул шериклик нәтийжесинде болса жаңа тутыныў қунлары, мийнет өнимлери жаратылады. Соның ушын да жумыс орынларын шөлкемлестириўге айрықша итибар берилиўи талап етиледи.
Жумыс орны - бул өндирис мәканының бир бөлими болып, онда барлық тийкарғы ҳәм жәрдемши технологиялық үскенелер, әсбаплар, жумыс мебеллери, арнаўлы қурылмалар жайласқан болып, олар анық түрдеги жумысларды орынлаў ушын мөлшерленген. Жумыс орны ишинде жумыс зонасы ажыратылады, бул үш өлшемли орын болып, оның көлеминде хызметкердиң барлық тийкарғы мийнет ҳәрекетлери әмелге асырылады. Бул зона жумыс орнының ең актив бөлими есапланып, оны шөлкемлестириўге айрықша талаплар қойылады: инсанның антрометрикалық ҳәм биомеханикалық параметрлерине сәйкес келиўи, физиологиялық жақтан ақылға муўапық жумыс жағдайын, дене ағзаларының мийнет предметлерине, әсбап ямаса машиналар ҳәм механизмлерди басқарыўға шекем болған аралық, сондай-ақ мийнет ҳәрекетлериниң қәўипсизлиги ҳәм мийнет шараятларының зыянсызлығына кепиллик бериў ҳәм т.б. Жумыс орны ҳәм жумыс зонасын шөлкемлестириўге қойылатуғын талапларды пәнниң арнаўлы тармағы болған “Эргономика” пәни тәрепинен ислеп шығылады. Бул пәнниң ўазыйпасы - инсанның мийнет процесиндеги функционаллық мүмкиншиликлерин үйрениў ҳәм ең жақсы мийнет шараятларын жаратыў бойынша усыныслар ислеп шығыўдан ибарат. Бул шараятлар әсбап-үскенелер, мийнет шараятлары ҳәм технологиялардың дүзилиси инсан организминиң психофизиологиялық өзгешеликлерине сәйкес келиўин тәмийинлейди.
Барлық жумыс орынлары бир қатар белгилерге қарай классификацияланады. Олар механизация дәрежеси бойынша 5 топарға бөлинеди: қол, машина-қол ҳәм механизацияластырылған, автоматластырылған ҳәм аппаратуралы жумыс орынлары.
Қол жумысында жумыс орынларындағы барлық мийнет процесслери қол менен әмелге асырылып, қол әсбаплары қолланылады, мийнет предметлерин өзлестириўдиң тийкарғы энергия дереги адамның физикалық күши есапланады.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   175   176   177   178   179   180   181   182   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling