15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-тема. МИЙНЕТКЕ ҚАТНАСЫҒЫН БАСҚАРЫЎ


Download 0.79 Mb.
bet19/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   198
Bog'liq
Miynet

16-тема. МИЙНЕТКЕ ҚАТНАСЫҒЫН БАСҚАРЫЎ


16.1. Мийнетке қатнас түсиниги ҳәм оның дүзилиси


Мийнет ҳәрекети процесинде адамлар социаллық қатнасықларға кирисип, бир-бири менен өз-ара бирге ислеседи. Ең әҳмийетли қатнасықлар инсанның инсанға, инсанның мийнетке болған қатнасықлары болып, олар мийнет өзгешелигиниң тийкарғы белгилери есапланады. Егер инсанның өндирис қураллары менен өз-ара ҳәрекетке кирисиўи онда кәсип қәбилетлери ҳәм көнликпелерин қәлиплестирсе, мийнетке ҳәм бир-бирине болған қатнас болса белгили бир социаллық сезимлерди жүзеге келтиреди. Кәсиплик шеберлик ҳәм көнликпелери хызметкерлердиң физикалық мүмкиншиликлери менен биргеликте өндиристиң тийкарғы ҳәрекетлендириўши күшин пайда етеди. Бирақ мийнет ҳәрекетиниң нәтийжеси тек ғана кәсип шеберлиги ҳәм физикалық мүмкиншиликлердиң раўажланыў дәрежесине емес, бәлким инсанның мийнетке болған қатнасына да байланыслы. Бул қатнас унамлы ҳәм унамсыз болыўы мүмкин. Ол өндирис қатнасықлары системасына үлкен тәсир өткериўи мүмкин. Оның әҳмийети жумысшыниң зәрүрли мүтәжликлери ҳәм қәлиплескен мәпдарлығы тәсиринде оның мийнет етиў мүмкиншиликлерин жүзеге шығарыўдан ибарат.
Мийнетке қатнас - бул инсанның өз физикалық ҳәм руўхый күшлерин ең көп дәрежеде сәўлелендириўге, өз билим ҳәм тәжирийбеси, қәбилетинен сан ҳәм сапа нәтийжелерине ерисиў ушын пайдаланыўға умтылыўын көрсетеди. Бул қатнас мийнет қатнасығында, оның себеплерин тийкарлаў ҳәм баҳа бериўде сәўлеленеди.
Мийнетке қатнас - қурамалы социаллық ҳәдийсе болып, үш элемент бирлиги: мийнет қатнасығы себеплери ҳәм бағдарлары; реал ямаса ҳақыйқый мийнет қатнасығы; хызметкерлердиң мийнет ҳәрекетине аўызеки баҳа бериўден ибарат.
Биринши (себеп) элемент хызметкер мийнет ҳәрекетинде тийкарланатуғын (әмел ететуғын) мийнет себеплери ҳәм көрсетпелери менен байланыслы. Олар мийнет қатнасығының ийтермелеўшилери, мийнет ҳәрекетлери ҳәм әмеллерди, биргеликте болса себеплер өзегин пайда етеди.
Екинши элемент хызметкерлердиң мийнет активлигинен ибарат болып, қатнасықтың сондай формалары есапланып, себеби өндирис нормасын орынлаў дәрежеси; орынланып атырған жумыс сапасы; интизамлық; инициативалық; техникалық дөретиўшиликте қатнасыў; көп станоклы хызмет көрсетиў; алдыңғы жумыс усылларыni ийелеў; шийки зат ҳәм материаллар, жанылғы, электр қуўаты ҳәм т.б. тежеп-тергеп жумсаўда сәўлеленеди.
Үшинши (баҳа бериў) элементи хызметкерлердиң субъектив кеширмелеринен ибарат. Ол олардың орынланатуғын жумысы менен байланыслы ишки жағдайды көрсетеди. Ҳәр қандай ҳәрекет мийнет субъектиниң өзине баҳа бериўинше толық емес ҳәм тамамланбаған болады.
Мийнетке қатнасығын қәлиплестириўде себепти тийкарлаў әҳмийетли болып, белгили мийнет қатнасығын шәрт етип қояды. Себепти тийкарлаў хызметкер өзиниң мийнет қатнасығында әмел ететуғын мийнет себеплери ҳәм көрсетпелеринде анықланады. Хызметкер мийнет қатнасығы процесинде мийнетке баҳа береди. Мийнетке баҳа бериў - хызметкердиң ишки жағдайы болып, ол оның мийнет ҳәрекети менен, әтираптағы жағдайдан (мийнет шараяты, оған ҳақы төлеў, мийнетти нормаластырыў ҳәм т.б.) қанаатланыў менен жүзеге келеди. Ол хызметкердиң мийнетке қоятуғын талаплары, оның себеплери ҳәм көрсетпелери ортасындағы муўапықлыққа, мийнет ҳәрекети, белгили бир өндирис шараятына байланыслы болады.
Мийнетке қатнас мақсетин үйрениў - оның қәлиплесиў ҳәм басқарыў механизмин анықлаў. Бул жумыста бир қанша әҳмийетли тәреплер мийнетке қатнасықты қәлиплестириўши факторларды үйрениў, хызметкердиң өндирис көрсеткишлерине тәсир көрсетиўин белгилеў болып табылады. Мийнет процесинде хызметкердиң қатнасығына, оның мийнетке қатнасын қәлиплестириўге көплеген факторлар тәсир көрсетеди. Олар мийнет жумсалыўын көбейтеди ямаса кемейтеди, мийнет адамлардың өз билим ҳәм тәжирийбелеринен, ақылый ҳәм физикалық мүмкиншиликлеринен ақылға муўапық пайдаланыўға шақырады.



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling