15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Мийнет тараўларында қолланатуғын қосымшалар ҳәм үстемелер
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- Биринши топар
- Екинши топар
- Үшинши топар
Мийнет тараўларында қолланатуғын қосымшалар ҳәм үстемелер ямаса қоллаў тараўы шекленген қосымшалар ҳәм үстемелерди өз гезегинде үш топарға ажыратыў мақсетке муўапық.
Биринши топар – хошаметлеўши қосымшаларға төмендегилерди киритиў мүмкин: кәсиплер (лаўазымлар)ды қосып орынлағаны ушын; хызмет көрсетиў зоналарын кеңейтиргенлик ямаса орынланып атырған жумыслар көлемин көбейтиргени ушын; жумысқа келмей атырған жумысшыниң ўазыйпаларын орынлағаны ушын; жумысшыларға кәсиплик шеберлиги ушын; қәнигелерге мийнетте ерискен жоқары көрсеткишлери ҳәм жоқары маманлық дәрежеси ушын; дүнья жүзи жетискенликлерине сәйкес өним көлеми үлкен болыўын тәмийинленгенлик, өнимди экспорт етиўди бир қанша кеңейтиў ҳәмде өндиристиң техникалық дәрежесин асырғаны ушын; тийкарғы жумысынан азат етилмеген жумысшылар, соннан бригада (звено) баслықларына ҳәм т.б. Екинши топар – хошаметлеўши қосымшаларға: орынланып атырған жумыстың айрықша өзгешелиги менен (мәўсимлилиги, узақталығы, жумыс объектиниң анық емеслиги ҳәм усы сыяқлылар менен) байланыслы қосымшалар; график бойынша екшембиге туўры келген жумыс күнлеринде ислегени ушын (тоқымашылық санааты); күнниң кеминде 2 саатлық дем алыслар менен бөлимлерге бөлетуғын график бойынша ислегени ушын; көп сменалы жумыс тәртиби ушын; жеңил автомобиллерде ислейтуғын шофёрларға («такси» автомобиллеринен тысқары) нормаланбаған жумыс күни ушын, сондай-ақ, басқа автомобиллерде экспедициялар ҳәм излеў партияларында ислейтуғынлар, көшип жүриў шараятында геология-излеў, баспахана жумысларында бәнт болғанлар ушын ҳәм усы сыяқлыларды киритиў мүмкин. Үшинши топар – нормал мийнет шараятынан ажыралатуғын шараятлар ушын қосымшаларға: жумысшылар, усталар, участка ҳәм цех баслықлары, басқа қәнигелер ҳәм жумысшылерге аўыр (зыянлы) ҳәм әдеўир аўыр (әдеўир зыянлы) мийнет шараятларында ислегени ушын - олар жумысшылердиң ярымынан көбиреги қолайсыз мийнет шараятлары ушын қосымша ҳақы алатуғын участкаларда, цехларда ҳәм өндирислерде турақлы бәнт болғанларында (жумыс ўақтының кеминде 50%); конвейер, поток ҳәм автомат линиялардағы жумысшыларға мийнеттиң интенсивлиги ушын; шахта ҳәм разрезлердиң механизацияластырылған линияларындағы жоқары өнимдарлы бригадалардың жумысшыларына мийнет интенсивлиги ушын; түнги ўақытта ислегени ушын; метрополитенлердиң тоннеллеринде ҳәм жер асты регионларында тек ғана түнги ўақытта жумыслар орынлағаны ушын; айырым қурылыс объектлеринде ҳәм қыстаўлы жағдайлардың туўылыўы мүмкин болған орынларда асырылған тариф ставкалары ҳәм лаўазым айлықларын қоллаў ҳәм басқалар киреди. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling