4.4-сүўрет. Жумыс пенен бәнтлик формаларының классификациясы
Жалланып ислейтуғынлар - жумыс пенен бәнтлериниң ең көп санлы топары болып, мүлкшиликтиң ҳәр қандай формасындағы кәрхана (шөлкем, мекеме) баслығы ямаса айрықша шахс пенен пул ямаса натура ҳалында ҳақы алатуғын мийнет хызмети шәртлери ҳаққында жазба мийнет шәртнамасы, контракт ямаса аўызеки питим дүзген шахсларды өз ишине алады.
Экономика ҳәм инсанның мүтәжликлерине туўры келиўи дәрежесине қарай ақылға муўапық, нәтийжели өнимдарлы ҳәм ең мақул келген жумыс пенен бәнтлик дәрежелерине ажыратылады.
Ақылға муўапық жумыс пенен бәнтлик бул – агрегацияланған социаллық-экономикалық түсиник. Оның мазмуны бир неше сондай блокты өз ишине алады, олардың мийнет базарындағы бар-жоқлығына қарай жумыс пенен бәнтлик ақылға муўапық екенлиги ямаса ақылға муўапық емеслигин анықлаў мүмкин. Булар, жәмийет, социаллық топар ҳәм айырым шахстың мәплерин есапқа алыў; жәмийеттиң экономикалық жақтан жоқары дәрежеде раўажланыўын тәмийинлеў; жәмийет өндириўши күшлердиң өзгерислерине таярлығы сыяқлылар. Ақылға муўапық жумыс пенен бәнтликти экономикалық актив халық улыўма санында өнимдарлы жумыс пенен бәнтлер үлеси сүўретлейди. Жумыс пенен бәнтликтиң ақылға муўапық жумыс пенен бәнтлик сыяқлы формасының бар болыўын барлық алымлар да тән ала бермейди. Соны да айтыў керек, көпшилик тек ғана толық ҳәм нәтийжели жумыс пенен бәнтликти ажыратады.
Ақылға муўапық жумыс пенен бәнтликти классификациялаў элементи болыўы лазым, соның ушын, жумыс пенен бәнтликти нәтийжели деп бир қатар жыллар өткенинен кейин, узақ келешекте ғана баҳалаў мүмкин, мийнет тараўында ҳәм жумыс пенен бәнтлик барысында болса бундай процесслерди басқарыў ушын болса қысқа ҳәм орта мүддетли келешектеги жумыс пенен бәнтлик жағдайы баҳаланыўы зәрүр. Бунда ақылға муўапық жумыс пенен бәнтликти нәтийжели жумыс пенен бәнтликке қарама-қарсы қоймаў керек.
Ақылға муўапық жумыс пенен бәнтлик - нәтийжели жумыс пенен бәнтликтиң шараяты, оған ерисиўдеги дәреже (избе-излик) есапланады. Ақылға муўапық жумыс пенен бәнтлигисиз нәтийжели жумыс пенен бәнтлик те болмайды.
Do'stlaringiz bilan baham: |