15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Нәтийжели жумыс пенен бәнтлик-
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- Өнимдарлы жумыс пенен бәнтлик
- Ең мақул жумыс пенен бәнтлик
- Қысқаша жуўмақ
Нәтийжели жумыс пенен бәнтлик- социаллық басқарыўдың жәмийет раўажланыўының бул басқышында турмыс тәризиниң критериялары талап ететуғын хызметкерлерди раўажландырыўдың социаллық-экономикалық шараятларды тиклеп барыўға қәдир екенлигин көзде тутады. Жумыс пенен бәнтликтиң нәтийжели түсте болыўы дәрамат келтиретуғын социаллық пайдалы хызмет пенен бәнт болыўды ҳәмде жумыс орынларының экономикалық ҳәм социаллық жақтан мақсетке муўапық болыўын көзде тутады. Нәтийжели жумыс пенен бәнтлик, сондай-ақ, көплеген вариантлар арасынан экономикалық ҳәм социаллық нәтийжелилик критериялары жыйындысы бойынша анықланған ең жақсысын таңлап алыўды да көзде тутады.
Өнимдарлы жумыс пенен бәнтлик- сондай жумыс пенен бәнтликти, ол өндирис нәтийжелилигин асырыў, илим-техника раўажланыўы жетискенликлерин енгизиў, мийнет өнимдарлығын асырыў мақсетлерине жуўап береди, жоқары маманлы, жақсы оқытылған ҳәм ҳәрекетшең хызметкерлер саламат әўладты жетистириў ушын шараятлар жаратады. Халық-аралық Мийнет Шөлкеми (XMШ)ниң тәрийплеўинше, өнимдарлы жумыс пенен бәнтлик - мийнет өнимлери жәмийет тәрепинен қабыл етилип, ҳақы төленетуғын адамлардың жумыс пенен бәнтлиги болып табылады. Ең мақул жумыс пенен бәнтлик- инсанның турақлы жумыс пенен бәнт болыўына мәмлекет тәрепинен кепил болмаған тәғдирде жәмийетте белгили позицияны ийелеўин тәмийинлейтуғын жеке дүзилисте ҳақы төлеў шараятлары тийкарында материаллық ҳәм руўхый байлықлар жаратыў мақсетинде мийнет процесинде қатнасыўы болып табылады. Солай етип, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда мәмлекеттиң узақ мүддетли стратегиясының бар болыўы базар экономикасының мүтәжликлерине жуўап беретуғын жумыс пенен бәнтлик заманагөй парадигмасының енгизилиўи жүз бермекте. Базар экономикасына өтиў шараятларында жумыс пенен бәнтлик ҳәмде оның шөлкемлестириўшилери машқаласы ҳәм теориялық, ҳәм әмелий тәреплерде жаңаша мәнис пайда етти. Мийнет базары жумыс пенен бәнтликти тәртипке салыўда актив орын ийелейди. Мийнет базарында тийкарғы миллий ресурс - жумысшы күши қәлиплеседи ҳәмде кәрханалар, тармақлар ҳәм регионлар бойынша бөлистириледи. Қысқаша жуўмақ Жумыс пенен бәнтлик - пуқаралардың нызам ҳүжжетлерине қарсы келмейтуғын жеке ҳәм социаллық мүтәжликлерди қанаатландырыў менен байланыслы, оларға мийнет ҳақы ямаса мийнет дәраматы келтирилетуғын ҳәрекети болып табылады. Толық жумыс пенен тәмийинлеў - бул кәсипке (қәнигелиги) тийисли мийнет пенен тәмийинлениўи болып, ол шахсқа дәрамат келтиреди ҳәм өзи ҳәмде шаңарағының мүнәсип турмыс кешириўине шараят жаратады. Халықтың жумыс пенен ақылға муўапық тәмийинлениўи жумысшы күшине талап ҳәм усыныс ортасындағы базар теңсалмақлығына ерисиўди билдиреди. Бундай ҳалда жумыссызлықтың жол қойылыўы мүмкин (тәбийий) дәрежеси жүзеге келеди. Еркин таңланған жумыс пенен тәмийинлеў соны көзде тутады, бунда өзиниң мийнет етиўге болған қәбилетине (жумыс күшине) ийелик етиў ҳуқықы тек ғана оның ийесине, яғный хызметкердиң өзине тийисли. Бул принцип ҳәр бир хызметкердиң жумыс таңлаўында туўры жол тутыўын, ҳәр қандай административлик тәризде жумысқа тартыўды қадаған етиўди кепиллейди. Халықты жумыс пенен тәмийинлеўге мәмлекеттиң тәсир көрсетиў түрлери: актив тәсир көрсетиў - мийнет усынысын хошаметлеў, мийнетке болған талапты хошаметлеў, талап ҳәм усынысты муўапықластырыў илажлары (мағлыўмат, мәсләҳәт хызметин көрсетиў, кәсиплик тараўда мәсләҳәтлер бериў, халықтың кем бәсекиге шыдамлы топарлары ушын бәнтлик дәстүрлерин ислеп шығыў ҳәм басқалар), регионларға жәрдем көрсетиў илажлары ҳәм усы сыяқлылар; актив емес тәсир көрсетиў - жумыс пенен бәнт болмаған халыққа социаллық жәрдем көрсетиў. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling