15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-сүўрет. Хызметкерлер ҳәрекетин шөлкемлестириўшилик тәмийинлеў элементлери


Download 0.79 Mb.
bet173/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   169   170   171   172   173   174   175   176   ...   198
Bog'liq
Miynet

2.3-сүўрет. Хызметкерлер ҳәрекетин шөлкемлестириўшилик тәмийинлеў элементлери


3. Мийнетти нормалластырыў. Мийнет нормасын белгилемей турып, хызметкерлер ҳәрекетин шөлкемлестириўшилик жағынан тәмийинлеп болмайды. Мийнетти нормалластырыў хызметкерлер ҳәрекетин шөлкемлестириўшилик жағынан тәмийинлеўдиң түрли вариантларын баҳалаў қуралы болып хызмет етеди. Ҳәр қандай шөлкемлестириўшилик өзгериўи жумыс ўақты жумсалыўына белгили дәрежеде тәсир етиўи себепли мийнетти нормалластырыў бул өзгерислерди муғдар (сан) жағынан баҳалап, ең оптимал вариантын таңлаў мүмкиншилигин береди.
4. Жумыс орынларын шөлкемлестириў. Мийнет процесси белгили ўақытта әмелге асырылады. Жумыс орны мийнетти қоллаў объекти болады. Жумыс орны өндирис процессиниң бирлемши буўыны ҳәм шөлкемлестириўшилик-техникалық негизи. Бунда бул процесстиң үш тийкарғы элементиниң бирлесиўи жүз береди ҳәм оның бас мақсети – мийнет буйымының материаллық жақтан өзгертирилиўине ерисиледи. Сол себепли өндирис тапсырмаларын өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў ушын ҳәр бир жумыс орны анық жумыстың тәбиятына қарай белгили тәризде шөлкемлестирилген болыўы керек.
5. Мийнет шараятлары. Мийнет шараятларын жаратыў хызметкерлер ҳәрекетин руўхый ҳәм материаллық жақтан тәмийинлеўдиң ажыралмас бөлими. Мийнет шараятлары инсанның саламатлығы ҳәм жумыс қәбилетине үлкен тәсир көрсететуғын әҳмийетли фактор есапланады. Мийнет шараятларын жақсылаў, жумыстың қызығарлылығын асырып, мийнетке дөретиўшилик қатнаста болыўына жәрдемлесип, үлкен социаллық ўазыйпаны да орынлайды.
6. Мийнет ҳәм дем алыс тәртиплери. Бир қатар авторлар мийнет ҳәм дем алыс тәртиплерин жетилистириў мәселелерин мийнет шараятларының ақылға муўапық бирден-бир машқаласы көлеминде көрип шығады. Биз бундай көз-қарасқа наразылық қылмаймыз, бирақ бул мәселелер белгили өзгешеликлерге ийе екенлиги ҳәм салыстырмалы ғәрезсизлиги себепли оларды хызметкерлердиң ҳәрекетин шөлкемлестириўшилик жағынан тәмийинлеўдиң айрықша элементи деп қараў мақсетке муўапық.
7. Хызметкерлерди таңлаў, таярлаў ҳәм маманлығын асырыў. Шөлкемлестириўшилик ўазыйпаларды шешиўде хызметкерлерди таярлаў ҳәм олардың активлик дәрежесин асырыў үлкен әҳмийетке ийе. Базар қатнасықларын раўажландырыў хызметкерлерди таярлаў ҳәм маманлығын асырыўға жантасыўды түптен өзгертеди. Жаңа шараятларда хызметкерлер менен ислеў тараўында жағдайға масласыў зәрүр, яғный кәсиплик структура өндиристиң техникалық негизи өзгерип барыўына муўапық өзгериўшең болыўы лазым.
8. Мийнетти хошаметлеў. Мийнетти материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў системасын жаратыў мийнет ҳақы, лаўазым айлығы түрлери ҳәм системаларынан пайдаланыў, сыйлықлаў системаларын ислеп шығыў сыяқлылар нәзерде тутылады. Мийнетти хошаметлеўди шөлкемлестириў мийнет ҳәрекетинде жоқары көрсеткишлерге ерисиў мақсетинде жумыс ўақтынын ақылға муўапық пайдаланыў, алдыңғы жумыс усылларын өзлестириў, жумыс орынларын жақсырақ шөлкемлестириў, жумыста зәрүрли анықлық ҳәм шөлкемлескенлигин тәмийинлеўге қаратылыўы лазым.
9. Социаллық-мийнет қатнасықлары. Ҳәзирги ўақытта «социаллық-мийнет қатнасықлары» атамасы илимий тутыныўға кирип қалды ҳәм актив түрде ислетилмекте. Ол аталып атырған реаллықларды структуралық элемент сыпатында хызметкерлердиң мийнет ҳәрекетин шөлкемлестириўшилик жағынан тәмийинлеўге киритиў орынлы.
10. Мийнет тәртип-интизамы. Кәрхана хызметкерлериниң улыўма мийнет нәтийжелери ҳәр бир хызметкердиң жеке мийнет нәтийжелерине байланыслы. Усы себепли олардың биргеликте хызмет алып барыўы ушын белгили тәртипти сақлап барыў, жумыстың басланыўы ҳәм тамамланыўы, дем алыў ҳәм басқаларына әмел етиўи лазым. Буннан тысқары мийнет итизамын сақлап барыўдың анық механизми де әҳмийетли есапланады.


Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   169   170   171   172   173   174   175   176   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling