15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Мийнетке қатнасықты характерлеўши факторлар


Download 0.79 Mb.
bet20/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   198
Bog'liq
Miynet

11.2. Мийнетке қатнасықты характерлеўши факторлар


Мийнетке қатнасықлар характери мийнет (объект) тәрепинен де, жумысшы (субъект) тәрепинен де социаллық өндирис системасында тиккелей қатнасыў, оны аңлап жетиў, түсиниў, социаллық өндиристе өзиниң мийнетке қатнасын (үлесин) баҳалаў тәризинде берилиўи мүмкин. Соның ушын да мийнетке қатнасты қәлиплестириўши барлық факторларды объектив шәрт-шараятларға ҳәм субъекттен ғәрезсиз болған, өндирис ҳәм өндирислик емес орталықтың өзине сәйкес өзгешеликлери менен байланыслы болған объектив шәрт-шараятларға, сондай-ақ, сыртқы шәрт-шараятлардың инсан ой-сезиминде сәўлелениўи, оның айрықша өзгешеликлери менен байланыслы субъектив шәрт-шараятлар ҳәм жағдайларға бөлиў мүмкин.
Объектив факторлар еки түрли: улыўма ҳәм өзине сәйкес көринисте болады. Улыўма факторларға мийнет ҳәрекетиниң социаллық-экономикалық ҳәм басқа социаллық шәрт-шараятлары киреди. Мәселен, мүлкшиликтиң жеке формасы инсанның мийнетти сүйгишлигине тәсир көрсетеди, ол ишки факторлар ҳәрекети сыпатында сәўлеленип, жеке ҳәм социаллық мәплер ақылға муўапық бирге уйғынласып кетеди. Өзине сәйкес факторлар - булар белгили бир мийнет ҳәрекетиниң жағдайлары ҳәм шәрт-шараятлары: мийнет мазмуны, оның өнимдарлық шәртлери, шөлкемлестириў ҳәм ҳақы төлеў, жәмәәттиң социаллық-психологиялық шараяты, шаңарақ ҳәм мектеп тәрбиясы, массалық хабар қураллары, ҳәрекеттиң ғәрезсизлиги ҳәм басқарыўда қатнасыў дәрежеси.
Мийнеттиң объектив характерлери инсанға қарағанда сыртқы характери есапланса да, оған тәсир көрсетеди ҳәм ол тәрепинен баҳа бериледи. Объектив факторлар хошаметлеўши, мийнет ҳәрекетине қарағанда сыртқы қозғатыўшылар есапланады; субъектив факторлар болса белгили бир шахстың мийнет ҳәрекети себеплери, сыртқы қозғатыўшылар сыпатында жүзеге шығады.
Әлбетте, сыртқы социаллық тәсир көрсетиў бирлемши есапланса да, инсанның ишки әлеми арқалы өткеннен кейин (турмыс идеаллары, умтылыўлар, мийнет ҳәрекети себеплери, психологиялық кейпият ҳәм усы сыяқлылар) тәсиршең күшке айланады. Бул болса не себептен бир мийнет шөлкеминдеги, бир мийнет бөлинбесиндеги адамлар мийнетке түрли қатнасықта болыўын билип алыўға жәрдем береди: биреўлери инициатива менен, жоқары өнимли мийнет етип, пүткил күш ҳәм қәбилетлерин толық жумысқа салады, басқалар болса итибарсызлық пенен ислеп, жумыс ўақтының бир бөлимин бийкарға жумсайды, өндирис талапларына әмел етпей, мийнет интизамын бузады. Соның ушын да инсанның мийнетке қатнасын қәлиплестириўге субъектив факторлар: дәслепки тәжирийбе, улыўма ҳәм кәсип мәденияты, инсанның психологиялық, демографиялық, социаллық шәрт болған өзгешеликлери: жынысы, жасы, мағлыўматы, жумыс стажы, қәбилетлери, өз мийнет ҳәрекетиниң әҳмийетли екенлигин аңлап жетиў дәрежеси, оған болған мүтәжлиги ҳәм әсиресе қәдриятлы бағдарлары тәсир көрсетеди.



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling