Әпиўайы ўақытпай система хызметкердиң мийнет ҳақысын оның тариф ставкасына ямаса ҳақыйқатта ислеген ўақтына қарай белгилейди. Соған муўапық түрде тариф ставкалары: саатпай, күнбай ҳәм айлық ставкалар енгизиледи.
Саатпай ҳәм күнбай тариф ставкаларын eнгизиўде хызметкердиң мийнет ҳақы муғдары төмендеги формула менен белгиленеди:
IўSt · Th (8.1),
бунда:
Iў – ўақытпай ҳақы төленетуғын хызметкердиң мийнет ҳақы (сўм);
St – хызметкердиң ўақыт бирлигиндеги тариф ставкасы (сўм);
Th – хызметкердиң ҳақыйқатта ислеген ўақты (күн ямаса саатларда).
Айлық тариф ставкасын eнгизгенде хызметкердиң мийнет ҳақы төмендеги формула бойынша анықланады:
(8.2),
бунда:
St – айлық тариф ставкасы;
Th - бир ай ишиндеги ҳаққйқатта исленген күнлер муғдары;
Thp – бир ай ишиндеги есапланған жумыс күнлери саны (календар фондынан дем алыў ҳәм байрам күнлери алынып тасланады).
Әпиўайы ўақытпай ҳақы төлеўде исленген ўақыт муғдары менен мийнет ҳақы ортасында сәйкес түрде байланыслылық бар. Әпиўайы ўақытпай мийнет ҳақы төлеўдиң басқаша байланыс формалары жоқ.
Мийнетке әпиўайы жумыспай ҳақы төлеў – жумысшыниң мийнет ҳақы жумыспай баҳаға байланыслы болып, ол таярланған өним бирлиги (исленген жумыс), сондай-ақ белгили бир дәўир аралығында ислеп шығарылған өним (исленген жумыс) муғдарына байланыслы. Мийнет ҳақы муғдары төмендеги формула менен анықланады:
IжумыспайR · n (8.3),
бунда:
Iжумыспай – мийнетке жумыспай ҳақы төленетуғын хызметкердиң мийнет ҳақы (сўм);
R – өним (исленген жумыс) бирлиги ушын белгиленген мийнет ҳақы (сўм);
Do'stlaringiz bilan baham: |