15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
n – таярланған өним (исленген жумыс)ниң муғдары (сўм); 14.6– сүўрет. Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай системасы
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- ( 8.5), бунда: n – хызмет көрсетиў нормасы менен белгиленген станоклар саны. Мийнетке ҳақы төлеўдиң жәмәәтлик (бригада) жумыспай системасында
n – таярланған өним (исленген жумыс)ниң муғдары (сўм);
14.6– сүўрет. Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай системасы Әмелде мийнетке жумыспай ҳақы төлеўдиң төмендеги системалары: жеке тәртиптеги, жәмәәтлик (бригада), бирдей ҳақы төлеў, туўрыдан-туўры, жумыспай-прогрессив ҳәм жумыспай-регрессив системалары қолланылады. Мийнетке ҳақы төлеўдиң жеке тәртиптеги жумыспай системасында исленген жумыстың (буйым, деталь, операция) ҳәр бир бирлиги ушын турақлы жумыспай баҳа белгиленеди. Ол төмендеги формулалардан бири бойынша анықланады: ямаса R Str · Nwt (8.4) , бунда: R – жумыспай баҳа (сўм, тийин); Str – орынланып атырған жумыс разрядына туўры келетуғын тариф ставкасы (сўм, тийин); No’ – өним ислеп шығарыў нормасы; Nwt – ўақыт нормасы. Жумыспай баҳаларды анықлаўда тариф ставкалары ушын алынатуғын ўақыт бирлиги нормалар белгиленетуғын ўақыт бирлигине сәйкес келиўине (саат, смена) әмел етиўи зәрүр. Көп станоклы хызмет көрсетиў шараятында жеке тәртиптеги жумыспай ҳақы төлеўди шөлкемлестириўдиң өзине сәйкеслиги менен ажыралып турады. Егер жумыспай жумысшы ўақыт нормалары бойынша бир неше станокта ислесе, белгиленген хызмет көрсетиў нормасы усы шеңберде болғанда, жумыспай баҳалар төмендеги формула бойынша анықланады: ( 8.5), бунда: n – хызмет көрсетиў нормасы менен белгиленген станоклар саны. Мийнетке ҳақы төлеўдиң жәмәәтлик (бригада) жумыспай системасында жумысшылердиң мийнет ҳақысы өндирис бригадасы орынлаған жумыс көлеми (өним муғдары)не муўапық есаплап шығылады. Жумыспай ҳақы төлеўдиң бул түри бир қанша нәтийжели есапланады, себеби жумысшылар топары өндирис тапсырмаларын орынлаў ушын бир ўақытта күш-ғайраты зәрүр болады, яғный бригада ағзалары ортасында турақлы түрде өндирис байланысы орнатылады, оның бузылыўы болса мийнет нәтийжелерине унамсыз тәсир көрсетеди. Бул системаниң енгизилиў тараўы өндиристи комплекс механизациялаўды әмелге асырыўға қарай кеңейтирилип барылады. Ол айрықша исленген көплеген операцияларды бирге қосып орынлаў мүмкиншилигин береди. Жәмәәтлик жумыспай ҳақы төлеў усылы комплекс бригадаларында кең енгизиледи, оларда кәсиплерди бирге қосып орынлаў ҳәм жумысшылердиң бир-бири орнында ислеўи раўажланған болады (қурылыс бригадалары көмир ҳәм кән-минерал санаатындағы тазалаў забойларында, тоғай ағашы таярлаўда). Ол бригада болып хызмет көрсетиўде, ири агрегатларды аппарат ҳәм механизмлерди бақлаў ҳәм қадағалаўда мақсетке муўапық. Мийнетке ҳақы төлеўдиң бул системасында жумысшылердиң мийнет ҳақыны есаплаў пүткил бригада ушын мөлшерленген улыўма жәмәәтлик баҳаларды енгизген ҳалда әмелге асырылады (бунда бригада ишинде қатаң, турақлы мийнет бөлистирилиўи болмайды) ямаса жеке тәртиптеги жумыспай баҳаларды енгизген ҳалда әмелге асырылады (бунда бригадада жумысшылердиң мийнети қатаң бөлистирилген болады). Биринши ҳалда бригада тәрепинен исленген жумыс көлеми, ислеп шығарылған өним бирлиги ушын улыўма жәмәәтлик баҳа тийкарында улыўма бригаданың мийнет ҳақы белгиленеди, кейин болса бул мийнет ҳақы оның ағзалары ортасында бөлистириледи. Екинши ҳалда ҳәр бир жумысшыниң мийнетине ол орынлаған белгили бир жумыс түрине қарай белгиленетуғын баҳалар бойынша ҳақы төленеди. Бунда ислеп шығарылған өнимди есапқа алыў улыўма бригада ислеп шығарған өним муғдарына қарай алып барылады. Улыўма жәмәәтлик баҳаларын анықлаўдың еки варианты бар болыўы мүмкин. Биринши вариантта бригада ағзаларының күнделикли тариф ставкалары суммасы бригаданың сменада ислеп шығарған өними нормасына бөлинеди: (8.6), бунда: Rj – жәмәәтлик жумыспай баҳасы (сўм, тийин); No’ br – бригаданың өним ислеп шығарыў нормасы; Str – жумысшыниң тариф ставкасы (сўм, тийин); n – бригада жумысшылары саны. Мийнет ҳақыны есаплаўдың екинши варианты орынланатуғын жумыстың мийнет талап етиўшеңлилик калькуляциясына тийкарланған. Жәмәәтлик жумыспай баҳасы бундай ҳалда бригада орынлаған жумыслар комплексине киретуғын айрықша жумыс түрлериниң операциялар бойынша баҳалары суммасынан ибарат. Бригаданың улыўма мийнет ҳақы таярланған өним муғдары (исленген жумыс бирлиги) ушын улыўма жәмәәтлик баҳасы туўындысы сыпатында анықланады, кейин болса ҳәр бир жумысшыниң разряды ҳәм есабат дәўиринде ол қәлеген ҳақыйқый ўақытты есапқа алған ҳалда бригада ағзалары ортасында бөлистириледи. Бригада мийнет ҳақының тарқалған бөлистириў усылларынан бири қосымша ҳақы коэффициенти жәрдеминде бөлистириў болып табылады. Бундай ҳалда ҳәр бир жумысшыниң мийнет ҳақыны есаплаў усылы төмендегилерден ибарат болады: а)ҳақыйқатта ислеген ўақыт ушын пүткил бригада мийнет ҳақының тариф ставкасы суммасы анықланады; b)қосымша ҳақы коэффициенти анықланады, оның ушын жәмәәтлик баҳалары бойынша бригаданың ҳақыйқатта алған мийнет ҳақы тариф ставкасы бойынша мийнет ҳақы суммасына бөлинеди; v)ҳәр бир жумысшыниң ҳақыйқый мийнет ҳақы есаплап шығылады: оның исленген ўақыт ушын тариф бойынша мийнет ҳақы қосымша ҳақы коэффициентине көбейтириледи. Жәмәәтлик мийнет ҳақыны бөлистириў усылы да қарап шығылған усылған жақын, бул усыл менен II разрядқа тийисли келтирилген жумыс саатлары саны ҳәм жумыстың бир саатына II разряд бойынша ҳақыйқатта төленетуғын ҳақы есаплап шығылады. Бул усыл бойынша мийнет ҳақыны бөлистириў ушын дәслеп бригаданың ҳәр бир ағзасы ислеген саатлар ҳәм улыўма бригада ислеген саатлар саны анықланады. Оның ушын ҳәр бир жумысшы ислеген саатлар саны оның разрядына туўры келетуғын тариф коэффициентине көбейтириледи. Алынған нәтийжелер жәмленеди. Кейин бригаданың ҳақыйқатта ислеген мийнет ҳақы суммасы бригаданың 1 разряд бойынша келтирилген жумыс саатлары муғдарына бөлиў менен келтирип өтилген саат жумысқа туўры келетуғын ҳақыйқый мийнет ҳақы муғдары анықланады. Нәтийжеде, бир саатқа төленген ҳақыйқый ҳақы муғдарын ҳәр бир жумысшыниң 1 разряд бойынша ислеген саатлары санына көбейтиў жолы менен олардың ҳақыйқый мийнет ҳақы анықланады. Жәмәәтлик мийнет ҳақыны бригада ағзалары ортасында бөлистириўде жүзеге келетуғын тийкарғы машқала ҳәр бир жумысшыниң бригада жумысының улыўма нәтийжесине жеке үлесин жәнеде толық есапқа алыўдан ибарат. Бригада мийнет ҳақыны бөлистириўдиң қарап шығылған усылларын ҳәр бир жумысшы өзиниң маманлығына туўры келетуғын қурамалылықтағы жумысты орынлағанда ҳәм бригаданың ҳәр бир ағзасының мийнет өнимдарлығы дәрежеси шама менен бирдей болған жағдайда ғана есапқа алыўы мүмкин. Бирақ әмелде ҳәмийше усындай бола бермейди. Жумысшылердиң улыўма бригада жумысы нәтийжесине қосқан айрықша үлеси көбинесе бир-биринен ажыралып турады. Жумысшылердиң исленген ўақытлары ҳәм разрядлары бирдей болған жағдайда ғана, мийнет ҳақы да бирдей болады. Бул жағдай бригада мийнет ҳақыны бөлистириўдиң әдеттеги усылларына дүзетиўлер киритиў зәрүрлигин келтирип шығарады. Дүзетиўлер киритиў усылларынан бири жумыспай қосымша ҳақыны ҳәм бригаданың жәмәәтлик премиясын қатнасыў коэффициентлери жәрдеминде бөлистириў болып, олар бригаданың айырым ағзалары улыўма тапсырмасын орынлаўда қандай қатнасқанлығы дәрежесин көрсетеди. Қатнасыў коэффициентлери бригаданың өзи тәрепинен айлық жумыс жуўмағын шығарыў ўақтында есаплап шығыў тәртибинде белгиленеди, бундай есаплаў мийнетке ҳақы төлеў ҳаққындағы Нызамда белгиленген болып, ол хызметкерлер менен жумыс бериўши ортасында келисип алынған болады. Қатнасыўдың орташа коэффициенти бир деп қабыл етиледи. Оның пәсейиўи әдетте мийнетке итибарсыз қараў, бригада баслығының тапсырмасын орынламаў, мийнет өнимдарлығының төменлиги, мийнет ҳәм технология интизамын бузыў, қәўипсизлик техникасы қағыйдаларына әмел етпеў ҳәм басқа себеплер менен байланыслы. Қатнасыў коэффициентин асырыў төмендеги жағдайларда: жумысшы бригаданың басқа ағзаларына қарағанда мийнет өнимдарлығында бир қанша жоқары нәтийжеге ерискенде; бир-бирине жақын кәсиплерди (операцияларды) өзлестирип алғанда; өндирис тапсырмаларын орынлаўда инициатива көрсеткенде; жумыстың сапасы бригаданың басқа ағзаларына қарағанда жоқары болғанда қолланылады. Әмелде қатнасыў коэффициентлери бригадаларда белгиленеди ҳәм көбинесе 0,8-1,5 әтирапында болады. Исленген ўақыт ушын тариф мийнет ҳақы әдетте кепилленген болады, қосымша ҳақы муғдары болса, қатнасыў коэффициентине сәйкес түрде сондай анықлаў керек, белгиленген барлық қатнасыў коэффициентлериниң суммасы бригада ағзалары санына тең болыўы зәрүр. Кери жағдайда бөлистирилген мийнет ҳақының муғдары жазылған мийнет ҳақы муғдарына тең болмаўы мүмкин. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling