15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
-кесте Мийнетти қорғаў тараўында қорғаў менен тәмийинлеўдиң экономикалық-ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик механизми
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
15.3-кесте
Мийнетти қорғаў тараўында қорғаў менен тәмийинлеўдиң экономикалық-ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик механизми
Жумысшылерди социаллық қорғаўдың еки, яғный социаллық-экономикалық ҳәм материаллық механизми бар. Жумысшылерди социаллық қорғаўдың социаллық-экономикалық механизминиң дүзилиси төмендегилерден ибарат: Социаллық-мийнет кепилликлери: – жумыс ўақты даўамлылығын тәртипке салыўды тәмийинлеўши: мийнет ҳәм дем алыў тәртиплери, мийнет жасы шегаралары, пенсия тәмийнаты ҳуқықына ийе болыў ушын мийнет стажыниң ең аз муғдары, жумысқа қабыл етиўдиң ең киши жас дәўири. Социаллық-мийнет системасы кепилликлериниң өндиристеги тийкарғы көз-қарас сыпатында Халық аралық Мийнет Шөлкеминиң конвенция ҳәм усыныслары алынады; – материаллық жақтан тәмийинлеўши кепилленген ең кем мийнет ҳақы муғдары, мийнетке ҳақы төлеўдиң тәрийп сеткалары, шөлкем есабынан дем алыслар, мийнет жарамлылығын жоғалтыўы менен байланыслы ҳалда ең аз муғдардағы жәрдем пулы ҳәм напақалар; – мийнет жүклемелери муғдары – физикалық жүклеме, мийнет интенсивлиги ҳәм бирдейлиги, жумыс тезлиги, мийнетти нормалаў; – кәсиплик-тәлим ҳәм мағлыўмат тәмийнаты – жумысшылердиң кәсиплик таярланыў системасының болыўы, әсиресе кәсип қәтери жоқары болған өндиристе ҳәм кәсиплерде. Медициналық кепилликлер: – дәслепки ҳәм дәўирли медициналық көриклер өткериў, биринши медициналық жәрдемди шөлкемлестириў; – өндиристе жарақатланғанларды емлеў, мийнет жарамлылығын жоғалтқанын (соннан, өндиристе жарақатланыў ҳәм кәсип кеселлиги себепли) анықлаў системасы. Компенсация-реабилацион кепилликлер: – өндиристе мийнет жарамлылығын жоғалтқаны ушын материаллық тәмийинлеў (компенсациялаў); – өндиристе жарақатланғанлардың медициналық, социаллық ҳәм кәсиплик реабилитациясы; – ден-саўлыққа кәсип қәтери жоқары болған өндиристе жеңиллик ҳәм компенсациялар төлеў (қосымша дем алыс, қысқартылған жумыс күни, мүддетинен алдын берилетуғын пенсия). Шөлкемлестириўшилик кепилликлер: – жумыс орынларында мийнетти қорғаў жағдайларын экспертизадан өткериў; – өндиристеги бахытсыз ҳәдийселер тексериўин шөлкемлестириў. Социаллық қорғаўдың бул механизмлери топарын төмендегише классификациялаў мүмкин: – социаллық қорғаўдың техникалық механизмлери – өндирис фондларының механизация ҳәм автоматластырылыў дәрежеси, мийнеттиң жамғарма ҳәм энергия менен тәмийинленгенлиги, тийкарғы өндирис бөлинбелериниң жағдайы (олардың физикалық ҳәм руўхый ескиргенлиги көз-қарасынан), мийнет гигиенасы ҳәм қәўипсизлик техникасы талапларына мийнет қураллары ҳәм жумыс орнының жуўап бериў дәрежеси; жумысшылерди индивидуал ҳәм жәмәәтлик түрде қорғаў қуралларының болыўы ҳәм қәўипсизлик техникасына жуўап бериўи; – социаллық-хожалық инфраструктура: санитар-хожалық инфраструктураның (душ, кийиниў ханасы, аўқатланыў орны) болыўы ҳәм санитария талапларына жуўап бериўи. Соны да айтып өтиў керек, элементлердиң еки үлкен топарға (социаллық-экономикалық ҳәм материаллық) бөлиниўи олардың дүзилиси ҳәм өз-ара байланысы ҳаққында түсиникти пайда етеди. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling