2022-жыл 10-октябрь Нөкис қаласы


Download 32.37 Kb.
Pdf ko'rish
bet1/2
Sana04.04.2023
Hajmi32.37 Kb.
#1325058
  1   2
Bog'liq
0a5af29c-dacb-4058-a25f-ef464d050df5



ҚАРАР
2022-жыл 10-октябрь
Нөкис қаласы
Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық суды, усы судтың суд
мәжилислери залында, ашық суд мәжилисинде, усы судтың судьясы
И.Калниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси Д.Юсупованың
хаткерлигинде, ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған А.Козиевтың
қатнасында, жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының суд мәжилиси
залында, ашық суд мәжилисинде,
Нөкис қаласы ҳәкимшилик судының 2021-жыл 22-ноябрь күнги
қарарына тийкар Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 131-статьясы 1-бөлими
менен
ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған
Козиев Акбар
Сапарбаевичтиң ҳәкимшилик иси бойынша тайынланған жазадан
мүддетинен бурын азат етиўди сораған Агроинспекция ҚР бөлими
баслығының илтимаснамасын көрип шығып,
1989-жыл 19-январь күни Елликқала районында туўылған, миллети
өзбек, Өзбекстан пуқарасы, мағлыўматы жоқары, Ўз Агроинспекция ҚР
басқармасында қәнийге болып жумыс ислейди, шаӊарақлы, 2 перзенти
бар, алдын ҳəкимшилик жуўапкершиликке тартылмаған, Нөкис қаласы
С.Камалов көшеси, 20-жай, 30-ханада жасаўшы Козиев Акбар
Сапарбаевичтиң қарсысына
қарсысына топланған 3-2301-2203/4088-санлы ҳәкимшилик исин көрип
шығып төмендегилерди,
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Ҳуқықбузар Козиев Акбар Сапарбаевич 2021-жыл 5-ноябрь күни саат
21:15 лерде Нөкис қаласы Т.Ещанов көшесинде пуқара Э.Матназаровқа
тийисли «Кобальт» маркалы мәмлекетлик белгиси 95P278JA болған
автомашинасын, Өзбекстан Республикасы «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның
12-бәнтинде «Айдаўшыға төмендегилер жол қойылмайды: транспорт
қуралын мәслик ҳалатында (алкоголь, наркотик затлар пайдаланған ҳ.т.б),
сезгирлик ҳәм итибарды пәсейтетуғын дәрилер тәсиринде, жол ҳәрекет
қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын дәрежедеги шаршаў ҳәм бийтап
ҳалатында басқарыў» деп көрсетилген талапларын турпайы түрде бузып,
спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында басқарып киятырғанында ЖҲҚБ
хызметкерлери тәрепинен иркилип, оның мәслик жағдайында екенин
тастыйықлаўшы Нөкис қаласы Наркологиялық диспансериниң 2021-жыл
5-ноябрь күнги 1827-санлы медициналық баяннамасы алынған ҳәм
баяннамада А.Козиев тәрепинен шығарылған ҳаўадағы этанол пуўлары
концентрациясы 0,159 миллиграмм екени көрсетилген.
Бул ис-ҳәрекетлери менен А.Козиев Өзбекстан Республикасы
Ҳужжат имзоланган: Калниязов Иномжон Каримбаевич, 22.11.2021
3-2301-2103/4088


ҲЖҳКниң 131-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген ҳуқықбузарлықты сәдир
еткен.
Нөкис қаласы жынаят ислери бойынша судыныӊ 2021-жыл
22-ноябрь күнги қарары менен ҳуқықбузар А.Козиевқа Өзбекстан
Республикасы ҲЖҳКниң 131-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған
хуқықбузарлықты ислегенликте айыплы деп тауып оған ҲЖҳКниң
131-статьясы 1-бөлими менен 1 (бир) жыл 6 (алты) ай мүддетке барлық
түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырып, базалық
есаплаў муғдарының 25 (жигирма бес) есеси, яғный 6.750.000 сўм жәрийма
жазасы тайынланған.
Агроинспекция ҚР бөлими баслығы тәрепинен ЖИБ Нөкис қаласы
судына илтимаснама келтирилип, илтимаснамасында пуқара А.Козиевқа
Нөкис қаласы жынаят ислери бойынша судының қарары менен Өзбекстан
Республикасы
ҲЖҳКниң 131-статьясы 1-бөлими менен
1 (бир) жыл 6 ай мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын
басқарыў ҳуқықынан айырып, базалық есаплаў муғдарының 25 (жигирма бес)
есеси, яғный 6.750.000 сўм жәрийма жазасы тайынланғанын.
Автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырыў жазасының
ярымынан көбирегин өтегенин, жəрийма жазасын төлегенин, ҳәзирги ўақытта
Агроинспекция ҚР бөлими да ислейтуғынын, жумыс барысында қала ҳəм
районларға барыўы ушын автомашина басқарыўға зəрүрлиги болып
атырғанлығын, сонлықтан оның өтелмеген жазасынан мүддетинен бурын азат
етиў соралған.
Суд мәжилисинде А.Козиев Нөкис қаласы жынаят ислери бойынша
судыныӊ 2021-жыл 22-ноябрь күнги қарары менен өзине Өзбекстан
Республикасы ҲЖҳКниң 
ҲЖҳКниң 131-статьясы 1-бөлими менен 
1 (бир) жыл 6
(алты) ай мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў
ҳуқықынан айырып, базалық есаплаў муғдарының 25 (жигирма бес) есеси,
яғный 6.750.000 сўм жәрийма жазасы тайынғанын, суд тәрепинен
тайынланған автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырыў
жазасының ярымынан көбирегин өтегенин, жəрийма жазасын толық
төлегенин, ҳәзирги ўақытта Агроинспекция ҚР бөлиминде ислейтуғынын,
жумыс барысында қала ҳəм районларға барыўы ушын автомашина
басқарыўға зəрүрлиги болып атырғанын, ислеген исинен тийисли жуўмақ
шығарғанын, жоқарыдағыларды итибарға алып, автотранспорт қуралларын
басқарыў ҳуқықынан айырылған жазасыныӊ өтелмей қалған мүддетин
қысқартып бериўди сорады.
Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 343-статьясында белгили мүддетке
транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан яки аў қылыў ҳуқықынан
айырылған шахс, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болыўы ҳәм үлгили минез-
қулқы менен ѳзин көрсеткен тәғдирде, оған жаза қолланған ҳәкимшилик суд
усындай ҳуқықтан айырыў мүддетиниӊ белгиленген мүддетиниӊ кеминде
ярымы ѳткеннен соӊ ҳәм суд тәрепинен тайынланған жәрийма тѳленгеннен
соӊ, кәрхана, мекеме, шөлкем ҳәкимшилигиниӊ илтимаснамасы менен
қысқартыртылыўы мүмкинлиги нәзерде тутылған.
Ҳужжат имзоланган: Калниязов Иномжон Каримбаевич, 22.11.2021
3-2301-2103/4088


Суд жоқарыдағыларға тийкар, Агроинспекция ҚР бөлими баслығы
тәрепинен киритилген илтимаснаманы ис ҳүжжетлери менен бирге үйренип
шығып, А.Козиевтың мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғанын, бир жыл
даўамында ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмағанын, жумыс орнынан
унамлы минезлеме ийе екенлигин, қылған қылмысынан шын кеўилден
пушайман екенлигин, тайынланған автотранспорт қуралларын басқарыў
ҳуқықынан айырыў жаза мүддетиниң ярымынан асламын өтегенин, суд
тəрепинен тайынланған жəрийма жазасын толық төлегенин, Суд
жоқарыдағыларға тийкар, Агроинспекция ҚР бөлиминде ислейтуғынын, усы
жумысы арқалы хожалығын бағып киятырғанын, жумыс барысында қала ҳəм
районларға барыўы ушын автомашина басқарыўға зəрүрлиги болып
атырғанын итибарға алып, илтимаснаманы қанаатландырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниӊ
343-статьясын басшылыққа алып, суд

Download 32.37 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling