Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Юнусова


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet112/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   108   109   110   111   112   113   114   115   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

228
www.ziyouz.com kutubxonasi


Юнусова
Қурбанбийке
1959
Курбанбийке Юнусова—журналист ҳәм жазыўшы.
К. Юнусова 1959-жылы 6-апрельде Төрткүл районында ту- 
ўылған. 1975-жылы райондағы 16-санлы мектспти питксрип, 1976- 
1982-жыллар арааығында Ташкент мәмлекетликуниверситети- 
нин. журналистика факультетинде окыды.
Мийнетжсшын район газетасында корректор болыўдан бас- 
лады. 1982- 1996-жыллар аралығында район газетасында хабар- 
шы, жуўаплы хаткер, бөлим баслығы, Төрткүл районы ҳәкими- 
ятында бас кәниге болып иследи. 2006-2008»жылларда “Түркис- 
тон” газетасынын Кдракалпақстан Республикасы бойыншаха- 
баршысы хызметлеринде иследи. Ҳәзирги ўакытта районлык 
“Маьнавият тарғиботи” бөлими баслығы болып ислеп атыр.
Онын шығармалары “Төрткүл гүллери” топламына кирги- 
зилди, “Қаракалпакстан Төрткүлден басланады”, 2005-жылда 
“Төрткүл кеше, бүгин ҳәм ертен” топламларында қосыклары, 
гүррин хәм очерклери де орын алды. “Элимизнинг фидойи 
кишилари” (1994) “Кўнгил мулкида яшайсиз”(1995),“ Шижо- 
ат” (1999), “Тўрткул ва Тўрткўлликлар” топламлары басылып 
шықты. Сондай-ак, “Әдептаныў” китабын өзбек тилине аўда- 
рыўда қатнасты.
К. Юнусова 1999-2004-жыллары районлық Кенеси депутат- 
лығына сайланды. Оған 2002-жылы “Қарақалпақстан Республи- 
касына мийнети синген журналист” ҳүрметли атағы берилди.
Курбанбийке Юнусова 2003-жылдан Жазыўшылар аўкамы- 
ньщағзасы.
229
www.ziyouz.com kutubxonasi


Юсупов
Ибрайым
1929-2008
Ибрайым Юсупов—XX әсирдеги каракалпак поэзиясынын 
ири ўәкили, онын байтереги.
И.Юсупов 1929-жылы 5-майда Шымбай районындағы Азат 
аўылындатуўылған. Ол 1949-жылы Кдракалпак мәмлекетлик 
пединститутын тамамлап, усы жерде оқытыўшы етип 
калдырылды (1949-1961), сонынан шайыр “Әмиўдәрья” 
журналынын бас редакторы (1961-1962), Н.Дәўкараев атындағы 
Тарийх, тил ҳәм әдебият институтында илимий хызметкер
сектор баслығы (1962-1965), Қарақалпакстан Жазыўшылар 
аўқамынын баслығы (1965-1980), “Совет К,аракалпақстаны” 
газетасынын бас редакторы (1980-1985), Республикалык 
парахатш ы лы қты
қорғаў 
К ом и тетин и н баслы ғы , 
Республикалык Руўхыйлык хәм ағартыўшылық орайынын 
баслығы болып иследи. Шайырдын дәслепки косыклары 
40-жьшлардын орталарында жәрияланды.
О нын “ Бахыт л и р и к а с ы ” (1955), “ Күн шығыс 
жолаўшысына” (1959), “Ойлар” (1960), “Жети асырым” (1962), 
“Дапа әрманлары” (1966), “Кеўил кеўилден суў ишер” (1971), 
“Дәўир самаллары” (1982), “Аласатлы дүнья бул” (1987), 
“Тумарис хәм баскалар” (1974), “Йош” (1978), “Шығарма- 
ларынын еки томлығы” (1978-79), “Дузлы самаллар” (1988), 
“Кеўилдеги кендүнья” (1989), “Үмитжағысы” (1990), “Танлаў- 
лы шығармаларынын еки томлығы” (1992), “Беглигиғщи бузба 
сен” (1995), “Бүлбилуясы” (1997), “Өмир, саған ашықпан” (1999), 
“Хәр кимнин өз заманы бар” (2004) сыяклы бир неше 
косыклар хәм поэмалар топламлары ҳәм “Ғарры туттағы гүз” 
(1963) деген гүррин хәм очерклер жыйнағы жарык көрди.
И.Юсупов драматургия тараўында да “ Қырык кыз” 
(Әмет Шамуратов пенен бирликте), “Өмирбек лаққы” (1966),
230
www.ziyouz.com kutubxonasi


“Мәнги булак” (1986) драмаларын, “Әжинияз” операсыньщ 
(1973) либреттосын хәм Қарақалпақстан Республикасы 
Гимнин жазды.
Ш айыр 
к а р а қ а л п а к
әдебияты
бағдарлам асы н 
дүзиўшилердин бири, ол әдебияттан сабаклык жазыўға 
катнасты, әдебият тарийхын хәр тәреплеме изертлеўге 
белсендилик еткен көп ғана сын мақалаларыньщ авторы.
Шайырдьщ өзбек тилинде: “Булоклар қайнайди”, (1960), 
“Олтин кирғоқ”, (1962), “Сахро орзувлари”, (1967), “Чул 
гургойи”, (1972), “Рахмат сенга, замоним!”, (1979), “Қоратол”, 
(1988). Рустилинде: “Песни горногоручья”, (1960), “Меридианы 
сердиа”, (1966), “Глазаящерицы”, (1973), “Стихи”, “Библиотека 
советской поэзий”, (1976), “Розы полынь”, (1980), “Звон 
стремени”, (1981), “Стремлюсь всей душой”, (1986). Қырғыз 
тилинде “Тала қыялдары” (1969) хәм түркмен тилинде 
“Эриклер гүлленде” (1986) атлы топламлары басылып шықты.
Онын дүнья классиклеринен көп ғана аўдармаларыньщ 
үлгилери “Мәнги булақлар” (1985) деген ат пенен басылып 
шыкгы.
И.Юсупов 1994-жылы “Дослық ордени”, 1999-жылы “Эл- 
юрт хурмати” ордени менен сыйлыкданған. Қаракалпақстан 
халық шайыры (1974), Өзбекстан халык шайыры (1992), 
Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген мәденият 
хызметкери (1964), 2005-жылы “Өзбекстан Қахарманы”, 
К арақалпақстан Республикасы ны н Бердақ атындағы 
Мәмлекетлик сыйлығынын хәм Хамид Әлимжан атындағы 
Өзбекстан мәмлекетлик сыйлығынын лауреаты (1970), 7-10 
шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесинин 
депутаты болған, Өзбекстан халықдепутаты болды.
И.Юсупов 1956-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   108   109   110   111   112   113   114   115   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling