Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Аймурзаев


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet4/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

5
www.ziyouz.com kutubxonasi


Аймурзаев
Жолмурза
1910-1996
Жолмурза Аймурзаев — шайыр, жазыўшы ҳәм драматург.
XX әсирдеги қарақалпақ әдебиятын баслаўшылардын бири.
Ж. Аймурзаев 1910-жылы Шымбай районынын аймағында 
туўылған. Ол дәслеп интернатга тәрбияланған ( 1922-26), сон 
1926-1927-жыллары Шымбайдағы “Коммуна” мектебинде 
оқыйды, 1927-1932-жыллары Төрт күлдеги педтехникумды 
питкерип, Тахтакөпир районында муғаллим болып ислейди.
1935-1939-жыллары Москвадағы А. В. Луначарский атығщағы 
көркем-өнер институтында оқыйды, сонынан 1942-жылға 
шекем Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамында жуўаплы 
хаткер болып ислейди.
Жазыўшы екинши жәҳән урысы фронтларына қагнаса- 
ды, фронттан қайтқаннан кейин 1944-51-жыллары, 1958- 
1962-жыллары Қарақалпақстан Жазыўшылар аўкамынын 
баслығы, 1963-72-жыллары Өзбекстан ҳүжжетли ҳәм или- 
мий көпшилик фильмлер студиясынын Қарақалпақстан 
филиалын басқарады.
Шайырдын биринши қосығы 1927-жылы баспа сөзде 
шыкты. СоЛ жыллары ол “Гүрес”, ‘Түресте жендик” деп аталған 
дәслепки поэмаларын дөретти, драматургия тараўында 1933- 
жылы Ҳәкислилер”, 1939-жылы “Өзтаяғы өзине” пьесала- 
рын жазды ҳәм сахнада қойылды. Ал 1940-жылы “Қаракал- 
пақстан әдебияты ҳәм искусствосы” журналынын № 3-5 сан- 
ларында, 1941-жылы № 1 санында жазыўшыньщ “Қуўат” 
атлы повести басылып шықты.
Ж. Аймурзаев екинши жәҳән урысы жылларында “Менин 
жоадасларым” поэмасын, “Арал қызы”, “Лейтенант Елмура- 
тов”, “Коля” атлы пьесаларын жазды.
6
www.ziyouz.com kutubxonasi


Жазыўшы - драматургтин “Айгүл-Абат” ( 1946, 1952), “Бер 
аак” (1958, 1977), “Қәдирдан 
доктор” (1960), “ Рәўшан” 
(1956), “Шеберханныншырмаўығы ” (1964), “ Бахытбулағы” 
(1967) пьесалары театр сахнасында койылды.
Ж. Аймурзаевтын “Келин” гүррини, “Әмиўдәрья бойын- 
аа”, “Қызкеткен”, “Мухаббатым адамлар” романлары көпши- 
ликке 
жакыннантаныс. Жазыўшы каракалпақ әдебиятында 
биринши роман дөретиўшилердин қатарына киреди.
Ж. Аймурзаев “Өзбекстан (1981) ҳәм Кдракдлпақстан (1974) 
халыкжазыўшысы”, “Өзбекстан Республикасына мийнети син- 
ген мәденият хызметкери” (1957) деген хүрметли атакдардын 
ийеси. Ол “Айгүл - Абат” пьесасы ушын Кдрақалпақстан Рес- 
публикасы Бердак атындағы мәмлекетлик сыйлығынын лау- 
реаты болды, еки мәртебе Қаракалпақстан Республикасы Жо- 
карғы Қенесине депутат болып сайланды, “ Мийнет Қызыл 
Байрак”, “Халыклар дослығы”, үш мәртебе “Ҳүрмет белгиси” 
орденлери, Өзбекстан хәм Қарақалпақстан Республикасы Жо- 
қарғы Кенесинин Ҳүрмет жарлыклары менен сыйлыкданған.
Жазыўшынын бир қанша шығармалары көплеген тиллерде 
басылып шықты.
Шығармалары: “Ҳәкислилер” (1934), «Қосыклар» (1935,1936, 
1938) «Уллы Ўатан» қосығы (1939), «Тасқын» (1946), «Менин 
батырларым» (1949), «Қаҳарманлық гүреске» (1942), «Шайыр 
сөзи» (1949), «Жас әўладларға» (1951), «Данклы дослар» (1954), 
«Айдын жолда» (1951), «Әмиўдәрья бойында» (1958), «Же- 
тимнин жүреги» (1967), «Қызкеткен» (1972), «Өмир шайдасы- 
ман» (1976), «Жетпис тоғызыншы бәхәр» (1989), «Жолмурза 
Аймурзаев. Шығармалары» 1 том, (1961), « Жолмурза Аймур- 
заев. Шығармалары» II том, (1962) хәм тағы басқалар.
Ж.Аймурзаев 1934-жылдан Жазыўшылар аўқамынын 
ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling