Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары
www.ziyouz.com kutubxonasi Зияўов
Download 5.91 Mb. Pdf ko'rish
|
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)
88
www.ziyouz.com kutubxonasi Зияўов Сағын 1941-2007 Сағын Зияўов — шайыр хәм журналист. С.Зияўов 1941-жылы Мойнақ районынын “Ақ дәрья” аўылында туўылды. 1962-1968-жыллары Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынын каракалпақтили ҳәм әдеби- яты факультетинде оқыды. Мийнет жолын 1959-1965-жыллар аралығында Мойнак ПМК сында экскаватор машинисти, экскаваторшылар брига- дири болып ислеўден баслаған. 1965-1966-жыллары районда- ғы мектеплерде муғаллим, 1966-197Кжылларда районлык “Арал балыкшысы” газетасында бөлим баслығы, редактор, 1978-1985- жыллары газетанын жуўаплы редакторы болды. Сонынан өмиринин ақырына шекем Карақалпақстан те- лерадиокомпаниясыньщ Мойнак районы бойынша өз ха- баршысы болып иследи. Онын “Мен(щ әкем балықшы” (1970), “Тербелер тол- қын” (1973), “Тенизде” (1977), “Шағала” (1984), “Арал азама- ты” (1988), “Айдын” (1992), “Аралымнан айырма” (1996) поэзиялық китаплары, 1980-жылы өзбек тилинде “Туккиз тургай” атамасында (1980) бирликтеги әдебий альманахта қосықлары, 2002-жылы “Аралды жағалаған кара бала” хүжжетли повести баспадан шыкты. Ол бир неше мәрте Мойнақ районлық кенесине депутат болып сайланды. Оған “Каракалпақстан Республикасына мий- нети синген мәдениятхызметкери” ҳүрмет/и атағы берилди. С.Зияўов 1995-жылдан Жазыўшылар аўхамынын ағзасы. 89 www.ziyouz.com kutubxonasi Ибрагимов Сағынбай 1956 Сағынбай Ибрагимов — шайыр. С.Ибрагимов 1956-жылы 1-сентябрьде Қонырат районын- да туўылған. Ол усы районнын хәзирги Киндикөзек аўылын- да орта мектепти тамамлағаннан сон,өзинин мийнет жолын 1973-жылы Мойнак районында “Арал балықшысы” газета- сында корректор болып ислеўден баслаған. 1974-76-жыллары әскерий хызметте болады. 1982-жылы Москвадағы А.М. Горь- кий атындағы әдебият институтынын проза бойынша семи- нарын питкергеннен кемин Қаракалпакстан киностудиясында, телевидение ҳәм радио еситтириўлери комитетинде, “ Билим” жәмийетинде “Қаракалпакстан” баспасында иследи. С.Ибрагимов Қаракалпақстан Жазыўшылар аўкамынын мәсләҳәтшиси, сон жуўаплы хаткери, баслыктын орынбасары (1986-91), “Әмиўдәрья» журналынын бас редакторы (1991- 1994 ) лаўазымларын атқарды. 1994-2000-жыллары Республи- калыкруўхый ағартыўшылық орайыныц мәсләҳәтшиси ҳәм баслықтын орынбасары болып иследи. 2000-жылдан “Шега- расыз шыпакерлер” халықаралық қайырхомлық шөлкеминде хызмет атқарады. Онын “Бесинши мәўсим” (1986), “Жер менен аспаннын ара- лығында” (1990) атлы косыклар гопламлары жарык көрди. Бун- нан соцғы жыллары бир қатар қосыклардуркинлери ҳәм мәде- ний мәселелер бойынша макалалары күнделикли баспасөзде жәри- яланды. Ол Саадийдиц “Гүлистан” дәстанын, Низамий, Мақгу- мкулынын косықларын рус, инглис ҳәм парсы тиллеринен бир катар шығармаларды қзракалиактилине аўдарды. Ол Қаракал- пақстан Республикасы Жаслар сыйлығынын лауреаты. С.Ибрагимов 1988-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы. Download 5.91 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling