Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Өтепов


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet77/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   73   74   75   76   77   78   79   80   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

157
www.ziyouz.com kutubxonasi


Өтепов
Әбдираман
1905-1934
Әбдираман Өтепов—драматургия хәм миллий театрдын 
тийкарын салыўшылардын бири болды.
Ә. Өтепов 1905-жылы Қонырат районында туўылған. 
Ә. Өтеповтын миллий театрымыз бенен көркем әдебия- 
тымызды раўажландырыўдағы дөрегиўшилик ислери 1919- 
жыллардан басланды.
Ол 1922-жылдан Окруғлик жаслар комитетинде, Соркөл 
ўәлаятлык партия комитетинде ислеген.
1927-жыллардан баслап “Тан нуры” труппасын дүзиў 
ҳәм оны беккемлеў менен кызғын шуғылланады.
Усынын тийкарында 1930-жылы биринши миллий театр 
дүзилди ҳәм Ә. Өтепов усы теагрдын директоры болды 
(1930-32).
20-жыллардан баслап Ә. Өтеповтыч “Тенин тапқан 
кыз”, “Гүман”, “Бояўшы ўәкил”, “200грамм”, “Еки баслы 
суў қабақ” 
сыяклы пьесалары жазылды ҳәм сахналас- 
тырылды.
1956-жылы “Тенин тапқан қыз” пьесасы кайта исленип 
сахнаға шыкты.
Ә.Өтеповтын “Танламалы шығармалары” 1965-жылы Т. 
/Члланазаровтын таярлаўы менен кайтадан баспадан шыкгы.
158
www.ziyouz.com kutubxonasi


Өтепбергенов
Әбилқасым
1951
Ә. Өтепбергеиов- шайыр, жазыўшы хәм публицист.
Ә.Өтепбергенов 1951-жылы 5- майда Түркменстан Рес- 
публикасынын Гөне Үргениш каласында туўылған. Ол орта 
мектепти питкергеннен сон 1968-жылы Карақалпак мәмле- 
кетлик пединститутынын тәбиятганыў факультетине оқыўға 
киреди. Сон аўылхожааық жумысларында ислейди.
Ол 1976-жылдан баслап “Жас Ленинши”, “Еркин Кдрақал- 
пакстан”газеталарында, “Әмиўдәрья” журналынынбас редак- 
торы ўазыйпасын аткарады. Ҳәзирги ўакытта Кдракалпақстан 
Республикасы Телерадиокомпаниясыныцтелевидение бойынша 
бас редактордын орынбасары болып ислейди.
Ә. Өтепбергеновтын “Тамшылар” (1982), “Булаклар” (1990), 
“Дүнья бир әжайып жайдур” (1993), “Дозак ишинде” 
(1993), “Ашылмаған сыр сандығы мендедур” (1994), “Егер 
кеўлимди хош етсе...” (1996), “Алланды умьггпа” (1997), 
“Аллада есап бар” (2007), “Эй, инсан!” (2007), “Күн шығыс 
мухамлары” (2007), “Сәлмен ийшан дөхмет курбаны” (2007), 
“Кимге кендур, кимге тардур бул дүнья” (2008), “Халыктан 
данаман деп ойлама” (2009) атлы косыклар хәм “Ойнама, 
бала” (1984) гүрринлер хәм “Дозақ ишинде” (1993) романы 
жарык көрди.
Ол түркмен жазыўшысы Б. Сейтаковтын “Кыз салы- 
ғы” романын хәм түркмен шайыры А. Мамедовтын “Кеў- 
лимнин шар айнасы” деген косыклар топламларын кара- 
калпақ тилине аўдарды. 1994-жылы “ Кдрақалпакстан Рес- 
публикасына мийнети сицген мәденият хызметкери” , 1997- 
жылы “ Шухрат медалы” менен сыйлыкланған.
Ә. Өтепбергенов1993-жылдан Жазыўшылар аўқамынын 
ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   73   74   75   76   77   78   79   80   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling