Басқарыўдағы есабатыныӊ мазмун мағанасы ҳәм мақсети
Download 0.83 Mb.
|
1 2
Bog'liqЛекция
Тема: Басқарыўдағы есабатыныӊ мазмун мағанасы ҳәм мақсети Басқарыў есабатты бухгалтериялық есабаттыӊ улыўма тизиминен ажыратып корсетиў, Тарийхый жағы Базар қатнасықларына өтиўдин нәтийжесинде шөлкемлерди басқарыўда бухгалтериялық есабаттыӊ роли өзгерди, Ҳәзирги шараятларда кәрханалар ҳақыйқый экономикалық еркинликке ийе , ал оларды басқарыў хәм басекешилик уқыбын сақлап турыў ушын коп көлемли оператив мағлыўматлар талап етиледи.Бухгалтериялық қаржы (финанс) есабатын барлық дарежедеги менеджерлер ушын усындай мағлыўматты береалмайды.Экономикасы раўажланған еллерде бул ўазыйпаны басқаратуғын есабатты орынлайды. Басқарыў мақсетлери ушын өндирис қәрежетлери хаққында еркин мағлыўматлар саласын дузиў зәрурлиги туўрасында дәслепки ески салыўлар ХХ әсирдин басында-ақ пайда болды. Өткен асырдын 20 жылларынан баслап басқаратуғын есабатты АҚШ та тез пәт пенен раўажланды. Екинши жәҳан урысы тамам болғаннан кейин Европаныӊ экономикалық турмысында америка капиталы улкен роль ойнай баслады, усынын менен бирге бухгалтериялық есабқа (есабатқа) американша жантасыў тарады. Солай етип ХХ-әсирдиӊ 40 жылларынын ақырынан 50-жылларынын басынан баслап басқарылатўғын есабат хәмме жерде тарай баслады.Бухгалтериялық есабат тек ғана мағлыўматты қайта ислеў хәм топарларға бөлиў усылы болып қалмады, ол тезкарлыққа хәм талқылыққа ийе болды. Бухгалтерлер текғана путкил тутас кәрхананыӊ емес, ал оныӊ айырым бөлимшилериниӊ өндирислик бағдарламасына баҳа бериўге улкен дыққат беребаслады. Бухгалтериялық есабат еки тараўға – қаржы есабат хәм басқарылатуғын есабат болып басында, буныӊ ақыбетинде еки бухгалтерия дузиле баслады. Басқарылатуғын бухгалтерияныӊ алдынғысы калькуляциялық бухгалтерия еди, ол томендеги ўазыйпаларды орынлайды: Белгили сәнеге қарежетлерди анықлаў : Қәрежетлерди хәм олардыӊ озгериўлерин қадағалаў механизмин ислеп шығыў Сметалардан унамлы хәм унамсыз шығысыўларды анықлау: Анықланған шығысыўларды тез талқылаў: Өндирис қәрежетлерин бир жаӊкинластириўди шөлкемлертириў. Бизин елимизде басқарылатуғын бирден бир есабат тизими жоқ , бирақ оныӊ айырым элементлери ўатандарлық есабат теориясында хәм әмелиятта өз қолланыў орнын таппақта.Басқарылатуғын есабат ўатандарлық есаб (есабат) тизиминде еӊ жаӊа бири жаӊалық емес, ХХ-әсирдиӊ 20-30 жылларында бухгалтериялық хызметлердиӊ ўазыйпалары совет экономикасында соӊғы жыллардағыдан әдеўир кеӊ еди. Сол дәўирдиӊ бухгалтери тек есабат пенен ғана емес , ал жабаталқы жумысы менен де шуғылланды. Хожалық жургизиўдиӊ социялистлик тизими раўажланып барған сайын жобаластырыў хәм талқылаў ўазыйпалары басқа болимшелерге өтип кетти , ал бухгалтер болса тек ғана есаб (есабат) пенен шуғылланды. Бырақ басқарылатуғын есаб (есабат)тыӊ қәрежетлер турлери , калькуляциялау объектлери бойынша есаб(есабат) нормативли есаб(есабат), ишки хожалық есабы тизими , талқы тизими усаған элементлери кәрханалардыӊ басқарылатуғын хызметинде бәркулла бар еди. Басқарылатуғын есаб (есабат)тыӊ айырым элементлери келешекте бириктирилди (интеграцияланды) 2.Басқарылатуғын есаб (есабат) тусиниги. Өндирислик есаб (есабат) басқарылатуғын есаб (есабат) тийкары сыпатында . Басқарылатуғын есаб (есабат) тийкары сыпатында. Басқарылатуғын есаб (есабат) ўазыйпалары. Басқарылатуғын есаб(есабат) – бул бухгалтериялық есаб (есабаттан) кейинги тизим, ол бир шөлкем көлеминде (шеӊберинде) оныӊ басқарыўшы аппаратын мағлыўматлар менен тәмийинлейди, бул мағлыўматлар шөлкемниӊ жумысын жобаластырыў, басқарыў, хәм қадағалаў ушын пайдаланылады. Басқарылатуғын есаб (есабат) шөлкем жегинде басқарыў ушын зәрурли есаб мағлыўматларыныӊ барлық турлерин қамтыйди. Қаржы есабы (есабаты) ишки қолланыў ушын пайдалана қоймастан басқа пайдаланыўшыларға да берилетуғын мағлыўматларды қамтыйды. Басқарылатуғын есабат пенен қаржы есабаттын оз-ара байланысы төмендеги (1.1) суўретте көрсетилген: 1 2 А Б В Г Суўрет (1.1) Бухгалтериялық есабат 1-басқарылатуғын есабат: 2-кеқ мәнисиндеги қаржы есабаты: А-өндирислик есабат : Б-ишки басқарыў ушын қаржы есабат: В-сыртқы пайдаланыўшылар ушын тар мағанадағы қаржы есабаты: Г-қаржы есабатқ базасында (негизинде) салық есапласыўлары Өндирис есабат – бул өндирис қәрежетлеринин есабаты хәм алдынғы дәўирлердеги инемлеўлер хаққында ямаса жобалар яки нормативлер менен салыстырын бөлистириўлер хаққындағы мағлыўматлардын талқысы. Өндирислик есабат басқарылатуғын есабатлық алдынғысы хәм ҳазирги ўақытта оныӊ бир болеги болып табылады. Бул соныӊ менен байланыслы, өним бирлигиниӊ өзине тусер баҳасын есаплаўға имканият беретуғын өндирислик есабат ҳәзир мақсеттиӊ ози емес. Бул мағлыўмат бөлиминиӊ жумысы менен байланыслы болған оператив басқарыў шешимлерин қабыллаў ушын зарур. Өндирислик есабат басқарылатуғын есабаттын негизи болып табылады. Басқарылатуғын есабатқа сондай –н ақ төмендегилер киреди: Ишки есаб-санақты дузиў : Бюджетлестириў(жобаластырыў) : Шөлкемниӊ хәм бөлимшелердиӊ жумысын бақлаў қадағалаў хәм талқылаў: Басқарыў шешимлериӊ қабыллаў. Басқарылатуғын есабат қәрежетлерди есапқа алыўда қаржы есабаты менен кесиседи. Есабатларда парқлар қәрежетлерди есаплаў усылларында ғана болады. Басқарылатуғын есабатта талқы есабаты ал қаржы есабатында синтетикалық есабат пайдаланылады. Басқарылатуғын есабаттыӊ ўазыйпалары (тапсырмалары): Өндиристи басқарыў хәм келешекке шешимлер қабыллаў ушын хәкимшиликке зәрурли мағлыўматлар бериў. Өнимниӊ , жумыслардын хәм хызметлердиӊ ҳақыйқый өзине тусер бақасын, сондай – ақ белгиленген нормативлерден, стандартлардан хәм сметалардан шығыўларды(шығып кетиўлерди) есаплап шығыў. Сатылған буйымлар хәм олардын топарлары, жаӊа технологиялық шешимлер, жуўапкершилик орайлары хәм басқа да позициялар бойынша қаржы натийжелерин анықлаў. Жумыстын ҳақыйқый нәтийжелерин талқылаў хәм баҳалаў тийкарында кәрхананыӊ келешекте раўажландырыўын болашақлы жобаластырыў хәм координациялаў. Қаржы хәм басқарылатуғын есабаттық салыстырмалы сыпатламасы: айырмашылықлар хәм бирлик. Басқарылатуғын есабат пенен қарсы есабаты арасындағы айырмашылықлар 1.1 кестеде келтирилген: кестеси Басқарылатуғын хәм қаржы есабатыныӊ айырмашылықлары
Басқарыў хәм қаржы есабатыныӊ бирлиги төмендегилерде көринеди: 1.Қаржы есабатыныӊ да , басқарыў есабатыныӊ да мағлыўматлары шешимлер қабыл етиў ушын пайдаланылады.Мәселен, қаржы есабатыныӊ мағлыўматларды инвестицияларды әмелге асырыў ҳаққында шешимлер қабыл етиў ушын пайдаланылады, Басқарыў шешимлериниӊ кеӊ топарын қабыллаў ушын менеджерлер басқарыў есабатыныӊ мағлыўматларын пайдаланады.Бул тийкарғы пайыт, ол есабаттыӊ еки туриниӊ уқсаслығын белгилейди. 2.Қаржы хәм басқарыў есабатларында қаржы ҳужжетлерин дузиў ушын да, оператив есабат ушын да сол бир оператив дәслеп мағлыўмат пайдаланады. 3.Қаржы хәм басқарыў есабатлары бир путин есабат объектлерине материпллық хәм мийнет ресурсларына ийе. 4.Қаржы хәм басқарыў есабатлары есабат дузиўдин бирден-бир принциплерине ийе. Принциплердиӊ бирлиги төмендегилерде көринеди: -есабат мақсетлерин хәм тапсырмаларын тақлап алыўға бирден-бир жантасыў: -есабаттыӊ еки туриниӊ бирден-бир жобалы есаб бирликлери: -дәслепки мағлыўматтқ бир мәрте жургизиў: -есабаттыӊ бир туриниӊ мийраслылығы хәм оны басқасы менен толықтырыў: -есабаттыӊ басқарыў мақсетинде аралық мағлыўматтыӊ оперативлиги хәм анықлығы. 4.Басқарыў есабатыныӊ пәни, усыллары хәм принциплери.Басқарыў есабаты ушын мағлыўмат турлери. Хазирги ўақытта бир коз қарас тоқ, сонлықтанда басқарыў есабаты пәниниӊ айқын анықламасы да жоқ. Бул соныӊ менен байланыслы, басқарыў есабаты басқарыў исин есабат иси менен байланыстырады, өйткени базарды дузгенде басқарыў ўазыйпалары дизиминде турақлы өзгерислер болады, басқарыў есабатыныӊ объектлери де өзгереди. Улыўма алғанда басқарыў есабатын объектлерин еки топар турине бирлестириўге болады: 1) Өндирислик ресурслар: 2) хожалық процеслери ҳәм олардыӊ нәтийжелери. Өндирислик ресурслар қуралында төмендегилер басқарыў есабаты объекти болып есапланады: - мийнет қураллары, олардыӊ халаты хәм пайдаланылыўы: - материяллық емес активлер , яғный узақ муддетли қойылмалар(лицензиялар, топар белгилери хәм басқалар), олардыӊ ҳалаты хәм пайдаланыўы: -мийнет затлары (материяллық ресурслар) ҳәм пайдаланыўы: Хожалық процесслери арасында төмендегилер басқарыў есабаты объектлери болып есапланады: -тәмийинлеў – таярлаў жумусы: -өндирислик жумыс -қаржы сатық: -шөлкемлестириўшилик Басқарыў есабаты усылы – әмеллер хәм усыллар жәми басқарыў есабаты объектлери олардыӊ жәрдеминде кәрханалардыӊ мағлыўмат тизиминде саўлеленеди. Басқарыў есабаты усылларына төмендегилер киреди: ҳужжетлер: инвентаризация мағлыўматты топарға болиў ҳәм улыўмаластырыў: қадағалаў счетларын пайдаланыў: нормаластырыў, жобаластырыў ҳәм лимитлестириў: қадағалаў: талқылаў. Төмендегилер басқарыў есабатыныӊ тийкарғы принциплери болып есапланады: шөлкем жумысыныӊ узиликсизлиги: жобаластырыў ушын да , есабат жургизиў ушын да бирден-бир өлшем бирликлерин пайдаланыў: шөлкем ҳәм оныӊ бөлимшелери жумысыныӊ нәтийжелерин баҳлаў: басқарыў мақсетинде дәслепки хәм аралық мағлыўматтыӊ мийраслылығы хәм коп мәрте пайдаланылыўы: бөлимшелер арасындағы мағлыўмат байланысыныӊ тийкары сыпатында ишки есабат көрсеткишлерин дузиў: қәрежетлерди, қаржыларды ҳәм исбилерменлик жумысын басқарыўдыӊ бюджет(смета) усылын қолланыў: басқарыў есабаты объектлери ҳаққындағы мағлыўматтын толыклығы ҳәм талқылығы: шөлкемниӊ өндирислик ҳәм коммерциялық цикллерин байланыстыратуғын ҳәм көрсететуғын дәўирлилик: Басқарыў есабаты ушын барлық мағлыўмат дәреклерин еки тапарға бөлиўге болады: есабат дәреклери: бухгалтериялық есаб ҳәм есабат: статистикалық есаб ҳәм есабат: оператив есаб ҳәм есабат: тақланылған есаб мағлыўматлары: есабаттан тыс мағлыўматлар: нормативлик мағлыўмат ҳужжетлери: жобалы мағлыўмат: техникалық ҳәм технологиялық ҳужжетлер: ишки ҳәм ведомстводан тыс тексериў материаллары, ишки ҳәм сыртқы аудит (тексериў) материаллары: салық тексериўлери материаллары: баспа сөз материаллары ҳәм тағы басқалар: жоқарыда атап өтилген дәреклер дәслепки есабат мағлыўматларын дузеди, өз гезегинде ол басқарыў есабатын да , қаржы есабатын да мағлыўматлар менен тәмийинлейди. Тема 2. Қәрежетлер ҳәм басқарыў есабатында олардыӊ классификациясы Өндириске қәрежетлер есабатыныӊ мазмуны-мағанасы.”Қәрежетлер” ҳәм “шығынлар” тусиниги. Белгили дәўирде барлық қәрежетлерди сыпатлаў ушын есабаттыӊ есаб әмелиятында “қәрежетлер” терминин қолланады. “Қәрежетлер” тусиниги ҳәм “шығынлар” тусиниги көбинесе бирдец тусиниледи, олар арасында беогили парқ болса да . Тийкарғы жумыстыӊ барысында пайда бөлатуғын қәрежетлер ҳәм стиҳиялы апатшылықлардыӊ ақыбетинде валюта курсыныӊ өзгериўиниӊ ақыбетинде ҳәм басқа себеплер себепли келген зыянлар туриндеги шығынлар “қәрежетлерден” киреди. Буннан тысқары, жумсалған қәрежетлер менен алынған дәраматлар арасындағы тиккелей байланыс тийкарында пайда ҳәм зыян ҳаққында есабатларда тән алынады, яғный бухгалтериялық есабатта барлық дәраматлар қәрежетлер менен салыстырылыўы тийис. Кәрханалар өз дәраматларын ҳәм қәрежетлериӊ олар менен байланыслы бөлегин, яғный шығын қәрежетлерди тән алады. Жумсалған қәрежетлер, яғный ақшалай пайдаланылған ресурслар муғдары өнимниӊ жумыслардыӊ, хызметлердиӊ өзине тусер баҳасын қурайды. Жумсалған қәрежетлер есабаты ҳәм өнимниӊ өзине тусер баҳасыныӊ калькуляциясын ислеп шығарыў – бул басқарыў есабатыныӊ тийкарғы ҳәм еӊ әҳмийетли тараўы. Өним бирлигине есапланып жумсалған қәрежетлер муғдары көплеген басқарыў шешимлерин қабыллаў ушын тийкар бөлып табылады, мәселен: қайсы өнимди шығарыўды даўам етиў, ал қайсысын тоқтатыў: өнимге қандай баҳа белгилеў, қойыў: комплектлеўин буйымларды сатып алыў яки өзин жетистириў. Жетистириў қәрежетлериниӊ есабатын откен, ҳазирги ҳәм келеси өндирслик жумыстыӊ сәўлелениўи сыпатында қараўға боладқ. Өндириў қәрежетлери есабатыныӊ тийкарғы ўазыйпаларына төмендегилер киреди: 1.Экономикалық ақыбетлерин есапқа алған ҳалда басқарыў шешимлерин қабыл етиў ушын кәрхана ҳәкимшилигин мағлыўмат пенен тәмийинлеў 2.Артық – кемин анықлаў ҳәм келешекке экономикалық стратегияны ислеп шығыў мақсетинде норма типлери менен салыстырғанда қәрежетлердиӊ хақыйқый дәрежесин устинен бақлаў ҳәм қадағалаў 3. Питпеген өндиристи, таяр өнимди ҳәм қәрхананыӊ және оныӊ бөлимшелериниӊ қаржы нәтийжелерин баҳалаў ушын ислеп шығарылатуғын өнимниӊ өзине тусер баҳасын белгилеў. 4.Узақ муддетли шешимлерди қабыллаў ушын басқарыў есабатыныӊ мағлыўматларын системаластырыў. Солай етип , жетистириў (өндириў) қәрежетлери есабатыныӊ тийкарғы ўазыйпасы – бул өнирислик жумыс устинен қадағалаў ҳәм оны ислеўге қәрежетлерди басқарыў. 2. Шешетуғын басқарыў ўазыйпасына байланыслы қәрежетлерди классификациясы. Басқарыў есабатында қандай басқарыў ўазыйпасыныӊ шешилиўине байланыслы бирнеше классификациялар турлери бар: жетистирилген өнимниӊ өзине тусер баҳасын есаплаў ҳәм пайда муғдарын белгилеў: басқарыў шешимин қабыллаў хәм жобаластырыў: жуўапкерли орайлардыӊ өндирислик жумысын қадағалаў ҳәм бир жонкил етиў 2.1 Жетистирилген өнимниӊ өзине тусер баҳасын есаплаў ҳәм пайда муғдарын белгилеў ушын қәрежетлер классификациясы 2.1 кестеде келтирилип өтилген. Өзине тусер баҳаны анықлаў ушын пайдаланылатуғын қәрежетлер турлери
2.1 Кестеге тусиник 1. Бул кәрханада өз алдына бөлиўге болмайтуғын қәрежетлер бир элементли қәрежетлер деп аталады. Басқаша оларды экономикалық элементлер деп аталады. Комплексли қәрежетлер бирнеше экономикалық элементлерден (мәселен, цуҳ қәрежетлери) ибарат. Қәрежетлерди экономикалық мақсетке муўапықлығына ҳәм басшылықтыӊ қәлеўине қарай деталластырыў зәрур. Мәселен : Өндиристи автоматластырыў проценти жоқары болған қәрханада жумысшылардыӊ хызмет ҳақысы өнимниӊ өзине тусер бахасында 5% тен кемин қурайды. Бул жағдайда хызмет ҳақыны айырым экономикалық элемент етип ажыратпайды, ал хызмет көрсетиў қәрежетлери менен қоса “қосымша қәрежетлер статиясына” киргизеди. 2. Өндиристиӊ технологиялық процеси менен тиккелей байланыслы қәрежетлер тийкарғы қәрежетлер деп аталады. Накладка қәрежетлер өндиристи шөлкемлестириўге, хызмет көрсетиўге ҳәм басқарыўға байланыслы пайда болады. 3. Тиккелей қәрежетлерди белгили буйымларға тиккелей киргизиўге болады. Тиккелей қәрежетлерге тиккелей материаллық қәрежетлер ҳәм тиккелей мийнет қәрежетлери киреди. Тиккелей материаллық қәрежетлер таяр өнимниӊ бир бөлегине айналатуғын тийкарғы материаллар ҳәм шийки зат куны және олардыӊ кунын артықша қәрежетлерсиз белгили буйымға киргизиўге болады.Айырым жағдайларда бир буйымға туўры кесетуғын материаллар қуныӊ есаплап шығыў хәрекетлериниӊ муғдары жеткиликли дәрежеде жоқары болады. Бул жағдайда усындай материаллар жәрдемши материаллар сыпатында есапка алынады ҳәм улыўма өндирислик хәрекетлерге киритиледи.Ҳәр бир шөлкем өндиристин өзгешелиғин есапқа ала отырып, қайсы материалларды тийкарғыға , ал қайсысын жәрдемшише киргизиўди өзи билгилейди. Тиккелей мийнет қәрежетлери белгили буйымды ислеп шығарыў менен бәнт хызметкерлердиӊ хызмет ҳақысын өз ишине алады. Әдетте – бул тийкарғы өндирис ислериниӊ хызмет ҳақысы. Жәрдемши қосымша жумыс – жумысшылардыӊ ҳәм ҳакимшилик басқарыў хызметкерлериниӊ хызмет ҳақысы тийкарғы мийнет қәрежетлерине киреди. Хызмет хақысы тиккелей ҳәм жанапай қәрежетлерге бөлиў айқын жағдайға байланыслы. Мәселен: егер кәрханада жәми бир өним жетилистирилсе, онда барлық ислеўшилердиӊ хызмет хақысын тиккелей қәрежетлерге киритиўге болады. Қосымша хызмет ҳақы тартыслы мәселе болып есапланады. Әдетте оны жанапай қәрежетлерге киритеди. Тиккелей материаллық ҳәм мийнет қәрежетлери әдетте өзгермели муғдарлар болып есапланады. Жанапай қәрежетлерди тиккелей счёт пенен айқын буйымға ямаса хызметке киритиўге болмайды. Оларды еки топарға бөледи: -Улыума өндирислик (улыўма цехлық): - Ҳәким- басқарыў (улыўма хожалық): Улыўма өндирислик қәрежетлер – бул өндиристи шөлкемлестириўге, хызмет көрсетиўге ҳәм басқарыўга байланыслы қәрежетлер. Буған ускенелерди сақлаў ҳәм пайдаланыў қәрежетлери ҳәм тиккелей цеҳ қәрежетлери киреди. Ҳәкимшилик – басқарыў қәрежетлери өндирислик жумыс пенен байланыслы емес ҳәм шөлкемлестириў ҳәм кәрҳананы және улыўма мәкемени басқарыў қәрежетлерин өз ишине алады. 4. Өндирислик қәрежетлер – өнимниӊ өзине тусер бахасына киретуғын қәрежетлер. Оларға төмендегилер киреди: тиккелей материаллық қәрежетлер тиккелей мийнет қәрежетлер улыўма өндирислик қәрежетлер. Усыныӊ менен олар жетилистирилген өнимниӊ өндирислик өзине тусер бахасын қурайды. Бул қәрежетлердиӊ бир бөлеги тамамланбаған өндириске тийисли. Өндирислик қәрежетлер – бул складлардағы аўысық материаллар тамамланбаған өндирис ҳәм таяр өним көлеми. Сонлықтанда басқарыў есабатында оларды запастағылар деп атайды. Олар пайданы белгилегенде есапқа алынатуғын ағымдағы қәрежетлер менен аўысықлар ортасында бөлистириледи. Өндиристен тыс қәрежетлер – бул есабат дәўириниӊ қәрежетлери. Олардыӊ муғдары өндирис көлемине емес , ал дәўир узақлығына байланыслы. Бул қәрежетлер әдетте есабат дәўири даўамында көрсетилген хызметлер менен байланыслы.Бухгалтериялық есабаттыӊ халықаралық стандартларына муўапық олар жетилистирилген өнимниӊ өзине тусер бахасын есаплаганда , өндирислик аўысықларди баҳалағанда да пайдаланылмайды, сонлықтанда оларды сыябермейтуғын аўысықлар деп атайды. Өндиристен тыс қәрежетлерге төмендегилер киреди: ҳәм – басқарыў қәрежетлери: коммерциялық қәрежетлер (өним сатыў бойынша қәрежетлер) Дәўирли қәрежетлер даўамында жетилистирилген айға, кварталға ямаса жылға киритиледи ҳәм өндирислик аўысықлар басқышын өтпестен дәрҳал пайдаға тәсирин жасайды. Бул классификацияны есапқа алған ҳалда операция пайданы, яғный тийкарғы жумыстан пайданы төмендегише белгилейди: Улыўма пайда – сатыўдан тусим – сатылған өнимниӊ өндирислик өзине тусер баҳасы. Операциялық пайда – улыўма пайда (ҳәким – басқарыў қәрежетлери +коммерциялық қәрежетлер) 5.Кирис қәрежетлери – бул сатып алынған бар келешекте дәрамат әкелетуғын қәрежетлер ҳәм ресурслар. Баланста олар активлер сыпатында көрсетиледи. Есабат дәўири даўамында дәрамат алыў ушын жумсалған ҳәм келешекте дәрамат акелеалмайтуғын қәрежетлер ҳәм ресурслар сарп болған қәрежетлер деп аталады. Қәрежетлерди ҳәм шығынларды кирис ҳәм сарыпланған қәрежетлерге дурыс бөлиў пайда менен зиянды анықлағанда әҳмийетке ийе. Кирис қәрежетлер “қәрежетлер” тусинигине , ал сарыпланған қәрежетлер “жумсалған қәрежетлер” тусинигине жақын. Ағымдағы қәрежетлер дәўирли әмелге асырылады ҳәм өзине тусер баҳаны қурайды. Бир ўақыты қәрежетлер- бул бир жола әмелге асырылатығын қойылма қаржылар (инвестициялар) Басқарыў шешимин қабыллаў хәм жобаластырыў мақсетиндеги қәрежетлер классификациясы төмендеги турге ийе: Өзгермели , шәртли турақлы, аралас , ярым өзгермели (ярым турақлы): Баҳалағанда есапқа алынатуғын ҳәм алынбайтуғын қәрежетлер: Қайтарылмайтуғын қәрежетлер. Ўақытша қәрежетлер. Шекли ҳәм өсимли қәрежетлер. Жобаластырылатуғын ҳәм жобаластырылмайтуғын қәрежетлер. 2.1 Өндирис көлемине қарай қәрежетлер өзгермели, шәртли – турақлы, ярым өзгермели (ярым турақлы) , аралас болып бөлинеди. Өзгермели хәм шәртли – турақлы қәрежетлерди қысқа муддетли жобаластырыў дәўири ушын төмендегилер тән: Суммалары өзгермели қәрежетлер өндирис көлеминиӊ (исшенлик активлик дәрежесине) өзгериўине тиккелей теӊ өзгереди. Өним бирлигине есапланған өзгермели қәрежетлер турақлы қәрежетлер болып табылады. Шәртли – турақлы қәрежетлер суммасында өндирис қөлеми өзгергенде суммасында өзгермейди. Салыстырмалы шәртли – турақлы қәрежетлер өндирис дәрежесиниӊ өзгериўине байланыслы болады ҳәм келиў тенденциясына ийе. Узақ дәўирдеги өзгермели хәм турақлы қәрежетлерди талқылағанда: Өзгермели қәрежетлер өндирис көлемине линиялы байланыслы болмайды: Суммалары шәртли – турақлы қәрежетлер азайыў ямаса көбейиў тенденциясына ийе. Усындай қәрежетлерди талқылаў қыйын, бырақ басқарыў шешимин қабыллаў ушын зәрур. Сонлықтан линиялы анпроксимация усылын пайдаланады ҳәм релевант дәрежеси тусинигин енгизеди. Релевант дәреже – бул исшеӊлик активлик дәрежеси (өндирис көлеми дәрежеси) , бунда шөлкем ислейди ҳәм онда өзгермели қәрежетлер өндирис көлемине линияли байланыслы болады, ал суммалары турақлы қәрежетлер өзгермей қалады. “Релевант дәреже” тусиниги “масштаблы база” тусиниги менен бирдей. Басқарыў есабатында масштаблы база дегенде өндирис көлеминиӊ белгили интервалы тусиниледи, бунда қәрежетлер өзин белгили дәрежеде алып барады ҳәм айқын көринисли тенденцияға ийе. Басқарыў есабатында өзгермели қәрежетлерди сыпатлаў ушын арнаўлы көрсеткиш Крз- өзгермели қәрежетлерге итибар бериў коэффиценты пайдаланылады. Ол қәрежетлердиӊ осиў пәтлери менен өндирис көлеминиӊ өсиў пәтлери арасындағы салыстырманы көрсетеди ҳәм 2.1 формаласы бойынша анықланады: Крз=Y/X, (2.1) Бунда Y-қарежетлердиӊ өсиў пәтлери, %: X-өндирис көлеминиӊ өсиў пәтлери , %. Егер Крз=1 болса өнда өзгермели қәрежетлерди теӊ дәрежели(пропорционаллы) деп атайды. Егер Крз>1 кейин болса , онда өзгермели қәрежетлерди прогрессив деп атайды. Бул 2.1. суўретте айқын көрсетилген. Y Y Y X X X Крз=1 Крз<1 Крз>1 2.1. суўрет. Өзгермели қәрежетлердиӊ өндирис көлемине байланыслы вариантлары Ярым өзгермели ҳәм аралас қәрежетлер өзгермели ҳәм турақлы компонентлерге ийе . Ярым өзгермели (ярым турақлы) қәрежетлер – бул турақлы ҳәм өзгермели қәрежетлерди өз ишине алатуғын бир тур қәрежетлери. Мәселен, телефон байланыс төлеми – абонент төлем (турақлы компонент) ҳәм халық аралық сойлесиўлер төлеми (өзгермели компонент төлем) . Ярым өзгермели қәрежетлерден басқа аралас қәрежетлер тусиниги бар , олар өзгермели де , турақлы да қәрежетлердиӊ бир туринен аспайтуғын бир счетда есаплаў нәтийжесинде пайда болатуғын аралас қәрежетлер тусиниги бар. Мәселен, ускенелерди онлаў ҳәм техникалық хызмет көрсетиў бойынша қәрежетлер : амортизация – турақлы компонент төлем , жанармай – майлаў материалларына қәрежетлер – өзгермели компонент төлем. Өзгермели ҳәм турақлы бөлеги ушын ярым өзгермели ҳәм аралас қәрежетлерди ажыратыў ушын төмендеги усыллар қолланыуы мумкин: -“мин-макси” усыл (жоқары ҳәм төмен ноқатлар усылы) - статистикалық усыл: - еӊ аз квадратлар усылы: Мысал Кәрханада улыўма хожалық қәрежетлери бир счётта есапланылады. Қәрежетлерди белгили усыллар менен өзгермели ҳәм турақлы етип бөлиў ҳәм 88 өндирис бирлиги көлеми ушын улыўма хожалық қәрежетлер муғдарын табыў. Басланғыш мағлыўмат 2.2 кестеде келтирилген. 2.2 кесте Бир жылғы ҳақыйқый улыўма хожалық қәрежетлери
Download 0.83 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
1 2
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling