Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети География хам


Download 16.29 Kb.
Pdf ko'rish
Sana14.10.2023
Hajmi16.29 Kb.
#1703247
Bog'liq
2 5474276766140871721



Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети География хам
табий ресурслар факультетинде
«ЖАҢА ӨЗБЕКИСТАН КОНСТИТУЦИЯСИ - БУЛ МЕНИҢ КОНСТИТУЦИЯМ!»
атамасында өткерилген илаж
П Р О Т О К О Л Ы
ҚМУ:
13-Апрел
2023-жыл
Саат 11:30
Қатнасыўшылар:
География хам табий ресурслар
факультетинде тьюториА.Бердимуратова хам 1-б Нефт Газ иси бағдари
талабалари .
КҮН ТӘРТИБИ:
Өзбекстан Республикасы Кониституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар
киритиў бойынша референдум мүнәсебети менен География хам табий
ресурслар факультетинде
1. «Жаңа Өзбекистан Конституцияси - бул мениң Конституциям!» атамасында
үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў.
Тадбирди География хам табий ресурслар факультетинде тьютори
Раманбергенов У ашты ҳәм басқарып барды. Мәмлекетимизде усы жылдың 30-
апрель куни Өзбекстан Республикасы Конституциясына киргизилип атырған
өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша референдум болып өтетуғынлығы
ҳаққында айтып өтти. Студент жаслар
ушырасыўдың тийкарғы мақсети
жасларға Жаңа баспадағы Конституция Өзбекстан жәмийетиниң еволютсион
раўажланыўынан келип шығып атырған турмыслық зәрүрат болып, бул жумыс
мәмлекет, миллет ҳәм халық ретинде кейинги қәдемлеримизди анықлап
алыўымыз ушын оғада әҳмийетли мәселе, әдалатлы жәмийет қурыў жолындағы
үлкен қәдем болып табылады. Соңғы алты жылда ерискен табысларымызды,
атап айтқанда, економика, инсан ҳуқықлары, әдил судлау, сөз еркинлиги, социал
қорғаў тараўларындағы жүзлеген шеклеўлердиң алып тасланғаны, нақ пул,
валюта,
кредит
мәселелериндеги
мәселелер
унамлы
шешилгени,
қоңсыласларымыз бенен арамыздағы 25 жыллық “музлар еригени” ҳәм басқа
унамлы ҳәрекетлердиң Конституциялық қорғалыўын тәмийинлеў зәрүр. Бул
табыслар, ҳуқық ҳәм еркинликлердиң тек ғана ҳәзирги, бәлки келешек
әўладларымыз да емин-еркин пайдаланыўы ушын, әлбетте, Конституцияда
беккемлеп қойыў талап етилип атыр. Бир затты бөлек соны да айтыў керек,
Конституцияның бул тексти алым қәнигелер тәрепинен тек кабинетлерде
жаратылмады Бәлки,
баринен бурын еки басқышда халқымыздың пикири,
усыныслары үйренилди, соннан соңғына Конституция жойбары таярланди.
Илгерилери болса Конституция қабыллаўда даслеп жойбар ислеп шығылып,
кейин халық талқылаўына қойылалатуғын еди. Биринши басқышда Конституция
жойбарын қәлиплестириў ушын пуқараларымыз 60 мыңнан зыят усыныс берди.
Олардың шама менен ҳәр төртеўинен биреўи жойбардан жай алды,екинши


басқышда Конституция жойбары путкил халық талқылаўына қойылды. Ғалаба
хабар қураллары, Интернет тармақлары арқалы жойбар менен 5 миллион халық
танысып, 150 мыңнан аслам усыныс ҳәм ой-пикирлер айтылды. Усының менен
бирге, мийнет жәмәәтлери, жоқары оқыў орнылар, мәҳелле белсендилери ҳәм
зыялы адамлар менен болып өткен додалаўларда да тағы дерлик 10 мың
қосымша усыныс келип түсти. Усы ўақытта халық аралық ҳуқықый ҳүжжетлер
ҳәм 190 нан артық мәмлекетликлер тәжирийбеси үйренилди, жойбар 6 түрдеги
експертизадан өткерилди. Булардың ҳәммеси жаңа баспадағы Конституцияда
жәмийеттиң
барлық
қатламлары
мәплери
инабатқа
алынғаны,
Жаңа
Өзбекстанды қурыў идеясы әтирапында пүткил жәмийет бирлесиуи, Бас
Нызамымыз шын мәнисте халық Конституциясы болып атырғанынан дәрек
береди. Конституция жойбары дағы елементлар саны әмелдеги 128 ден 155 ге,
нормалар саны 275 тен 434 ге асды. Яғный, тийкарғы нызамымыз тексти дерлик
65 процентке артты ҳәм халқымыз усыныслары тийкарында жаңаланғанлығы
хаккында айтып өтти хәм референдум хаққында кең түсиниклер берип өтти.
Мәжлис соңында студентлер өзлериниң қызықтырған сораўларына тийисли
жуўаплар алды.
География хам табий ресурслар
факультетинде тьютори
А.Бердимуратова
Хаткер:
О. Жапаков

Download 16.29 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling