Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк
III. Миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсим пәтлерин тәмийинлеў
Download 2.93 Mb.
|
Макро экономикалык анализ 23
- Bu sahifa navigatsiya:
- 24-мақсет: Экономиканы электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм де «Жасыл экономика» технологияларын барлық тараўларға актив енгизиў, экономиканың энергиялық нәтийжелигин 20 процентке асырыў.
III. Миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсим пәтлерин тәмийинлеў
Экономиканың тараўларында турақлы өсим пәтлерин тәмийинлеў арқалы келеси бес жылда халықтын жан басына туўры келетуғын улыўма ишки өнимди - 1,6 есе ҳәм 2030-жылға барып халықтың жан басына туўры келетуғын даматларды 4 мың АҚШ долларынан асырыў ҳәм де «дәраматы орташадан жокары болған мәмлекетлер» қатарына қосылыў ушын тийкар жаратыў. Макроэкономикалық турақлылықты тамийинлеў ҳәм жыллық инфляцияның дәрежесин 2023-жылға шекем басқышқа-басқыш 5 процентке шекем азайтыў. Мәмлекетлик бюджеттиң жетиспеўшилигин қыскартыў ҳәм 2023-жылдан улыўма ишки өнимге болған катнасының 3 проценттен асып кетпеўин тамийинлеў. Ҳәр бир район бюджетиниң кеминде 5 процентин «Пуқаралар бюджети» бағдарламасы шеңберинде халықтың ксыныслары бойынша ең актуаль машкалаларды шешиўге жумсаўды шолкемлестириў. Мәмлекеттиң қарызын баскарыўда жылына жаңадан алынған сыртқы қарыз муғдарының 4,5 миллиард АҚШ долларынан асып кетпеўин тамийинлеў. 22-мақсет: Миллий экономиканың турақлылыгын тәмийинлеў ҳәм улыўма ишки өнимде санааттың үлесин жокарылатыўға қаратылған санаат сиясатын даўам еттирип, санаат өнимлерин жетистириўдиң көлемин 1,4 есеге асырыў. Санааттың жетекши тармақларын ҳәм экономиканы буннан былайда либералластырыў ҳәм де трансформация процесслерин жуўмақлаў. Энергия ресурслары ҳәм тәбийгый газ базарларын социаллық қорғаў гарантияларын белгиленген тәртипте еркинлестирип, тараўға жеке инвестицияларды кең енгизиў ҳәм де жәрдемге мүтәж халықты қорғаў ушын социаллық тутыныў нормаларын енгизиў. Экономикалық тармақлар ҳәм халыққа нефть-газ өнимлериниң үзликсиз жеткерип берилиўин тамийинлеў. Мыс санааты кластерин шөлкемлестириў аркалы, мыс ҳәм басқа да өнимлерди жетистириўдиң көлемин 2 есеге көбейтиў ҳәм де 8 миллиард долларлық өним жетистириўге тийкар жаратыў. Химия ҳәм газ-химия тараўларын раўажландырыў ҳәм тәбийғый газди қайта ислеў дарежесин 8 проценттен 20 процентке жеткериў аркалы химия санаатында 2 миллиард АҚШ долларына тең өним жетистириў. Автомобиль санаатында кооперацияны буннан былайда раўажландырыў аркалы өндиристиң көлемин 1,4 есеген, экспорттың көлемин 2 есеге көбейтиў ҳәм жергиликлестириўдиң дәрежесин жокарылатыў. Чирчық қаласында аўыл-хожалық машина өндирисин бирден-бир санаат кластери усылында шөлкемлестириў. Қурылыс материалларын жетистириўдиң көлемин 2 есеге көбейтиў. Токымашылық санааты өнимлерин жетистириўдиң көлемин 2 есеге көбейтиў. Тери-аяқ кийим тараўын раўажландырыў аркалы өндиристиң көлемин 3 есеге көбейтиў. Фармацевтика санааты өнимлерин жетистириўдиң көлемин 3 есеге көбейтиў ҳәм жергиликли базарды тәмийинлеў дәрежесин 80 процентке жеткериў. Электротехника санаатында жоқары баҳалы өнимлерди жетистириў көлемин 2 есеге ҳәм экспортты 3 есеге асырыў. Мебель өнимлерин жетистириў көлемин 2,8 есеге көбейтиў. Азық-аўқат санаатын раўажландырыў бағдарламасын иске асырыў. Ири санаат тармақлары ҳәм аймақлық кәрханалар ортасында санаат кооперациясын раўажландырыў. Санаат тармақларында мийнет өнимдарлығын жокарылатыў бағдарламаларын кең енгизиў. 24-мақсет: Экономиканы электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм де «Жасыл экономика» технологияларын барлық тараўларға актив енгизиў, экономиканың энергиялық нәтийжелигин 20 процентке асырыў. 2026-жылға барып электр энергиясын жетистириў көрсеткишлерин қосымша 30 миллиард кВт.саатка көбейтип, улыўма 100 миллиард кВт.саатқа жеткериў. 2026-жылға шекем қайта тиклениўши энергия дереклериниң үлесин 25 процентке жеткериў арқалы жылына 3 миллиард куб метр тәбийғый газди үнемлеў. Өзбекстанның энергетика системасының қоңсылас мәмлекетлердиң энергетика системасы менен турақлы бирге ислесиўин тәмийинлеў. Санаат тармақларындағы жоғалтыўларды азайтыў ҳәм ресурслардан пайдаланыў нәтийжелигин асырыў. Турақ-жай-коммунал хожалығы, социаллық тараў объектлери ҳәм басқа да тараўларда қайта тиклениўши энергия дереклерин кең енгизиў ҳәм энергиянын нәтийжелигин асырыў. Электромобиллерди ислеп шығарыў ҳәм олардан пайдаланыў илажларын көрип шығыў. Экономикалық тармақлардың атфосфераға шығаратуғын зәҳәрли газлериңин муғдарын бир бирлик Улыўма ишки өнимниң есабынан 10 процентке қысқартыў. Download 2.93 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling