Дослық Қуяшы ҳАҚҚында қосық песня о солнце


Нандай ҳадал ҳәм де гүлдей азада


Download 1.03 Mb.
Pdf ko'rish
bet2/30
Sana19.06.2023
Hajmi1.03 Mb.
#1623018
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   30
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Dosliq kuyashi hakkinda qoshiq (1985)

Нандай ҳадал ҳәм де гүлдей азада 
Перзентлик сәлемин жоллаймыз саған, 
Қабыл ет, әдиўли анамыз Уатан?
Уллы семья үлкен үйде шалқыған 
Бахытлы ел—қарақалпақ халқынан 
Қабыл ет бул жүрек алғыснамасын!
Бул қосық ардаклар дослык қуяшыи.
Ақ отаўлар тигип Әмиў бойына,
Биз жыйналдық бахыт, дослык тойына. 
Данқлы мийнет ери пахтакеш халық, 
Шигит сепкен жерден „ақ алтын** алып, 
Ҳасыл байлық пенен сыйлап Уатанын, 
Шашлап үйди ак пахтаиын қырманын. 
Салыкеш—сары алтын байлық ийеси, 
Мәртлик пенен толы олардын иси. 
Атызда қалдырмай ырыс масағын,
www.ziyouz.com kutubxonasi


Дослық палаўынан табақ жасады. 
Балықшылар, данқлы шарўалар келди, 
Қаўын, түрли жемис, мийўалар келди. 
Ақшам Тақыятастан нурлаиды аспан, 
Мәрмер сарай салды усталар тастан. 
Сазенделер бүлбиллерге қосып үн. 
Шайырлар әкелди йошлы қосығын. 
Бәлентке тнгилди дослықтын гуўы, 
Қыз-келинлер—айдын көлдиц ақ куўы. 
Ғошшақ жягитлери бизиц үлкенин 
Хызметке тақ турды нық буўып белин.
Ен зийрек балларды мингнзип атқа, 
Шақыргыўшы жолладык биз жәи-жақка, 
Туўысқанлар келди жақын-жууықтан,
Ақ басқур үй тиктик алгын уўықтан.
Гүл жупарын сеўип босағасына 
Ҳәм де ҳэр отаўдын мацлайшасына 
Жазып қойдык: „Қонақ—атацнан уллы!“ 
(Жақсы нақыл мын жыл өтсе д е қунлы). 
Бир шацырақ астында шағлап отырып, 
Шадлық жамын шарапларға толтырып, 
Әтирапында 'юслық дастурхаиыныц 
Биз тост көтеремиз қуўанып бүгин:
Туўған анамыздык анасы Ўатан,
Гүллене бер, мэцгиликке бол аман!

Download 1.03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   30




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling