Ибрайым юсупов


Download 2.8 Kb.
Pdf ko'rish
bet24/34
Sana15.06.2023
Hajmi2.8 Kb.
#1479932
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   34
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)

ДУЎА 
 
Жаман көзден сақласын деп бәрҳама,
Қосық пенен дўўа тақтым арқаңа. 
Мустақыллық - көйлегинде доланып,
Жарқ етип шыққаныңда гүл-гүл жанып, 
Таңырқатып талай қара көзлерди,
Еситерсең көп марапат сөзлерди. 
Арасында базы бир қызғаншақлар,
Иши қара ҳәм ҳәсетгөй алшақлар,— 
Сени күнлер ҳәм де меннен қызғанар,


66
Сыртыңнан өсек сөз өрмегин шалар. 
"Әстапырла, қайдан келген гөззал?" деп,
Иши күйип көзя қатты кезмәмбет,- 
Шыққыр көзин оқлап "япырмай" менен,
Атар туў сыртыңнан ол оқжай менен. 
Сонда бул дуўаның күшин сезерсең,
"Бир жаўыздың оғын қайтарды-аў" дерсең. 
Атқан оғы тийгендей таў тасына,
Қайтып барып, қадалар өз басына. 
Ҳәм ол наймыт, ҳүрей қалмай түринде,
Көзи парта шығар турған жеринде. 
ҚУДАЙЫ ҚОНАҚТЫҢ ҚОСЫҒЫ 
(Қ.Айназарға) 
Жатырқама бизди, гүл жүзли дилбар, 
Еле ҳәм дәўраның болғай илайым. 
Мени дым шаршатты айланыш жоллар
Үйиңди аш, бир ақшам мийман болайын! 
Жалғыз жолға шығыў қыйын өмирде, 
Түрли кемлик келер екен кеўилге 
Мен қайда барайын усы иңирде? 
Қабыл ет, бир ақшам мийман болайын. 
Бир есикке барсам, жас болып шықты, 
Бир есикти қақсам, кеш болып шықты. 
Атым отсыз, өзим аш болып шықтым, 
Қапыңды аш, бир кеше мийман болайын. 
Сыны кетпес дейди сырлы табақтың, 


67
Қызларға бергисиз бадам қабақлым. 
Саўабы көп болар жақсы қонақтың, 
Аш деймен, бир ақшам мийман болайын. 
Көзлериң көплерди күйдирген шығар, 
Ләбиң сүйгениңе сүйдирген шығар. 
Талайлар ергенек тайдырған шығар, 
Ал мен бир мийзамкеш мийман болайын. 
Жат деген жериңде уйқлайын жатып, 
Мойным қыйсық питкей билегиң батып. 
Уйықласаң, көзиңнен сүйип оятып, 
Мудам хызметиңде турған болайын. 
Отырсаң да сән - салтанат көшкиңде, 
Жаслық дәўран өтер екен бес күнде, 
Бүйтип жалынбаған едим ҳеш кимге, 
Үйиңди аш, бир кеше мийман болайын
Қәдди бойларыңа қурбан болайын! 

Download 2.8 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   34




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling