Гаўашаны өсириўде ресурс-тежеўши технологиядан пайдаланыў Генжебаева С. С., Жоллыбеков Б. г и. д, дoцент


Download 28.23 Kb.
Sana20.06.2023
Hajmi28.23 Kb.
#1636404
Bog'liq
Timur maqala-WPS Office


Гаўашаны өсириўде ресурс-тежеўши технологиядан пайдаланыў
Генжебаева С.С., Жоллыбеков Б. г.и.д, дoцент
Кирисиў
Заманагөй аўыл хожалығы ислеп шығарыўын раўажландырыўдың тийкарғы жөнелиси топырақ-ықлым шараятына мас келетуғын технологияларды талап етеди. Республикамыз топырақ-ықлым шараятын итибарға алып, энергия ҳәм ресурс тежеўши тийкарында топыраққа аўдармастан ислеў беретуғын ҳәм де қоллаў актуал мәселе есапланады. Әсиресе Қарақалпақстан жағдайында бундай технологияларди қоллаў талап етиледи. Себеби бул жерде топырақ өнимдарлық көрсеткишлери жылдан-жылға төменлеп баратыр. Бул болса аўыл хожалық егинлерин жетистириўде оған жумсалатуғын сарп-қәрежетлердиң артыўына, егинлердин ҳасылдарлық көрсеткишлериниң, топырақтан дурыс пайдаланбаў нәтийжесинде азайып барыўына алып келмекте. Бундай жағдайда топырақ өнимдарлығын жақсылаў ҳәм оны қорғаў, егинлер ҳасылдарлығын асырыў ушын жаңа технологияларды қоллаў мәселеси қойылған.
Бул мәселени шешиўде, топыраққа ислеў бериў жумысларын алып барыўда дәстурий усылдан пайдаланыў, суў жетиспеўшилиги, климат жағдайы, шорланыў сыяқлылар тийкарғы машқала есапланады. Соның ушын аўыл хожалығында заманагөй топырақ қорғаўшы ҳәм ресурс-тежеўши технологияларды қолланыў актуал мәселелерден есапланады.
Колланылатуғын изертлеў усыллары. Изертлеўде тәжирийбе майданынан топырак улгилери алынып, агрохимиялық анализ орайында анализ қылынды. Топырақ қурамындағы ҳәрекетшең фосфор, ҳәрекетшең калий ҳәм топырақ шириндиси (Аринушкина Е.В. Руководство по химическому анализу почв. 1970) анықланды. Тәжирийбеде ғаўашада фенологиялық бақлаўлар алып барыўда дала тәжирийбелери методларынан пайдаланылды.
Жуўмақлаў:
Тәжирийбе дауамында ғауаша өсимлиги топыраққа жоңышқаның биринши
орағынан кейин Но-Тилл технологиясы тийкарында аўдармастан егилди. Бунда ғауаша егилген майданға жоңышқа өсимлиги бирге егилген болып, оның топырақ қәсиетине ҳәм ғауаша өнимдарлығына тәсири ўиренилип барылды.
Өткерилген еки жыллық (2021-2022ж.) тәжрийбелер жуўмағында бул технологияны аўыл хожалығы егинлерине қолланыўда жоңышқа менен биргеликте алып барыў, топырақ қәсийетлерин жақсылауға унамлы тәсир етти. Жоңышқа собықлы егин сыпатында топырақта азот топлаўы, топырақ микрофлорасы хәм фаунасы жағдайына унамлы тәсир етиўи, топырақта өсимлик ушын зәрур болған ығаллықты услап турыўы, топырақ бетинен суўдың пуўланыуын кемейтиўи хәм егинлер өнимдарлығының асыўына унамлы тәсир етти.
Топырақтағы гумус муғдары 1,089% тен 1,696% ке кобейди. Бул топырақ өнимдарлығы ушын жақсы көрсеткиш есапланады. Себеби, Қарақалпақстан жағдайында топырақларында гумус муғдары аз.
Бул технологияны аўыл хожалығында қолланғанда топырақ жағдайының жақсыланиўи, ониң табийғий структуралық жағдайының тиклениўи хәм аўыл хожалығы егинлерин жетистиўриде тийкарғы машқалалардың бири болған жаўын-шашыннан соң топырақ бетинде пайда болмайды.
Топырақ қорғаушы хәм ресурс–унемлеўшы технология сыпатында Но-Тилл технологиясынан пайдаланыў усыныс етиледи.
Пайдаланылған әдебиятлар:
1. Arinushkina E. V. Rukovodstvo po ximicheskomu analizu pochv. – M.,
1970,-490 s.
2. H.A. Ravshanov. Tuproqqa aǵdarishli va aǵdarmastan ishlov berish usullarining tahlili. Oriental renaissance: Innovativa, educational, natural and social sciences, 1(10), November 2021. P.185-188.
3. Б.Жоллыбеков, Б.Жоллыбеков, М.Сейтекова, С.Генжебаева «Ғузани шудигорлашсиз етиштириш технологияси». ». Гуманитарний простир науки досвид и перспективи: Материали мижнародной науково-практичной интернет-конференций .Переяслав 2021. №32- с. 116-118
4. Jollıbekov B., Jollıbekov B., Seytekova M., Genjebaeva S. «Qaraqalpaqstan jaǵdayında no-till paydalanıwdıń abzallıǵı». «Физика и экология» Материалы республиканской научно-теорической и практической конференции. Нукус-2021. 44-47б.
Download 28.23 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling