Грунтлар механикасы пәнинен
Грунт бөлекшелериниң тығызлығын анықлаў кестеси
Download 0.58 Mb.
|
Методичка
- Bu sahifa navigatsiya:
- Грунттың тығызлығын хәм салыстырмалы салмағын анықлаў Грунттың тығызлығы (ρ
- Тәкирарлаў ушын сораўлар
- Грунттың тәбийғый ығаллығын анықлаў.
- W= (m 1 - m 2 ) / (m 2 - m 0 )
- Такирарлаў ушын сораўлар
- I.Грунттың жумсақлық ҳалындағы жоқары шегарасы- ағыўшаңлық шегарасын анықлаў.
Грунт бөлекшелериниң тығызлығын анықлаў кестеси
1-кесте
Грунт бөлекшелериниң тығызлығын есаплаў ρs=ρw m0 / m0+ m1 - m2 т/м3, г/см3 (1.3) ρs- суўдың тығызлығы ρs=1г/см3 , т/м3 Грунт бөлекшелериниң салыстырмалы салмағы (1.2) формула жәрдеминде есапланады. γs= ρs · g , кН/м3 (1.2) Тәкирарлаў ушын сораўлар Грунт бөлекшелериниң тығызлығы дегенимиз не? Грунт бөлекшелериниң салыстырмалы салмағынын формуласын корсетин? Грунттың өте шөгиў жағдайы тажирийбеде кандай асбап жардеминде уйрениледи? № 2- Лабораториялық жумыс Грунттың тығызлығын хәм салыстырмалы салмағын анықлаў Грунттың тығызлығы (ρ) деп грунт массасының оның көлемине катнасына айтылады. ρ = m / V г/см3 т/м3 (2.1) бунда: m - грунттың массасы г V - грунттың көлеми см3 . Грунт салыстырмалы салмағы төмендеги формула менен анықланады γs= ρs · g , кН/м3 (2·.2) бунда: g = 9,81 м/с2 - еркин түсиў тезлениў . Жоқарыда бизге белгили болғанындай грунттың тығызлығын анықлаў ушын оның массасын ҳәм көлемин билиўимиз керек. грунтлардың көлемин анықлаўда оның қәсийетлерине байланыслы болған кескиш усылы қабылланады. Бул усыл грунты ыдысқа структурасын бузбастан жайластырыў мүмкин болған халларда қолланылады. Керекли әсбап хәм үскенелер Ишки диаметри 50 мм ден кем болмаған металл кескиш ыдыс Грунт алыў ушын белше Тәрези таслары менен Еки дана тегис айна Пышақ ҳәм полат сызғыш Тәжирийбе өткизиў тәртиби. 1.Кескиш ыдыстың массасы тәрезиде өлшенип алынады (m1). 2.Полат сызғыш жәрдеминде ыдыстың ишки диаметри – d ҳәм бийиклиги – h өлшенеди ҳәм төмендеги формула жәрдеминде оның ишки көлеми есапланады. V=(πd2 / 4) · h cм3 (2.3) Еки дана айна бөлегиниң улыўма массасы m2 ни тәрезиде өлшенеди. Кескиш ыдысты столдың үстине орнатып тәжрийбе ушын алынған грунттың тегисленген үстине қойылады. Шеп қолда кескиш ыдысты тегис басып ыдыстың шетлериндеги грунт пышақ пенен кесиледи нәтийжеде ыдыстың иши грунтқа толады. Ыдыс бослығы грунтқа толғаннан кейин грунттың астыңғы бөлеги пышақ пенен кесип ажыратылып алынады. Ыдыстың астыңғы ҳәм үстинги бөлеги артық грунттан пышақ пенен тегисленип алынады. Ыдыстың ишиндеги грунт төгилип кетпеслиги ушын оның үстиңги ҳәм астыңғы айналар менен бастырылып, ыдыс, грунт ҳәм айналар менен биргеликте тәрезиде (m ) өлшенеди.
m2 - 1-айнаның массасы . г m2 – 2- айнаның массасы. Г Грунт тығызлын есаплаў формуласы төмендегише ρ = m-( m1+ m2)/ V т/м3 ; г/см3 Грунттың салыстырмалы салмағы γs= ρs · g , кН/м3 (2·.2) Тәкирарлаў ушын сораўлар Грунттың тығызлығының формуласын көрсетиң? Грунтлардын салыстырмалы тығызлығы ҳәм ығаллыгы дегенимиз не? Шәртли өте шөгиў қандай мақсетте ислетиледи? № 3- Лабораториялық жумыс Грунттың тәбийғый ығаллығын анықлаў. Грунттың ығаллығы дегенимизде, оның қурамындағы суўдың массасының (mw ) қатты бөлекшелердиң массасына (ms) қатнасына айтылады. W= gw/ gs=mw/ms ; ( 3.1) Бунда: gw ; gs – суў ҳәм грунт бөлекшелериниң аўырлығы ( Н, кН ). mw ; ms-- суў ҳәм грунт бөлекшелериниң массасы ( г, т ) W-- тәбий ығаллылық бирлик бөлеклерде ямаса проценте (%) өлшенеди. Керекли әсбап хәм үскенелер. Кептириўши шкаф Бюкслар Техник тәрези Ҳаўаның ығаллығын жутыўшы ( хлорлы кальций) Эксикатор Тажрийбе 5ткизиў тәртиби 1.Бюкстиң қақпағы менен тәрезиде өлшенеди ҳәм ( m0 )белгиленеди. 2. Тәжрийбе ушын алынған грунты бюкс көлеминиң 60-70 % толғанша салынады ҳәм бюкс қақпағы жабылады. 3. Бюкстың грунт пенен биргеликтеги массасы (m1) анықланады. 4. Бюкстың қақпағын ашып кептириў шкафында 100-1050 С температурада 3-4 саат кептириледи. 5. Грунт массасы өзгермей қалғанша кептирилгеннен кейин бюкс қақпағын шкафтан алмастан жаўып эксикаторда 30-40 минут сўытылады. 6. Грунт салынған бюкс суўығаннан соң өлшенеди ( m2 ) .
Грунт ығаллығы ( W) төмендеги формула бойынша есапланады. W= (m1- m2) / (m2- m0) (3.1) Еслетпе: 1. Техник тәрезиде өлшеўлер 0,01 г дәлликте орынланыўы шәрт. 2. Ҳәр бир грунт үлгисинен кеминде еки тәжрийбе өткизилиўи шәрт. Грунт ығаллығы ушын бул анықлаўлар орташа Wорташа алынады. Грунтларды анықлаўда есапланатуғын физикалық көрсеткишлер 1, 2, 3, - тәжрийбе жумыслары нәтийжелеринен грунтлардың төмендеги физикалық көрсеткишлерин анықлаў мүмкин. 1. Грунтлардың қурғақ халындағы тығызлығы: ρd= ρ / 1+W г/см3 , т/м3 (3.2) 2. Грунттың қурғақ халындағы салыстырмалы салмағы: γd = γ / 1+W кН/м3 (3.3) 3. Грунттың геўеклик коэфициенти ( геўеклик көлеминиң қатты) е=n/m=( ρs- ρd) / ρd= γs- γd / γd (3.4) Қумлардың тығызлық дәрежеси төмендеги формула бойынша анықланады. Id = emax – e / emax – e min (3.5) Бунда: е-- тәбийғый халдағы геўеклик коэфициенти; еmax – тығыз халда жайласқан геўеклик коэфициенти. emin – сийрек жайласқан халдағы геўиклик коэфициенти. ЎзСТ 25100-95 та геўеклик коэфициентиниң дәрежесине қарап: А) таслы, ири ҳәм орташа грунттың тғызлығы e < 0,55 – тығыз 0,55≤ е ≤ 0,7 – орташа тығызлықтағы е < 0,7 - сийрек Б) майда қумлар : е < 0,55 – тығыз 0,6 ≤ е ≤ 0,7 – орташа тығызлықтағы е > 0,75 – сийрек . В) шаңлы қумлар е > 0,6 – тығыз 0,6 ≤ е ≤ 0,8 – орташа тығызлығы е > 0,8 сийрек халларға ажыратылады. 4. Грунттың тығызлық дәрежеси (геўиклик көлеминиң суў менен толыў дәрежеси) Sr = W· ρs / e · ρw ( 3.6) ЎзСТ 25100-95 ке тийкарланып ығаллалық дәрежесине қарап грунтлар төмендеги халларға бөлинеди. 0 < Sr ≤ 0,5 – кем ығалланған 0,5 < Sr ≤ 0,8 – ығалланған 0,8 < Sr ≤ 1 – суўға тойынған Такирарлаў ушын сораўлар Ылайлы грунтлардың жағдайын айтың? Өте шөгиў жағдайы ўақытқа тысқары қандай жүз береди? Грунт қурамындағы қайсы күш жабысқақлық қәсийетине ийе? № 4- Лабораториялық жумыс I.Грунттың жумсақлық ҳалындағы жоқары шегарасы- ағыўшаңлық шегарасын анықлаў. Грунтлардың жумсақлығы деп, олардың үзликсизлигин жоғалтпастан (бузылмастан, ажыралмастан, жарылмастан) көринисин өзгертиўи ҳәм сол көринисти сақлап қалыў қәсийетине айтылады. Жумсақлық ылайлы грунтлардың ығаллығынан белгиленеди. Ылайлы грунтлар геўекликтеги суўдың муғдарына қарап қатты, (онша каты емес –полутвердый) жумсақ, ҳәм ағыўшаң халларда болыўы мүмкин. Грунттың бир халдан екинши халға өтиўин көрсететуғын еки шегаралық ыгаллық болады. Бул ығаллықлардың бириншиси ( Wp ) грунт жумсақ халатының жайылыў шегарасы, яғный жумсақ ҳәм қатты ҳаллардағы орташа шегарасы делинеди. Екиншиси ( WL ) – грунт, жумсақ халдағы жоқары шегарасы ағыўшаңлық шегарасы, жумсақ ҳәм ағыўшаң халлары ортасындағы шегара делинеди. Керекли әсбап хәм үскенелер. Улыўма аўырлығы 76 грамм болған аралықты сақлаўшы конус Фарфор ыдыс Бюкслар Техник тәрези Белше Кептириўши шкаф 0,5 мм елеўиш Бийиклиги 20 мм ден кем болмаған қәлип Эксикатор Тәжирийбе өткериў тәртиби. Шама менен көлеми 50 см3 қа тең грунт, майдаланып елеўиштен өткериледи. Еленген грунты фарфор ыдысқа салып үстинен аз-аздан дистирленген суўдан қуйып қатты қамыр халына келгенше қарылады. Қамыр халына келген грунт жабық эксикаторда 2 сааатан кем болмаған ўақытта тындырылады. Грунт қамыры белше жәрдеминде қалипке тығызлап толтырылады ҳәм бети белше жәрдеминде қәлип қырына шекем тегисленеди. Тегисленген грунт грунт қамырының бетине аралық сақлаўшы конус орнатылады. (1-сүўрет). Конустын массасы - Егер конус 5 секундтта өз аўырлығы менен белгиге шекем (10 мм) грунтқа батса, грунттың бул жағдайдағы ығаллығы оның ағыўшаңлық шегарасындағы ығаллығына (WL) туўра келеди. Егер грунттың ығаллығы WL ке туўра келмесе, яғный конус белгисинен кем ямаса артық батса, бундай жағдайда ығаллықтың дәрежесине қарап оны асырып ямаса кемейтиў керек. Ол ушын аз-аздан суў қуйып ямаса еленген үлгиден қосып белше менен араластырыў керек ҳәм 2-5 шәртлерде келтирилген жумысларды керекли ығаллықтағы үлгини алғанша даўам еттириў шәрт. Жоқары ығаллық шегарасы туўра келетуғын грунт қамыры таярланғаннан соң, оннан ығаллықты анықлаў ушын бюксларға үлги алынады. Ығаллықты анықлаў 3- тәжирийбеде келтирилген көрсетпелер бойынша орынланады.
сүўрет Грунт жумсақлығының жоқарғы шегарасы. Download 0.58 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling