Ибрайым юсупов жети асырым
Download 0.8 Mb. Pdf ko'rish
|
jeti asirim
- Bu sahifa navigatsiya:
- ЭКСПРОМТЛАР
АЛТЫН ҚОЛЛАР
Ғазлар қонған айдын-айдын көллери, Жасыл лифас кийди ўатан жерлери. Жең түринип, ақ билегиң сыбанып, Иске түсти еркин мийнет ерлери. қ а й т а р м а с ы: Алтын қоллар, Шебер қоллар, саў болың, Ис палўаны Қәдирданлар саў болың. Гүлге бөлеп қарақалпақ даласын, Шөллерде орнатқан Газли қаласын, Ақ алтынның теңизине толтырған Әму менен Зерабшанның жағасын;— Мәрғуланда жипек шалған қолларым, Аралдан ақ сазан алған қолларым. Саҳраларға мийўалы бағ көгертип, Мырзашөлге суў апарған қолларым. Машинаға минди турсынайларым, Жарысқа шақырып тең-қурдасларын. Сахнада жаңлатып шадлық дуўтарын. Гүл жайнатып кесте тиккен қолларым. 1960-жыл. 26 ЭКСПРОМТЛАР 1 Әй, ўақыт, қартайғанымда мақтаншақ қыла көрме, Мәўжирип аққан турмыстан артта қалдыра көрме, Тек өзиме өзимди мақтатып, мазақ етип, Жаслардың аддында сонда сырым алдыра көрме. Әй, ўақыт, бол-бол жебеўшим, жол ортада мен талықсам. Демесин әлле ким маған: «түҳ, сен артта қалыпсаң» Қүдиретли қолың менен қамшыла сонда ябымды. (Артта қал...демек, сенде бир қайырға шыққан балықсаң). 2 Бул теңиздиң бойында ким турмаған, Бул толқынлар қайсы аяққа урмаған. Ай соқпағы ақ көйлектей шубалып, Пушкинниң де талай түнин урлаған. Мен де турман. «Ойың не?» деп сора бир, Теңиз айтар «сүңгип маржан ала бил». О, мен ҳәзир компас болсам, сүйиклим, Саған барар еди-аў барлық корабль! Гурзуф. Май, 1960-жыл. ҚОҢЫР ҒАЗ ("Муўса" намасына) Айдын көлде сайран салған қоңыр ғаз Сени көрсем қыс күнлерим болар жаз. Сени көрсем қанат байлап кыялым, 27 Жас жүрегим өзин бийлеп тура алмас. Қанатыңда келер бәҳәр әййямы, Бәҳәрде бас қосса куслардың жәми Қасқалдақ, бирқазан, көлдиң қутаны Саған арыўлықта аўқам бола алмас. Арқаның әдиўли теңизи Арал, Аралдан ғаз кетсе кеўлим бийқарар, Қуслар жат мәнзилде мәканлап қалар, Адам туўған жерге тартпай тура алмас. Ғаз келер, ғаз келер, қоңыр ғаз келер, Ғазлар келген сәйын бәҳәр — жаз келер, Жас адамның кеўли ышқыпаз келер, Өмир гөззаллығын сүймей жүре алмас. Қеўлимде муҳаббат, баста дәўраным, Алтын жағыс Арал, шадлы мәканым, Сайран сал қоңыр ғаз, сайранла жаным, Саған ҳеш бир суңқар пәнже сала алмас. 1957-жыл РОМАНС («Ҳа, сүйгеним Айпара»... деген қосықтың намасына) Есиңде ме, жасыңда Үйимиздиң қасында Қос талшыбық көгерттик Салманың жағасында? Жыл артынан жыл өтти, Билим қуўып мен кеттим. Тал шыбықтай таўланып, Сен аўылда ержеттиң. 28 Жыл өткизип арадан, Аўылға мен бараман, Қос терекке сүйенип, Сени еске аламан. Есиме түсер мениң Суў бойына келгениң, «Ай не ушын жалғыз?» - деп, Сырлы саўал бергениң... Аўа, жаным, ай жалғыз, Сени алған қай жалғыз? Сол балалық күнлерди Сен де ядыңа ал, қыз. Ҳәрре ушар, пал қалар, Қуслар кетер, тал қалар. «Қара көзли қоңысың, Қайда?» деп, тал ырғалар. Қайдан билсин қара тал, Бойында алыс дәрьяның, Қос терегин бир сулыў Сағынып ҳәзир турғанын… 1960-жыл, Украина. Download 0.8 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling