Ибрайым юсупов
Download 2.8 Kb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)
МЕН ҚОРЫҚПАЙМАН
Мен қорықпайман, сайлаң мейли сайламаң, Маған онша үлкен үмит байламаң. Микрорайон подвалларын қурғатып, Аралға суў береди деп ойламаң. Бурын да депутат болып көргенмен; Сайланарда мен де ўәде бергенмен. Hаказларды бежерсем деп, айтысып, Талай есиклерди сүзип жүргенмен. Бир гезде депутат болыў мәр еди, Жумысы аз, дәбдебеси зор еди. Көкирегиңде значокты көриўден, Жабық есиклер де ашылар еди. Мен айтпайман, сайлаң деп я сайламаң, Ўәделер көп от жоқ жерге байлаған. Усы киси ун жаўдырып аспаннан, Абат етип таслайды деп ойламаң. Қолында бар күшлилерден айырмам: Мал айдамай, сөз айдаған шайырман. Мен депутат болмасам да, халықтың Жырын жырлап, хызметине тайынман. 105 Халық иси ушын мендағы бел буўаман; Ҳүждан мүлкин ҳадаллыққа жуўаман. Мен де сиздей ел мәпи деп ентелеп, Он толғатып, тоғыз ирет туўаман. Қанекей бар болса менде кәрамат, Болар едим ел дәртине дәрамат. Тоңғанларды демим менен жылытып, Сырқатларға берер едим шәәәт. Жыллы кийип, балалар тоқ өскенде, Кемпир - шаллар қысынбай шай ишкенде, Дүканларды арзан нанға толтырып, Газ тартарем қум аўылға, қос көлге. Берер едим, болса менде кәрамат, Саўдагерге инсап пенен қанаат. Базар қатнасығы деген дәўирге Барар жолда болар бундай әламат. Пулы жоқ банклерден биз болдық ығыр Журт айлық алалмай бығыр да бығыр. Кирттай Hөкис толып кетти банклерге, Халықта сөз бар: суўсыз жапқа қос шығыр... Арба оңлы жүрмей, ат шаппай атыр, Дүнья әспек болып, суў ақпай атыр. Базар деген бәле менен, биз түўе, Президентлер де тил таппай атыр. Қыйыншылық барлық жерди гезбекте, Бар емес тек қарақалпақта, өзбекте, Даўыл турса ҳәмме қамыс теңселер, Бар СHГ бир кемеде жүзбекте. 106 Соның ушын минезимиз шурт болып; Түспейик өз мийимизге қурт болып, «Көп пенен көргениң уллы той» деген, Жетисип кетермиз толы журт болып. Мен қорқпайман сайланыўдан - сайлаўдан, Кимниң аты озады деп айдаўдан, Мен қорқаман көмешлерге күл тартып, Қара бастың мәртебесин ойлаўдан. Дүнья ҳәзир қас - қағымда өзгерген, Мен қорқаман қурғақ ўәде сөзлерден, Бизиң елдиң тыныш, татыў бирлигин, Күнлеп иши күйген жаман көзлерден. Және айтаман: басқалардан айырмам, Өзиңизден йош алған бир шайырман, Оты менен кирип сиздей халықтың, Күли менен шығыўға мен тайынман. Декабрь, 1994-жыл. Download 2.8 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling