Ибрайым юсупов
Download 2.8 Kb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)
ПОЭЗИЯ ЖУЛДЫЗЫНА
Жыллар асаў аттай, бизди узаққа Алып қашып барар кеши-күндизи, Жерде жанған отлар сөнер, бирақта Сен сөнбейсең, Поэзия жулдызы. «Инсанлар өз дәртин гүңиренип жүрсин», Деп тәңирим саған бергенди тилсим, Адам жулдызлардың тилин не билсин, Сен болмасаң, Поэзия жулдызы? Таўлар булақ көзин көмбесе егер, Адамлық пазыйлет өлмесе егер, Әрман жулдызлары сөнбесе егер, Сен сөнбейсең, Поэзия жулдызы. Жасыл жапырақ самал менен ойнаса, Ашықлық ышқыдан кеўил тоймаса, Гүллер ғумшаланса, бүлбил сайраса, Сен жаңасаң Поззия жулдызы. «Ғалаўытлы ҳәм бул гөззал дүньяны Тәрк еткен шағда да шайырдың жаны, Бийик көктен сәлем жоллап мудамы, 38 Жан үстимде, Поэзия жулдызы! Апрель, 1991-жыл. ДӘЎРАН «Дәўлет қусы қонарында Бас таңламас мудам» десер. Қуладин қуў аларында, Жапалақты «тарлан» десер. Дәўран қараған шағында, Ҳәр ким патша өз тағында. Дәўлети қайтқан ўағында, Жақсыны да «жаман» десер. Атлар аттан бөлингенде, Қыйқыўға журт еринген бе? Дал бедеўлер сүрингенде, Жүйрикти де «шабан» десер. Мереке көрмеген кимсе, Өзин бек санар өзинше. Шонтық жигит атқа минсе, Өз атасын «жорам» десер. Аңғырт минез аламаншы, Кыйқыўы өзине қамшы. «Халқым!» десе бир алдамшы" «Усы керек маған» десер. «Пай енеғар мына ешек. Лап болмайды-аў тулпар десек, Қуйрығын самалға төсеп, Шабысына қараң» десер. 39 «Суў беремен теңизиңе» Деп инантар лебизине. Ҳәр ким тартар негизине, Аңламаған жаман десер... Сентябрь, 1989-жыл УЛЛЫ ЖЫРАЎ БАБАМБЫСАҢ (Жийен жыраўдың зияратына естелик қойылғанда оқылған қосық. Қабақлы ата, 31-март, 1991-жыл) Сизге ҳақ сәлемин берсем, Жатырқамай ялармысаң. Ырастан сол Жийен деген Уллы жыраў бабамбысаң? Жәбир керип жаўыз ханнан, Көп тарығып ас ҳәм наннан, Ата журты Туркстаннан Асып келген бабамбысаң? Жаңа дәрьяны жағалап, Қуўан дарьяны қуўалап, Тербенбеске ел паналап, Қоныс басқан бабамбысаң? "Қабақлы ата" зиратынан Руўҳың елеслер маған, "Посқан ел" муңын толғаған. Сол теберик бабанбысаң? Қобызыңның муңлы сазы,— Қайраўдың байлаўлы ғазы, Тағдирге болып наразы, Гүңиренген бабамбысаң; 40 Сум пәлектиң гәрдишине, Бас шайқап заман исине, Жаңа әўладтың түсине, Аян берген бабамбысаң? Инсан ҳәддинен асқанын, Келип-келип адасқанын, Тениз иргеңнен қашқанын, Сезип жатқан бабамбысаң? Таўап етсем топырағыңды, Мен яд етсем әрўағыңды, Биздей үрим-пүтағыңды Қоллайтуғын бабамбысаң? Download 2.8 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling