Iii бап. Халық аралық кредит базары. Корпоратив структураларға шет ел банк кредитлерин қосыў


Сыртқы қарыз индикаторларының шегара көрсеткишлери


Download 379.58 Kb.
bet4/7
Sana07.03.2023
Hajmi379.58 Kb.
#1244385
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Finans hám saliq Raxim Dosmuratov

Сыртқы қарыз индикаторларының шегара көрсеткишлери.

Индикатор

Қарыздарлық дәрежеси

Жоқары

Oрта

Tөмен

Мәмлекет қарызы, ЖИӨге салыстырғанда
% те

>50

>30<50

<30

Мәмлекет қарызы, тавар ҳәм хызметлер
експортына салыстырғанда % те

>275

>165<275

<165

Қарызға хизмет көрсетиў қарежетлери, товар ҳәм хизметлер
експортына салыстырғанда % те


>30


>18<30


<18

Процент қәрежетлери, товар ҳәм хызметлер кирипына салыстырғанда % те

>20

>12<20

<12

Мәмлекет қарызының сап
ҳәзирги көлеми, ЖИӨ ге салыстырғанда % те

>80

>48<80

<48

Мәмлекет қарызының сап ҳәзирги коълеми, товар ҳәм хызметлер експортына салыстырғанда % те


>220


>132<220


<132

Әмелиятда халық аралық резервлердиң сыртқы қарызға қатнасын анықлаў арқалы да қарыздарлық дәрежесин баҳалаўға итибар қаратылады. Дүняның түрли мәмлекетлеринде бул коеффициент жоқары дәрежеде сиясий группаланған.


" Мысалы 2015-жыл басында АҚШда бул көрсеткиш 2, 5%, Японияда 46, 2%, Россияда 64, 5% ти қурайды". " 2018 жыл 1-октябр жағдайына көре, Өзбекстанның алтын -валюта резервлери 26, 4 миллиард АҚШ долларын қүрап, улыўма сыртқы қарыздан 1, 7 есе көп болып, 20 айлық импорт қарежетлерин қаплай алады".
Сыртқы қарыздың жалпы ишки өнимдеги үлеси, халық аралық резервлер ҳәм сыртқы қарыз өз аро қатнасынан тысқары миллий економикалар сыртқы қарыз турақлылығынды баҳалайтуғын қосымша төмендеги индикаторлардан да пайдаланылады (-кесте):
Халық аралық қарыз базарында қаржылар тартыў ушын қарыз инструментлериниң тийкарғы еки типинен, яғный емиссион ҳәм емиссион емес инструментлеринен пайдаланылады. Бунда емиссион инструментлер қурамына түрли қарыз қымбатлы қағазлары, емиссион емес инструментлерге болса ҳәр қыйлы кредитлер киритиледи. Бүгинги күнде бул инструментлер өз ара қатнасы 2/1 ге тең екенлигин да бөлек белгилеп өтиў зәрүр.
Мәмлекетлер суверенли қарыз алыўшылар ретинде халық аралық финанслық шөлкемлерден ямаса басқа мәмлекетликлер ҳукиметлеринен кредитлер алыўды, соның менен бирге Евро облигациялар көринисинде орта ҳәм узақ мүддетли қарыз қымбатлы қағазларын шығарыў ҳәм де жайластырыў арқалы қаржылар тартыўды әбзал көреди. Буған Өзбекстаннын Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки сыяқлылардан кредитлер тартылғанлығы, 2019-жыл феврал айында 5 жыллық ҳәм 10 жыллық Евро облигациялар жайластырыў арқалы 1 миллиард доллар қаржы тартылғанлығы мысал бола алады.
Бүгинги күнде Евро облигациялар суверенли сыртқы финанслық тәмийнлеўдиң тийкарғы инструменти есапланған бир ўақытта Өзбекстан тәрепинен суверенли евро облигациялардың жәҳән финанс орайларынан бири болған Лондон фонд биржасында табыслы жайластырылыўы сыртқы қарызды диверсификациялаўда да әҳмиетке ийе болады.
Суверенли сыртқы қарыз бенен байланыслы мунасәбетлердиң нәтийжели шөлкемлесторилиўи көп тәрептен мәмлекеттиң халық аралық кредит рейтингине тиккелей байланыслы. Себеби суверенли кредит рейтинг қарыз алыўшы мәмлекеттиң исенимлилик дәрежеси ҳәм кредит рискын баҳалаўға мүмкиншилик береди. Ҳәзирги ўақытта уш халық аралық рейтинг агентликлери, яғный Standard&Poor‘s, Moody‘s Investors Service ҳәм Fitch Ratings дуняда тән алынған агентликлер болып табылады. Әйне солардың кредит рейтинглери халық аралық инвесторлар тәрепинен кредит рискларын баҳалаўда кең пайдаланылады. Standard&Poor‘s, Moody‘s Investors Service ҳәм Fitch Ratings рейтинг агентликлериниң кредит рейтинги көрсеткишлери төмендегише баҳаланады.


Download 379.58 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling