4.2 Өзбекстан Республикасының сыртқы қарызы мунасәбетлери
Улыўма сыртқы қарыз резидентлердиң нарезидентлер алдындағы тийкарғы қарыз ҳәм процентлерди төлеў талап етилетуғын миннетлемелерин сәулелендиреди. Улыўма сыртқы қарыз мәмлекет ҳәм жеке сектор қарызларын өз ишине алады. Улыўма сыртқы қарыз анализи соны көрсетеди, 2012-2015-жыллар даўамында қарыздарлықтың өсиўи мәмлекет ҳәм жеке секторларда гүзетилген. Бирақ, 2016 жылдан баслап, жеке сектор тәрепинен қарызлардың төлениўи олардың алыныўынан үстинлик еткен ҳәм баҳалаўларға көре бул динамика 2019 жыл ақырына шекем даўам етеди. 2018-жылда мәмлекет секторы сыртқы қарызларының өсиў пәти өткен жылға салыстырғанда асқаны бақланып, әмелдеги мағлыўматлар тийкарында өсиў пәтиниң әмелдеги тенденциясы келеси жылда да сақланып қалыўы кутилмекте. Бул жағдай мәмлекет раўажланыў программаларын финанслық тәмийнлеў ушын қамтып алынған жаңа қарыздарлықлар менен түсинтирилиўи мүмкин (1-сүўрет).
20
15
10
5
0
2012 2013 2014 2015 2016 2017 2018
1-суўрет. Өзбекстан Республикасы улыўма сыртқы қарызының динамикалық қатарлары.
Өзбекстан Республикасы сыртқы қарызының улыўма көлеми 2018-жыл басынан 9,5%ке ямаса 1,5 млрд долларға асқан ҳалда 2019-жыл январь бойынша 17,3 млрд долларды қурады.
Економикалық секторы
|
Төмендеги сәнелер жағдайына көре қарыздарлық
|
Салмағы
|
2018-жыл ушын өзгерис
|
01.01.
2017 y.
|
01.01.
|
Do'stlaringiz bilan baham: |