Баҳа индексин улыўмаластырып, яғный орташа тартылған усылдан пайдаланып статистикада улыўма баҳа индекси былай табылады.
ямаса
Баҳа индексин анықлап болғаннан кейин инфляция қубылысында баҳа өсими тезлиги (темп инфляция) көрсеткиши жүдә әҳмийетли. Инфляция тезлигин анықланған жыл ушын былай табыўға болады.Өткен жылдың мысалы 2019-жылдың яғный үйренилип атырған жылдың баҳа индексинен айырып ҳәм бул айырманы 2018-жылдың өткен жылдың баҳа индексине бөлип, 100 % ке көбейтемиз яғный төмендеги формула түринде көрсетемиз. - Баҳа индексин анықлап болғаннан кейин инфляция қубылысында баҳа өсими тезлиги (темп инфляция) көрсеткиши жүдә әҳмийетли. Инфляция тезлигин анықланған жыл ушын былай табыўға болады.Өткен жылдың мысалы 2019-жылдың яғный үйренилип атырған жылдың баҳа индексинен айырып ҳәм бул айырманы 2018-жылдың өткен жылдың баҳа индексине бөлип, 100 % ке көбейтемиз яғный төмендеги формула түринде көрсетемиз.
Ip1 - Ip0 Т инф = ------------ х 100 % Ip0 Нобель сыйлығы лауреаты экономист Милтон Фридмен былай көрсетеди. - “Инфляция-ҳәмме жерде, бәрқулла-пул қубылысы” Оның жоқары тезликте болыўы бул ҳүкиметтиң айланыстағы пул массасының үстинен тексериўди жиберип қойғанлығын көрсетеди. Инфляция товар өндириўге қарағанда пулдың айланысқа шығарылыўы көп болғанда келип шығады екен.
2. Өзбекистанда 2019- жыл жуӱмақлары бойынша инфляция көрсеткишлери
Орайлық банктиӊ 2019-жыл жуӱмақлары бойынша пул-кредит сиясаты көрсеткишлери туўрындағы мағлыӱматлары бойынша “Пул-кредит сиясатыныӊ 2019- жыл ҳәм 2020-2021 жылларға мөлжелленген тийкарғы бағдарлары”да көрсетип өтилген Өзбекистан экономикасы раӱажланыӱыныӊ тийкарғы сценарийсы бойынша, 2019- жыл ушын инфляцияныӊ прогноз көрсеткиши 13,5-15,5 пайыз дәрежесинде белгиленген еди.
Орайлық банк 2019- жыл даӱамында қайта финансластырыӱ ставкасын көрип шығыӱ процесинде инфляцияныӊ прогноз дәрежесин өзгериссиз сақлап қалды.
Do'stlaringiz bilan baham: |