Шамурат
|
-Күнде той берип жургенлер тойып секирип жургенлер-ғой.
|
Айжан
|
-Тойдың ирети болар, азымаз сабыр етейик. Қызымызда ақылсыз емес ғой, бир ойлағаны бар шығар. Ҳәзир жумыслары баса бас шығар. Бизнес дегенде аңсат емес қусайды-аў.
|
Шамурат
|
-Бизиң халықта түсинбейди-аў. Базар экономикасына қашан өтип боламыз деп асығады, түўе. Оларға салсаң, ҳәммеси бир күнниң ишинде пите ғойса. Қолларын жыллы суўға малып, май кекирип отырса! Оқымайды. Билмейди. Үйренбейди.
(қоңсы ҳаял Қанигел киреди.)
| Қанигул |
-Сәлем бердик! (даўыслайды, екеўи менен де қол алысып сәлемлеседи.)
|
Қанигул!_Үй-ишлериң_саў_ма__Шамурат'>Айжан
|
-Аман-саў журсең бе, Қанигул! Үй-ишлериң саў ма?
|
Шамурат
|
-Аман-есен бе, келин?
|
Қанигул
|
-Шукир, шукир! (отырады)
|
Айжан
|
-Пай, Қанигул, келгениң жақсы болды. Мына ғарры мийимди тести ғой.
|
Қанигул
|
-Ҳе, аманлық па, шеше?
|
Айжан
|
-Әй, тыңлағандай қулақ болса, буның сайрайтуғын әдети бар ғой. (Олар күлиседи.)
|
Шамурат
|
-Сайрайтуғын бүлбил қулағына қарамайды.
|
|
Do'stlaringiz bilan baham: |