Коллоид системалардың электр қәсийетлери


Download 32.73 Kb.
bet6/8
Sana12.11.2023
Hajmi32.73 Kb.
#1768205
1   2   3   4   5   6   7   8
Bog'liq
лекция 14 Коллоид системалардың электр қәсийетлери

Ойлап қарайық, сынап металы сынап дузының суйылтылған еритпесине батырылып қойылған болсын. Сынап ионларын суўдың полярлы молекулалары өзине тартып алыўы себепли сынаптың сырт-керимлиги кемейип кетеди. Енди сынап дузы еритпесиндеги сынап сыртына терис электр заряд берип бул сыртты полярлап барсақ сынаптың сырт керимлиги менен сынап сыртының заряды арасында байланыс барлығын байқаймыз. Сынап сыртындағы оң заряд кемейген сайын сынап пенен еритпе шегерасында сырт керимлик артып барады. Сынап сыртындағы барлық оң зарядлар нейтралланып болғаннан кейин, яғный сынап сыртының заряды нөлге тең болғанында сырт керимлик үлкенлиги максимал мәниске ериседи. Сынап сыртында терис заряд көбейе берсе, сынап пенен еритпе шегерасындағы сырт керимлик кемейе баслайды.

Сырт-актив затлар адсорбланыўының электрокапиляр иймек сызық көринисине тәсири

  • Егер ертипеде сырт-актив зат қатнасса электрокапилляр иймек сызық өз формуласын кескин өзгертеди, себеби, сырт актив зат сынапқа адсорбиланып (электрпотенциал тәсиринен тысқары) қосымша тәсир көрсетеди ҳәм сынаптың сырт керимлигин өзгертип жибереди. Бул өзгерислердиң үлкенлиги сырт актив заттың тәбиятына ҳәм оның концентрациясына байланыслы. Оннан басқа, еки фазаның шегера сыртына адсорбланатуғын сырт актив зат муғдары Липпман теңлемесине муўапық потенциал үлкенлигине де байланыслы. Егер сырт актив зат сезилерли дәрежеде ионоген харатерге йие болмаса, ол сырттың электр потенциал киши (сырт керимлиги үлкен) тараўларына көбирек адсорбиланады.

Электрокапилляр иймеги
Қос электр қабаттың (ҚЭҚ) пайда болыў себеплери
I. Қатты денениң кристалл решеткаларындағы ионлардың электрохимиялық потенциалы менен еритпедеги ионлардың тең емеслиги:
Электрохимиялық потенциал = химиялық потенциал + электрохимиялық қураўшылар
А. ҚЭҚ пайда болыуынын адсорбцион механизми
Егер , болса иодид ионлар (потенциал анықлаўшы ионлар ПАИ) өзиниң сольватланған қабатын жойтады ҳәм бөлекшени терис зарядлап қатты фаза сыртына адсорбцияланды
Терис зарядланған бөлекшеге электростатикалық тартылыў себепли еритпеден қарама – қарсы белгидеги ионлар (қарама – қарсы ионлар - ҚҚИ) – калий ионлары тартылады

Download 32.73 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling