Маҳбуба Хамидова


Download 1.19 Mb.
bet6/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

ИЛИМ ҲӘМ ДӨРЕТИЎШИЛИК


РЕЖЕ:

  1. Илим түсиниги ҳәм функциясы.

  2. Илимий дөретиўшилик түсиниги ҳәм оның илимий процесстеги орны.

  3. Дөретиўшиликтиң философиялық негизи.

  4. Илимий билимлерди дөретиўшилик раўажландырыўда әййемги ойшыллардың роли (антик дәўир):

  5. Жәҳән мәденияты ҳәм илимниң раўажланыўында ояныў дәўири және жаңа дәўирде илимий дөретиўшиликтиң раўажланыўы.

  6. Дөретиўшиликтиң теориялық машқалаларын көтериў исине Шығыс ойшылларының қосқан үлеси.



ИЛИМ ТҮСИНИГИ ҲӘМ ФУНКЦИЯСЫ

Илим-дүнья ҳаққындағы билимлер системасы, жәмийетлик ақыл-ой, формаларынан бири. Ол жаңа билимлерди ийелеў менен байланыслы жумысты да, бул жумыстың жемиси - әлемниң илимий көринисиниң тийкарын қурайтуғын билимлерди де өз ишине алады: инсан билимлериниң айрым салаларын сәўлелендиреди. Илимниң тиккелей мақсети өзиниң үйрениў предмети есапланған шынлықтың нызамларын ашыў тийкарында усы шынлық процесси менен қубылысларын тәрийплеў, түсиндириў алдын-ала айтып бериў болып табылады.


Илим – бул раўажланып, өсип барыўшы билим системасы, жәмийетлик ой-пикирдиң ҳәм инсаният цивилизациясы дөретиўшилик әмелиятының инсанның өзин қоршаған әлемди узақ мүддетли және терең өзлестириўге, тәбийғый ҳәм жәмийетлик шынлықтың барлық нызамлықлары ҳаққында анық, терең, ҳақыйқый мағлыўмат алыў, бундай мағлыўматты өзлестириў сақлаў, қайта ислеў және оннан пайдаланыўға бағдарланған айрықша өз алдына форма. Бүгинги күнде илим ҳәзирги заман постиндустриал, мәлимлеме жәмийетиниң архетипинен беккем орын алған. Бунда әлемниң дүзилисин дөретиўшилик билиў институты сыпатында илимниң эпистемологиялық, креативлик – эвристлик функциясы айрықша роль атқарады. Ҳәзирги заман классик емес (квант реалитивистлик) илиминиң креативлик-эвристлик роли өз алдына дөретиўши алымның илимий ислеринде де, илимий жәмәәтлер, лобараториялар, институтлар, сынақ полигонлары ҳәм басқалардың илимий ислеринде де өз сәўлелениўин табады. Эпистемалогия билим, оның дүзилиси, структурасы ҳәм раўажланыўын үйренетуғын философиялық – методологиялық тәлиймат.
«Философия илимлери энциклопедия»сында Гегель илим системалылық сыпатқа ийе екенин көрсетип, «Илим мәнисиниң тәсири менен система, себеби ҳақыйқатлық, конкретлик усаған өз ишинде ҳәўиж алыўшы бирлик, яғный бир пүтинлик болып табылады» деп көрсеткен еди.
Жәмийеттиң руўхый мәдениятының элементи сыпатында илимниң эпистемологиялық функциясы жәмийеттиң илимий билим менен байланыслы болған қадриятларын, мақсетлерин, мәплерин жәмлеп барыўды нәзерде тутады. Илим адамларға өз күшине, инсан ақыл-ойының билиў қүдиретине исеним сезимин береди. Себеби, Президентимиз Ислам Кәримов тастыйықлағанындай, «Илим жәмийеттиң раўажланыўын алға жылжытатуғын күш».
Илим жәмийетлик институт сыпатында ҳәзирги заман жәмийетиниң турмысында әҳмийетли роль ийелейди ҳәм көплеген функцияларды орынлайды. Бул функциялар арасынан төмендегилерди атап көрсетиў мүмкин:
- илимниң бейимлестириўши функциясы турмыслық хызметтиң тәбийғый ҳәм жәмийетлик шараятларына бейимлесиў қәбилетин қәлиплестиреди:
- илимниң белсендилестириўши функциясы жәмийетте тәбиятқа байланыслы әмелий өзгертиўши хызметке уқыплылықты қәлиплестиреди:
- илимниң вариативлик функциясы қоршаған орталыққа байланыслы жәмийеттиң мақул минез-қулқын, өзин тутыўын қәлиплестиреди:

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling