Қанлыкөл районында СОЦИАЛНЫЙ комплекс бойынша ең әҳмийетли бағдарларда әмелге асырылған жумыслар бойынша
МАҒЛЫЎМАТ
*ЖАСЛАР бойынша
Районда халық саны 52 864ни қурайды соннан жәми 30 жасқа шекемги жаслар саны 26 111 (район халықыныӊ 56,3 %) болып, соннан 18-30 жас аралығындағы жаслар саны 9 814 (5 739 қыз)ди қурайды.
1 176 жумыссыз жастан 613 жас (52,1 %) жумыс ислеў қәлеўин билдирип, соннан 2022-жыл даўамында 23-январь күни ҳалатына “ЖАСЛАР ДӘПТЕРИ”не жәми 997 жас (32,9% қыз) киритилди. Ҳәзирде дәптерде барлар саны 6 жас соннан: 987 жас (95,2 %) “Жаслар дәптери”нен шығарылды.
*РЕЖЕ: 2022-жылда Жаслар дәптерине жәми 2 008 жас киритилиўи режжелестирилген. Соннан бүгинги күн ҳалатына,
-турақлы жумыс орынларына 462 жас,
- cубсидия 75 жас,
- исбилерменликке ҳәм кәсип-өнерге 265 жас,
- жер ажратыў 347 жас,
- 1+1 исбилерменлик курсына оқытыў аркалы 37 жас
Жәми 1186 жастың бәнтлигин тәмийинленди.
Жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде 11 мәхәлледе
(1-типдеги) 5 воркоут, Бостан АПЖ, Мәденият МПЖға (2-типдеги)
2 спорт комплекси майданшасы, Наўрыз АПЖ ҳәм Бескөпир АПЖға
(3-типдеги) спорт комплекси қурылады.
*МШБ бөлими бойынша
Бүгинги күнде Қанлыкөл районы мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 13 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм 5 жеке шерикшилик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 5 шаңарақ мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жумыс алып бармақта.
Қамраў бойынша Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине караслы МШБШ де камыраў көрсеткиши 2022-жыл жуўмағы менен бул көрсеткиш 72,0 пайызды қурайды.
*РЕЖЕ 2023-жыл 2 шанараклык мамлекетлик емес МШБ ашыу аркалы камрау 50 бала қамралады, 3 мамлекетлик МШБ қурыў арқалы 270 бала қамралады.
Do'stlaringiz bilan baham: |