МƏҢГИ БУЛАҚЛАР
(Жер жүзилик поэзия классиклериниң
қосықлары ҳəм поэмаларынан)
Нөкис
«Қарақалпақстан»
1985
Аўдарған И.Юсупов
«Қарақалпақстан», 1985-жыл, 160 бет.
Қарақалпақстан халық
шайыры Ибрайым Юсупов
тəрепинен түрли жылларда аўдарылып топланған бул
жыйнақта жəҳəн классик поэзиясының маржанлары
берилген. Бул поэзия жыйнағын кең оқыўшылар
жəмийетшилиги заўықланып оқыйды деген үмиттемиз.
Оның үстине,
топлам мектеплерде, педагогикалық орта
жəне жоқары оқыў орынларында жер жүзилик поэзияны
ҳəм
елимиздеги
туўысқан
халықлардың
классик
шайырларының
творчествосын
үйрениўде
бай
хрестоматиялық мағлыўматлар береди.
КҮНШЫҒЫС
ҒƏЗИЙНЕСИНЕН
РУДАКИЙ
(IX-X əсирлер)
Соқыр көз бенен-ақ пүткил
дуньяны көриў мүмкин.
Рудакий.
Тəжиклер ҳəм фарсылар- Иран шығыслы халықлар.
Бири орта азиялы шығыс иранлылардың,
екиншиси-батыс
иранлылардың туқымы. Олардың
тили бир, бирақ ҳəр
қайсысы өз диалектлик өзгешелигине ийе, өзинше мəдений
раўажланыўына ийе. Олар гə бир патшалыққа кирип, гə
бөлекленип, өзинше мəмлекет дузип жасаған. Сонлықтан
олардың мəдениятында əййемнен тығыз
ортақлық бар,
поэзиясында олардың классик шайырлары еки халықтың да
əдебият тарийхына киреди.
Жер жузилик поэзия ғазийнесинде жүдə кең орын
тутатуғын фарсы-тəжик классик шайырларының сағасында
2
Рудакий турады. Абулҳасан Рудакий ҳəзирги Тəжикстанның
Зарафшан ойпатындағы Пенжикентке жақын жердеги Рудак
деген таўлы аўылда IX əсирдиң елиўинши
жылларында
туўылады ҳəм узақ өмир сурип, дүньядан етеди.
Рудакий Гомер сыяқлы, иштен соқыр болып туўылған
деседи. Оның қосықлары, “Қалила ҳəм Димна” дəстанының
үзиндилери халық аўзында сақланып қалған.
Шайыр дəслеп тəжиклердиц күшли əмири Саманид
сара-йында оғада
сыйлы болып, соң ҳукимдарға жақпай,
сарайдан қуўылады ҳəм өз туўған аўылында өледи.