6-басқыш. Безеу.
Пардоздан шықкан қуыршақты безеу ушын суретте көрсетилгениндей кийиндирип, қол-аяқлары жалғанып, кирпиги, сашлары, қуйрықлары, улыума, керекті затлар жабыстырылады. Бул қуыршақ қолда кийип ойнатылғаны себепли еки бармақ сыятуғын маслама (патрон) қуыршақтың бармақларына қосып тигиледи. Қуыршақ әрекеттенуі ушын таяр жағдайға келтириледи.
7. Сым (тросътовые) менен басқарылатуғын қуыршақларды жасау.
Керекті үскенелер: полат сым, қуыршақты кийиндириу ушын әр түрліматериал, қайшы, әр түрліқағазлар, жуқа сийле, наждақ қағаз, ылай яки пластилин, гипс, алебастр, вазелин майы, ватман қағаз, картон қағаз, әр түрлітүсті бояулар, ағаш бөлеклери, ағаш устасының әсбап-үскенелери.
1-5 дейін болған басқышлар қолга кийиб ойнатылатуғын қуыршақлар сыяқлы болады.
6-басқыш. Безеу істері.
Пардоздан шыққан қуыршақтың бас бөлимин енди таяқша (габит)га емес, ал, механизатор уста таярлаған мосламаға қатырылады. Бул масламада қуыршақтың қолларын қатырыу ийин бөлиминде болады. Яғный қуыршақтың бармақлары сымга орнатылған масламага, маслама болса қуыршақтын желкесине беккемленеди.
Егерде қажеттілік тууылса қуыршақтың аяқларына және сым орнатыу мүмкин. Сым менен басқарылатуғын қуыршақлардың басқа қуыршақлардан парқы – оның аяқ және қоллары сым менен басқарылады.
8. Жіп (марионетка) менен басқарылатуғын қуыршақларды жасау.
Керекті үскенелер: Өнерментлер қолланатуғын қара түстіжіп, қуыршақты кийиндириу ушын әр түрлі материаллар, қайшы, әр түрліқағазлар, жуқа сийле, наждақ қағаз, ылай яки пластилин, гипс, алебастр, вазелин майы, ватман қағаз, картон қағаз, әр түрлітүсті бояулар, ағаш бөлеклери, ағаш устасының әсбап-үскенелер.
1-5 дейін болған басқышлар қолға кийип ойнатылатуғын қуыршақлар сыяқлы болады.
6-басқыш. Безеуістері.
Пардоздан шыққан қуыршақтың бас бөлимин механизатор таярлаған қуыршақтың геуде бөлимине қатырылады. Қуыршақтың қол-аяғы, геудеси және бас бөлиминен жіп тартып қуыршақты басқарыу ушын таярланған масламаға қатырылады. Жіп пенен басқарылатуғын қуыршақтың өзине сай өзгешелиги сонда, оның әрекетлери басқа қуыршақлар әрекетине қарағанда қызықлы болады. Бул болса тамашагөйлерди өзине жәнеде тартады.
Do'stlaringiz bilan baham: |