Мен бурын көп едим, мен бүгин азбан


Download 21.38 Kb.
Sana25.04.2023
Hajmi21.38 Kb.
#1396983
Bog'liq
Бахтияр Генжемуратов


Тағы да:
Мен бурын көп едим, мен бүгин азбан
Енди мысалларды созыудың кереги шамалы. Усының өзи де жеткиликли.
Усы китаптың аннотациасында "Жас шайырдың қосықларының терең ассосацияға қурылыўын, медитативлик характерин ҳәм формалық излениўин усы көз қарастан түсиндириўге болады" делинеди. Әлбетте, форма бар, формализм бар. Сағынбайда жаңа формадан гөре формализм басым. Бул бир, екиншиден медитативлик деген не? Ол қай дәўирде пайда болған, медитативлик лирика әсиресе сентименталистлердиң поезиясында кең таралады... (Словар литературоведческих терминов,М., "Просвещение", 1974. стр. 204). Демек медитативлик лирика сентименталистлердиң поезиясында раўажланған болса, "сентиментализм – XVIII әсирдиң екинши ярымындағы көркем ағым. Сентиментализм субъективлик (сонда 344– бет).
Шынында да, С. Ибрагимов усы субьектив поезияның ағымына ерип кеткен, оннан шыға алмай қалған. Оның қосықларының субъектив екенлигин, бизиң жоқарыдағы анализимизде көрсетеди. Шайыр көпшилик қосықларында сентиментализмниң батпағына батып, турмысты реалистик сүўретлейге өте алмай қалған.
"Бизлер ҳақыйқатында әдебияттағы алға илгерилеўшиликти таланттан да емес, оның санынан да емес, ал оның бағдарынан, оның жазыў манерасынан көремиз" деген еди В. Г. Белинский
Уллы критик В. Белинский жазыўшының бағдарына ҳәм оның жазыў манерасына айрықша итибар берген. Шынында да жазыўшы не жазып атыр, қайсы бағдарда жазып атыр – бул бүгинги күнниңде үлкен талабы. Жазыўшы қандай идеаны жырлайды, оны қайсы бағдарда сүўретлейди буған оқыўшы бийпәрўа қарай алмайды С. Ибрагимовтың жоқарыда биз анализ еткен қосықларында бүгинги күнниң ҳаўазы онша еситилмейди. Бул оның жазыў манерасының бүгинги идеяны жырлаўға жетиспегенлиги, бағдарының насазлығы. Соның ушын жас шайыр бул жолдан тез шығыўы, өзин жаңа бағдарға социалистлик ҳақыйқатлықты жырлаўға өтиўи керек. Адам жасаў ушын гүрессиз өмир жоқ. Бизге сениң қосықларындағы жылап атырған, сүрнигип атырған, қүлап атырған ҳеш нәрсениң парқына түсинбейтуғын лирик қаҳарманың керек емес, ондай қаҳарман менен биз жаңа адамды тәрбиялай алмаймыз. Бизге гүресе алатуғын, өзин өмирле үлги етип көрсете алатуғын, өз ўатанын сүйе алатуғын лирик қаҳарман керек. Совет әдебиятының идеалылығы деп усыны айтады. Қайта қурыў дәўири бизден жақсы шығармаларды жазыўды күтеди, бул бизиң бүгинги күн талабына қосқан үлесимиз болады.
Шайырдың бундай пикирине ким исене алар екен?" – дейди мақала авторы, Филология илимлериниң кандидаты Т. Мәмбетниязовтың бундай үстиртин, күтә сайыз пикир жүритиўиниң өзи гүна. Ҳәттеки, буны пикир деп айтыўға турмайды – мәнисинен жаланың ийиси және нықсып тур. Ҳақыйқатында, бул қосықтың мазмуны әдебият ҳаққында емес, "әдебият"деген сөз болғаны ушын қосық әдебият ҳаққында деп ойлаған. Ал қосықтың тийкарғы мәниси қудайдың алдында да, халықтың алдында да, өз ҳүжданының алдында да гүна ислеген кимселердиң ҳақыйқый келбетин бүркеп келген сөзлер ҳаққында. Бул қосықтың негизги мазмунында әдалатлық ушын гүрескен адамлардың қуўдалаўларға ушырағанлары көркем сәўлеленген. Сонлықтан да шайыр:
Бул наймыт сөзлердиң зилдей таслары
Жер қылады екен көкирегиңди –
Күсемеўи ушын руўхың аспанды,
тек жүриўиң ушын көрип күниңди, –
деп тебиренеди. С. Ибрагимовтың усы поэтикалық пикирине үнлес көркем ойларын, яғный "тубалаў дәўири" деп аталған жыллардың жел берилген шардай "қызыл сөзлери" туўралы шайыр И. Юсупов та өзиниң "Қайта қурыўдың балларына" атлы қосығында сәўлелендирди:
Минберлерден тоты қустай сайраған,
Қурғақ ўәде, ҳийле ишин жайлаған, –
Қағазларды столлардан ушырып,
Апрел самалы кирди айнадан...

...Хошамет сазлары тынды намасыз,


Қызыл сөзлер қалды овациясыз...
(1988)
Т. Мәмбетниязов "...қосық тек пикирдиң дөретпеси емес, онда пикир менен сезим бириксе ғана ол тәсирли, шырайлы шығады" деп кеңес береди. Кеңесине алғыс айтамыз. Бирақ ол "пикир менен сезимниң биригиўи" қандай басқышлар арқалы мақсетимизге жетелейтуғынын, пикирди өз алдына, сезимди өз алдына қарап, теориялық билим менен түсиндириўи керек еди. Олай етпейди. Қурғақ ақыл бериўин даўам ете береди, яғний: "...қосықты поэзия дәрежесине жеткериў үлкен шайырлықты, турмыс тәжирийбесин, оның үстине излениўшиликти талап етеди" – деп зинҳарлайды ол. Филология илимлериниң кандидаты сыпатында Т. Мәмбетниязов "үлкен шайырлық" туўралы "излениўшилик" туўралы илимий пикирин жазыўы шәрт еди. Тилекке қарсы, олай емес.
Т. Мәмбетниязов шайырдың "Мине, қайтып келдим бул топыраққа" деп басланатуғын қосығы туўралы сынап– минеп турып: Толстой "қосық прозада бере алмаған ойды бериў ушын керек деп ескерткен емес пе?" – деп уллы жазыўшының пикирине жармасады. Мениң ойымша, Л. Н. Толстой "қосық прозада бере алмаған сезимди , туйғыны сәўлелендириў мумкиншилигине ийе" – деп пикир жүриткендей. Жоқарыда атап өтилген қосық туўралы ойларын баянлай отырып мақаланың ийеси: " Усы қосықты ким оқып ләззетлене алар екен?" – деген саўалды қойды. Шамасы, Т. Мәмбетниязов қосықты ләззетлениў ушын ғана оқыйды екен. Демек, буннан шайырлар қосықты оқыўшылар ләззетлениўи ушын жазыўы тийис деген келте жуўмақ шығады. Сонда биз тәрепинен нызамлы сораў қойылады: Жийен жыраў "Посқан ел"ди қарақалпақ халқы усыны тыңлап ләззет алсын деп жырлады ма екен?. Әжинияз "Бозатаў"ды, Бердақ "Ақыбет", "Излер едим" ҳ. т. басқа да қосықларын сорлы ҳалқым рәҳәтленсин, ҳәз етсин деп жазды ма екен?
Қосық дәрттен туўылады. Көкирегинде халқым, елим, журтым деген дәрти бар шайырлар ғана ҳақыйқый шайырлар. С. Ибрагимов усы дүньяның дәрти менен – тәбиятттың, жәмиеттиң дәрти менен толғанады.
Енди меннен
Соралса керек
Бул топырақта –
Не болады мәниси
Бул соқпақ жоллардың?
Не ақлайды олардың даўамын?
Мен қалай ақлайман
Жерге салмақ түсирип турғанымды? –
дейди шайыр. Әййемги қытай фәйласуфи Конфуций: "Жол адамды кеңейтпейди, ал, адам жолды кеңейтеди" – деген еди. Ҳақыйқатында да, С. Ибрагимов өзиниң қосығында сәўлелендирген "бул соқпақ жоллардың" тағдири ушын
Топыраққатуў төгетуғын нәкаслердиң
өмир сүриўи аңсат болмаўы ушын
машақатта өтер өмири кимлердиң...–
дейди.
Т. Мәмбетниязов шайырдың "Қәлесең параз ет..." деп басланатуғын қосығынан үзинди келтиреди де, "буның қосық емеслигин айтыўдың қәжети болмаса керек" – деген шонтық жуўмақ шығарады. Мақаланың ийеси С. Ибрагимовтың адамға – адамның мүнәсибетин жулдызларға түсиндиремен дегенине қарсы "адамларға түсиндир" деп мәсләҳәт береди. Рецензент шайырдың пикирин бурмалап турыпты. Ол С. Ибрагимов "өшик сана менен жерди басып жүре алмайман... адамсыз атаўда да адамның адамға, адамның дүньяға мүнәсибети туўралы пикир жүритемен деген көркем ойларын түсине алмайды. Қосықтың мазмуны адамнан басқа мақлуқлардан сана сезимниң пүтин барлығы менен ажыралып туратуғынлығын тастыйықлайды.
Download 21.38 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling