Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet31/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

Жәмлеў алмасықлары қандайда да бир предметлерди олардың белгилерин 
ямаса қубылысларды белгисиз муғдарда улыўмаластырып, жыйнақлап көрсетеди. 
Жәмлеў алмасықларына қарақалпақ тилинде төмендеги сөзлер киреди: барлық, бәри, 
бәрше, пүткил, дуйым, тамамы, жәми, гүлли, гүллан, әҳли. Мысалы: Әҳли 
қарақалпаққа мәлим болғанды. (А.Муўсаев)
Тартым ҳәм сеплик аффикслерин айырым субстантивлескен жәмлеў 
алмасықлары қабыл етеди. Мысалы: Ол бәрине инанды. Перийзаға ҳәммениң нәзери 
аўды. Жәмлеў алмасықлары гәпте биргеликли ағзалардан кейин келип 
улыўмаластырыўшы сөз хызметин атқарады:
Тарақлы, балғалы-гүллән қиятқа. 
Орынлы кәтқуда болдың Зәкарья. 
Белгилеў алмасықлары. Қандайда бир бетти предметти оның белгисин 
басқаларынан ажыратып белгилеп көрсетеди. Белгилеў алмасығына тийкарынан ″ҳәр″ 
сөзи киреди. Белгилеў алмасықлары усы ҳәр сөзиниң дизбеклесиўинен жасалады: ҳәр 
қандай, ҳәр қайсы, ҳәр ким, ҳәр нәрсе,ҳәр бир. Мысалы: Алтын, айтқан ҳәр бир 
сөзим. (Бердақ) 
Гейде белгилеў алмасықлары сораў- қатнас алмасықларының жуп сөз түринде 
тәкирарланыўынан да жасалады. Мысалы: Ҳақыйқат халық адамының  қай-қайсысы 
да усындай қасийетке ийе. 
Белгисизлик алмасықлары қандайда бир беттиң, предметтиң, қубылыстың 
ямаса олардың белгилериниң сөйлеўши менен тыңлаўшыға еле белгисиз екенлигин 
көрсетеди. Бир санлығының қатнасынан дүзилген сөзлер: биреў, биреў-миреў, бирең-
сараң, бирли-ярым, бир-неше, бир-деме, бир-қанша, бир-пара, бир-гәп, бир-қатар 
т.б. Әлле″ сөзиниң сораў-қатнас алмасықлары менен дизбеклесиўинен жасалған: 
әллеким, әлле биреў, әлле неше, әлле қандай сөзлери ҳәм базы, базы бир, гей бир 
сөзлери киреди. 
Болымсызлық алмасықлары қандайда бир беттиң, адамның, предметтиң, 
оның белгисиниң ямаса қубылыстың ажыралажақ нәрсеге, ис-ҳәрекетке қатнасының 
жоқ екенлигин көрсетеди. Сонлықтан да олар гәпте көбинесе жоқ сөзи менен ямаса 
болымсыз фейиллер менен бирге қолланылады. 
Болымсызлық алмасығының көпшилиги ҳеш сөзиниң сораў қатнас 
алмасықлары менен дизбеклениўинен жасалады: ҳеш қандай, ҳеш қашан, ҳеш ким, 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling