"қорқыт ата китабы" ҳәм қарақалпақдәстанлары


Download 66.91 Kb.
Sana30.04.2023
Hajmi66.91 Kb.
#1403749
Bog'liq
І БАП-WPS Office


І БАП
"қорқыт ата китабы" ҳәм қарақалпақдәстанлары
(Сюжет хәм образ байланыслары)
"Қорқыт ата китабы" улыўма түркий тиллес халыклардың көпши лигиниң аўызски эпикалык дөретпелери менен жақын байланысқа ийе. Соның ишинде каракалпақ халық дәстанлары менен ҳайран қаларлық уқсаслыққа ийе екенлиги сыр емес. Ол жырлар "Коркыт ата китабы"нда төмендегише тәртипте жайластырылған. Биринши-Қорқыттың нақыл сөзлери баянланып, жырдың кириспеси ретинде өз алдына дара орын тутады.
1. "Дирсехан улы Букашжан ҳаққында" жыр; I. "Қазап-Салордын аўылын жаў шапканы туўралы" жыр; III. "Байбурабек баласы Бамси-Бейрек туўралы" жыр; IV. "Қазанбектиң баласы Оразбектиң жаўға қалай тутқын болғаны туўралы" жыр; V. "Тока баласы ер жүрек Домрул туўралы" жыр; VI. "Огуз-Қанлы баласы Кан-Төрәли ҳаққында" жыр; VII. "Огуз-Қазылық баласы Иекенк туўралы" жыр; VIII. "Төбекөз дәўди өлтирген Бисат туўралы" жыр; IX. "Бегил улы Әмран батыр туўралы" жыр; Х."Огуз хожа баласы Секрек туўралы" жыр; XI."Қазан-Салордың жаўға тутқын болғаны хәм оны өз баласы Ораздың азат етиўи ҳаққында" жыр; ХПI. "Сырткы огузлардың ишки огузларға қарсы бас көтериўи хәм Бейректиң қалай өлтирилгени туўралы" жыр, - деп аталады.
Бул жырлардын хәр бири сүўретленип атырған ўақыяға байланыслы, қызыклы сюжетке курылғанлықтан қахарман образын, характерин жасаў өзгешеликлери жағынан да, сюжетлик ҳәм композициялық курылысы жағынан да, айырым эпизод ҳәм деталлардың, мотивлердиң берилиў тәреплери менен де қарақалпақ халық дәстанлары менен жақын уқсаслыкларға ийе. Сонлықтан да қазақ илимпазы профессор Ә.Қоңыратбаев: "Қорқыт" жырларының сюжети барлық кейинги кәўимлердин эпосына өткен1 деп айтқан еди. Ҳақыйқатында да
1. Қоңыратбаев Ә. Қазақ эпосы және тюркология. Алматы. 1987, 180- бет.

"Қорқыт ата китабы"ндағы ҳәр бир жыр, ондағы қахарманлардың өз слин душпанлардан қорғаўы, сыртқы жаўларға карсы гүреси, бенде болған халкын душпан қолынан азат стиўи, батырлардың кахарманлық гүреслери, муҳаббат мәселесинин сөз стилиўи, көркем сүўрстлеў кураллары тағы басқалар қарақалпақ халық дәстанлары "Алпамыс", "Коблан", "Мәспатша", "Едиге", "Fәрип ашык", "Юсуп-Ахмет", "Хүрлиха-Ҳамра" сыяклы т.б. жазба ҳәм аўызеки дөретпелер менен оғада уқсаслығында көринеди.


"Қорқыт ата китабы"ның "Дирсехан улы Букашжан ҳаққында", "Байбурабек баласы Бамси-Бейрек хаққында" деп аталыўшы I ҳәм III жырларының басламасы көпшилик түркий тиллес халыкларына тән болған перзентсизлик мотивиниң сүўретлениўи менен бериледи. Ал, бул болса сртедеги жазба естеликлердин, мысалы, XI әсирде жасаған түрк данышпаны Юсуф Хас-Хажибтиң "Кутадғу-Билиг" (Бахытқа баслаўшы билим) шығармасына ҳәм көп ғана қарақалпақ халық дәстанларының сюжетине тән ортақ типик сүўретлеў. Мәселен, "Алпамыс", "Юсуп-Ахмет", "Fәрип ашық" дәстанларының экспозициясы ҳәм ондағы баслы қаҳарманлардың тәғдири ҳәм ис-ҳәрекстлери "Дирсехан улы Букашжан" ҳәм "Бамси-Бейрек" жырларындағы қаҳарманлардың тәғдири менен оғада уқсас. Ҳәттеки, "Алпамыс" дәстаны менен "Бамси-Бейрек" жырындағы сюжетлик ҳәм композициялық уқсаслығын былай қойғанда қахарманлардың атларына шекем сәйкес келиўи жүдә қызығарлы. Мәселен, Байбурабек-Байбөри, Байбиджанбек-Байсары. Сонлықтан да белгили тюрколог-академик В.М.Жирмунский "Тюркский героический эпос1 атлы мийнетинде усы "Алпамыс" дәстанының барлық түркий халыкларда бар вариантларының ҳәм халық ертеклериниң огуз эпосы "Бамси-Бейрек" жыры менен сюжетлик уқсаслығын салыстырыў арқалы бириншилерден болып пикир билдирген еди. Ҳақыйқатында да биз "Қорқыт ата китабы" менен салыстырмалы-типологиялық изертлеў объектиси етип алып отырған карақалпақ дәстанларының ишинде, айрықша "Алпамыс" дәстаны менен Огуз эпосы "Бамси-Бейрек" жыры ортасында хәр тәреплеме хәм тутасы менен
1. Жирмунский В.М. Тюркский героический эпос. Ленинград. 1974.
бирдей, уқсас ҳәм жақын байланыстың бар екенин айтып өтиўимиз керек. Улыўма Огуз эпосындағы ҳәм қарақалпақ дәстанларындағы сюжетлик сәйкеслик сонда ўақыя жаслары биразға барса да бир перзентке зар болған ғаррылардың өмирге наразылығы, тилек-әрманларының бирдейлиги менен ўақыя басланып хәм баянланып барылады. Соның ушын да профессор Р.Бердибаев "Алпамыс" дәстанындағы усындай мотивлер туўралы билдирген пикиринде былай деп жазған еди: "Қартайған ата-ананың, дуйым журттың, тәңириден перзент сорап өтиниш етиўи, жеке семьялық тилек ғана болып қалмастан, ал, белгили бир руў, кәўимлердин де максети болып есапланады. Бундай мотивлер эпостың басланыўына айрықша бир купыя куўат енгизгендей болады. Демек, кахарманлық дәстанның экспозициясы айрықша көркемлик роль ойнайды.1
Ҳақыйқатында да "Қорқыт ата китабы"ндағы жырларда да, қарақалпақ дәстанларында да қартайған бай-бабаның перзентсизлиги олардың жеке басының кайғысы смес, ал, пүтин бир елдиң, қәўимниң кайғысы екенлигин аңлаймыз. Бул әсиресе "Коркыт" жырларында анық көринеди. Онда перзентсизлик жәмийстке жат, ең жаманлық белгиси сыпатында көринеди.2 Сонлықтан да "Дирсехан улы Букашжан" ҳәм "Бамси-Бейрек" жырларында тойға жыйналған пүткил Огуз беклери көкке қолларын жайып тәңириден (Кудайдан) перзент тилейди. Себеби, түрки кәўимлериниң ески замандағы кудайлары "тәнири" деп аталатуғын еди. Бул тәнири жокарыда, көкте болады деп түсинген.3 Ал, карақалпақ дәстанларының сюжетине соңғы ўақыттағы диний мазмун тереңирек синдирилген, яғный перзентсиз әке хәм ана ел гезип, әўлийелерге түнейди, яки кудайға жалбарынады. Буны "Қоблан", "Мәспатша" дәстанларынан анық көриўимизге болады. "Мәспатша" дәстанында перзентсиз Әбдикерим байға түсинде "жети пир" аян берип, перзентли болатуғыны хаққында хабар келеди.
1. Бердибаев Р. Қазақ эпосы. Алматы, 1982, 104-бет.
2. Короглы Х. Песни Коркута. Журнал "Советская тюркология" №2, 1971, стр. 110.
3. Дәўкараев Н. Шығармаларының толық жыйнағы. II том. Нөкис, 1977, 75-бет.
Енди перзентсизлик мотивиниң сүўрстлениўи "Юсуп-Ахмет" дәстанында да ушырасады. Онда да, яғный дәстанда айтылыўынша Исфи хан журтының патшасы Бозуғланханның ҳеш бир перзенти болмайды. Сол ушын да патша өзинин Әлибек, Бағыбек атлы еки сәркардасына еки карындасын берип күйсў стип алады.1 Дәстанда Бозуғланханның бундай ис тутыўы сшейиннен алынған қубылыс смес, ал, оның тахт мийрасхорын, өз елинин келешегин ойлаўынан келип шықкан жағдай (Келеси мысалларда усы китаптан алынады). екени көринеди.2 Нәтийжеде Бозуғланхан еки қарындасынан туўылған жийенлери Юсупбек ҳәм Ахметбекке он мың үйли елатты еншиге берип ғамхорлық етеди. Демек, Бозуғланхан образы менен Байбура- бек хәм Дирсехан образларының жасалыўында қандай да бир сәйкес- лик барлығы байқалады. Соны да айтыўымыз керек, "Юсуп-Ахмст" дәстанының экспозициясында "Алпамыс", "Мәспатша" ҳәм "Fәрип ашық" дәстанларында ушыраспайтуғын бирақ көпшилик халық дәстанларында хәм ертеклеринде сүўретленетуғын сюжетлердиң бири сарай ишиндеги ўәзирлер тәрепинен патша хәм оның туўған-туўысқанларының бағы-дәўлетин қызғанып, араға от таслаўы, солай етип еки жақтың қарама-қарсылығын туўдырып, туўысқанлардың аразласыўына алып келиўи кусаған сюжетлер берилген. Бундай сюжет "Қоркыт ата китабы"ның "Дирсехан улы Буқашжан" атлы 1-жырында да сақлан- ған. Бул еки дөретпедеги уксас сюжетлердиң берилиўи хәм патшалар образының жасалыўындағы сәйкеслик сонда. "Юсуп-Ахмет" дәстанында Исфихан журтының патшасы Бозуғланхан ўәзирлериниң шуғыл сөзине инанып еки жийени Юсупбек хәм Ахметбектиң каладан шығып кстиўин талап етсе, "Дирсехан улы Буқашжан" атлы жырда Дирсехан касындағы 40 жигиттиң, яғный ўәзирлериниң шуғыл сөзине инанып баласы Буқашжанды өлтирмекши болып хәрекет жасайды. Ал, енди бундай деталь парсы-тәжик әдебиятының классиги Абулкасым Фирдаўсийдиң "Шахнама" (Х әсир) дәстанының сюжетинде де сәўлеленген, онда душпанлардың қастыянлығы себепли Рустем
1. Карақалпак фольклоры. XVI том. Хүрлика-Хамра. Ашық-Нәжеп, Юсуп- Зилийха, Юсуп-Ахмет. Нөкис. 1986, 161-бет.
2. Жуманиёзов Р. "Юсуф ва Ахмад" достони ва унинг ўғуз ёдномалари билан муносабати. "Узбек тили ва адабиёти" журнали. 1990, №3, 46 -бет.
өз баласы Сухраб пенен жекпе-жек урысқа шығып баласын өлтиреди.1
"Қорқыт ата китабы"ның I ҳәм III жырларының басланыўында пүткил Огуз елиниң ханы Қам-Fан улы Баяндур ханның барлық огуз беклерин жыйнап той бериўи сыяклы сюжет қарақалпақ дәстанларында да ушырасады. Оның үстине сол тойда (бул 1 жырда) перзентсиз адамларға исленетуғын бизге белгисиз дәстүр бериледи. Мысалы "ул перзенти барларды ақ отаўға киргизип, қызыл койдын басын тартыўы, ал, перзенти жоклар кара отаўға киргизилип, астына кара кийиз төселип, атағына қара қой сойылыўы"2 қусаған қәде қаракалпақ эпосларының ишинде "Хүрлиқа-Ҳамра" дәстанында сәл баскаша формада былайынша бериледи: "Тойға келген бийперзент адамның белине сүйек қыстырып, атының куйрығына шеңгел байлайды3. Демек, бул ең әййемги дәўирлердеги сахра далаларында жасаўшы көшпели жаўынгер кәўимлер дәстүрлериниң бизиң дәўиримизге жетип келген базы бир елеслери болса керек. Себеби, жырда көринип турғанындай-ақ руў, қәўим басшыларының өз орнын басқандай, елин жаўдан қорғағандай ул перзенттиң болыўына айрықша кеўил бөлгени сезиледи.
"Корқыт ата китабы"ның "Бамси-Бейрск" жырында да ҳәм "Алпамыс", "Fәрип-ашық" дәстанларында да еки тенлес байлардың бири уллы, бири қызлы болғанында Бамси ҳәм Бану-Чечекти, Алпамыс ҳәм Гүлпаршынды яки Ғәрип хәм Шахсәнемди бир-бирине атастырып, аклай куда болыўлары бирдей уксаслықка ийе. Жазба естеликте де, аўызеки мийрасымызда да баслы кахарманлар эпосларға тән сүўретлеў усылы бойынша бирден ер жетеди хәм ер жүрек, айбатлы, батыр жигит болып жетилиседи. "Корқыт ата китабы"ның сюжетинде де қарақалпақ халық дәстанларының сюжетинде де батырлар образының жасалыўына айырықша ксўил бөлинеди. Мысалы, Бамси 15 жасында әкесиниң жиберген саўдагерлеринс топылыс жасаған 500 гәўирге жал-
1. Абулкасым Фирдавсий. Шохнома. Тошкент, 1984.
2. Қорқыт ата китабы. Алматы. "Жазушы", 1986, 11-бет (Келеси мысалларда усы китаптан алынады).
3. Қарақалпақ фольклоры. Көп томлық. XVI том. Ҳүрлика-Ҳамра, Ашық- Нәжеп, Юсуп-Зилийха, Юсуп-Ахмет. Нокис, 1986, 19-бет.
ғыз өзи урыс жүргизип жеңиске ериссе. Букаш 15 жасында Баянду хан сарайындағы жабайы өгиз бенен айқасып, оны өлтирип ерлик көрсетеди.
"Огуз-Қазылық баласы Искенк туўралы" VШI жырда баласы Искенк 15 жасына шыққанда Тагавор елинде тутқында жатырған әкесин кутқарып қайтады. Ал, қарақалпақ дәстаны "Алпамыс" та Алпамыс 14 жасында жалғыз өзи Тайшыханның журтына атланып, Қаражан менен гүресип жеңиске сриседи. Қоблан жүдә жас ўақтынанақ қорықпастан Сейдимхан пашаның елине бир өзи атланса, Мәспатша 16 жасында жалғыз өзи узақ еллерге Айпаршаның дерегин излеп шығады. Болажақ батырлардың күтә жас ўақытларынан баслап-ақ қаҳарманлық ерлик көрсетиўи әййемнен киятырған батырлық жырларына тән дәстүрлик сүўретлеўлердиң бир формасы болса керек. Себеби, бундай сүўретлеўлер ертедеги жазба сстеликлерде де өз сәўлесин тапқан. Мәселен, VI-VIII әсирлердиң жазба естелиги болған "Орхон-Енисей" жазыўларында сөз етилетуғын бас кахарман Күлтегин1 ҳәм Хәсирде жазылған А.Фирдаўсийдин атаклы "Шахнама" дәстанының қахарманы Рустемлер жүдә жас ўақытларында ақ пилди өлтирип батырлық көрсетеди.2 Ал, "Огузнама" жазба естелигинде Огуз хан 12 жасына шыққанда елиниң малын жалмап, халыққа аўыр апат келтирип турған Қият атлы жабайы аңды өлтирип, басын кесип, әкесине әкелип береди.3 Усылайынша ески фольклорлық сюжетлердиң халқымыздың аўызеки қаҳарманлық дәстанлары болған "Алпамыс", "Коблан", "Кырык қыз", "Мәспатша" т.б.эпикалық мийрасларымыздың сюжетинде елеге шекем сакланып киятырғанлығының гүўасы боламыз. "Қорқыт ата китабы"нда ертедеги көшпели дала халықларына тән әййемги дәстүрлердин бири бала туўылғанында емес, ал, биринши ерлик көрсетип, қан төккеннен кейин оған екинши рет ат қойылыў мересими сакланған. Бул дәстүр хаққында Алтай ертеклерин изертлеўши В.Вербицкий: "Исим туўылыўдан-ақ смес, ал батыр өз бойында күшти сезген ҳәм оны саўашта көрсетиўге таярланып атырған ўақытта
1. Щербак А.М. Огуз-наме. Мухаббат-намс. Москва. 1959, стр. 18.
2. Малов С.Е. Памятники древнетюркской письменности. Изд. АНСССР. Москва-Ленинград, 1951, стр-40.
3. Абулкасым Фирдавсий. Шохнома. Тошкент, 1984, 91-92-бетлер.
қойылады. Исимлер саўашта ямаса урыста каҳарманлық көрсеткеннен соң қойылады"1 -деп жазады. Сондай-ақ усыған уқсас мағлыўматты Грек тарийхшысы Геродот Едил бойында жасаўшы сармат аланлар елинде жаў менен урысып қан төкпеген бирде-бир қыздың ерге шыгыўға ҳақысы жоқ болғанлығы ҳаққында баянлайды. 2
"Қорқыт ата китабы"ның I ҳәм III жырларында Дирсеханның ҳәм Байбурабектиң балаларының 15 жасында көрсеткен ерликлери ушын огузлардың пири Қорқыт ата келип, бирине Буқаш (киши өгиз), бирине Бамси-Бейрек (боз атлы жигит) деген ат береди. Ал, "Тобекөз дәўди өлтирген Бисат туўралы" VIII жырда Қорқыт ата Аруздын баласын Қиян Сейилхан елинен шыққан аңга уқсатып Бисат деп ат қояды. XVI әсирдиң тарийхшысы Абул-ғазы Бахадурханның "Шажарайи тарокима" ("Түркмен шежиреси") мийнетинде Қоркыт ата оған Туман деп ат қояды3. Соны айтыўымыз керек. Оғуз эпосында бас қаҳарман сыпатында қатнасатуғын Қорқыт ата образы батырлардың сыйынар кәраматлы пири, ақылгөй жәрдемшиси хызметин атқарыўы жағынан қарақалпақ дәстанларындағы туўылғанында баланын атын қоятуғын ҳәм батырлар қыйналып қысылғанда олардың жәрдемшиси хәм ақылгөйи ролин атқаратуғын Кәмбил пирлер, Қызыр Ильяс, Fайып Еренлер образын сске түсиреди. Ал, енди "Қорқыт" жырларындағыдай карақалпақ дәстанларының сюжетинде де биринши атын (исми) бала туўылғанында, ал, екинши атын (исми) кан төгип ерлик көрсеткеннен соң қойыў дәстүри "Алпамыс" дәстанынын қарақалпақша Курбанбай жыраў, өзбекше Фазыл Юлдаш вариантларында айкын сәўлеленген. Мысалы, өзбекше версиясында Ҳәкимбек жети жасында әкесиниң он төрт батпан туратуғын оқ жайын атып асқар таўдың ең бийик төбесин кулатады хәм усы батырлығы ушын Алпамыс деп аталады4.
1. Вербицкий В.И. Алтайскис инородны. Москва, 1983, стр. 145.
2. Геродот. История в девяти книгах. Ленинград, 1972. стр. 276.
3. Кононов. А.Н. Родословная туркмен. Сочинение Абу-л-гази хана хивинского. Изд.АН СССР. Москва-Ленинград. 1958, стр. 58.
4. Алпомиш. әзбек халқ достонлари. Тошкент. 1992, 9-бет.

Ҳәттеки, "Орхон-Енисей" жазыўларындағы текстен Күлтегинниң исми де батыр адамларға қойылатуғын ат (исми) екенлиги менен танысамыз.1 Демек. биз дәстанлардың сюжетинде ҳәм жазба мийрасларда әййсмги көшпели халыклардың ески дәстүрлерин өз елине корған боларлық қахарманларды, алп-батырларды аңсаған олардың арзыў-әрманларының слесин көремиз. Мәселен, болажак батырды Алпамыс, Алпамша, Бамси, яғный "алп", "батыр", деп атаўы яки Буқаш "буға", "өгиз" деп күшли ҳайўан атына қойыўы, ямаса Бисат деп ан атына байланыстырыўынын өзи-ак бизин пикиримизди дәлиллейди. Соның ушын да академик В.М.Жирмунскийдиң айтыўынша халық қахарманлық дәстанларына, ертек жырларына VI-VII әсирлери дөрелип, түрки қәўимлеринин арасына тегис жайылған Алп (ср) ҳаққындағы аңызлар негиз болған болыўы керек. Себеби, бул аңызлар түркий халықларының ишинде, әсиресе Огуз-қыпшақ топарындағы халыклар арасында кең сөз стиледи2.


Түркий халыклардың эпосларында батырлардың курал-жарағына, саўыт сайманына айрықша дықкат бөлинеди. Мәселен, Огуз эпосында Байбурабек жаңа туўылған баласына дәслеп батырлық курал-жарақ алып бериўди ойлап, алыстағы Рум елинен ат, найза, оқ жай әкелиўге саўдагерлерин жумсайды. Ал, "Алпамыс" дәстанында Алпамыстың жүдә жас ўақтынан-ақ ат танлаўына бабасы Қултай жәрдем етеди. "Мәспатша" дәстанында Мәспатша 15 жасына шыққанда: "Атасы Әбдиксрим бай баласының пикирин, кыялын байкады. Малын алты бөлип, бир бөлимин бағышлап туқымы көпке мәлим, аты шыққан. Мәнжүн деген тулпарды сатып алып, тәблесине байлады. Усталарды жыйдырып, бедеўдиң ер-турманын сайлады. Нийет пенен буйыртып, карыў-жарағын да таклады. Баласынын бойларын көрип, сыртынан баклап, түрли парызын орынлап, ски қолы жағасында болып баба жүрс берди3 -деп сүўретленеди. Ал "Юсуп-Ахмст" дәстанында Бозуғланхан еки жийени Юсулбек хәм Ахметбекти ардаклап он мың үйли слатты еншиге берип халыққа басшы
1. Малов С.Е. Памятники древнетюркской письменности. Изд.АНСССР. Москва-Ленинград. 1951. стр. 40.
2. Жолдасбеков М. Тереннен шыққан текти соз. "Қазак өдебисти" газе- тасы. 1985, 26-апрель
3. Қаракалпақ фольклоры Хтом. Мәспатша. Нөкис. 1982, 30-бет.(Келе- си мысалларда усы китаптан алынады).
етип қояды1. Бунда да енди ер жетип киятырған Юсуп, Ахметке күшли дыққат бөлингени сезиледи. Усылайынша болажақ батырлардың келешегине үлкен исеним менен қараўда Огуз эпосында да, карақалпақ дәстанларында да жақынлық барлығын көрсмиз. Оның үстине бул дөретпелерде ертедеги көшпели түркий тиллес халыкларға тән болған ул балаларды жасынан-ақ өз елин сырткы жаўлардан корғаўшы батыр болады деген халыклык исенимниң излери сакланып қалған. Буннан басқа да айтыўға турарлық бир жағдай "Қорқыт ата китабы"ндағы жырларда хәм қаракалпақ дәстанларында батырлардың өзлерине атастырылған қызды яки басқа журттан өзине ылайық қалынлық излеўи уқсас түрде баянланады. Мәселен, "Мәспатша" дәстанындағы Мәспатшаның өзине ылайық қалыңлық излеўи "Огуз-Қаңлы баласы Қан-Төрәли хаққында" деп аталыўшы IV жырдың басланыўы менен бирдей. Еки дөретпеде де батырлар Мәспатша ҳәм Қан-Төрәли өзлерине мүнәсип ярды өз еллеринен таба алмайды. Бул аты аталған эпослардағы қаҳарманлардың басқа журттан қыз излеў деталы бойынша рус фольклористи В.Я.Пропп: "Қосық бәрҳама қахарманның үйинен атланып шығыўынан басланады. Себеби, руўшылық дүзими дәўиринде хаялын басқа руўдан алыў, яғный оны излеп анаў ямаса мынаў аралықтағы алыс жерге жөнеп кетиў тийис болған. Халық поэзиясында келин, әдетте, алыс жерден алып келинеди2, деп жазады.
Сол сыяклы "Қан-Төрәли" жырында да ҳәм "Мәспатша" дәстанында да еки батырдың да өз слинен өзлерине "ылайық қыз излеп таба алмай" басқа журтқа кетиўине байланыслы, олардың характер хәм образларының жасалыўындағы сәйкесликти көремиз. Ал, енди бул еки дөретпе арасындағы айырмашылық, Мәспатша Айпаршаның хабарын түс көриў арқалы билсе, Қан-Төрәли Трапезунт патшасы Тагавордың Сейилжан сулыў атлы қызының хабарын әкеси арқалы биледи. Себеби, Огуз-Қаңлы баласы Қан-Төрәлини үйлендириў мақсетинде өзи қыз излеп шығады. Әкениң өз баласы ушын қалынлык излеп шығыўы түркий тайпа халыкларында әййемнен киятырған дәстүр скенлигин академик В.М.Жирмунский орынлы атап өткен сди хәм
1. Қарақалпак фольклоры. XVI том. Нокис.1986, 161- бет.
2. Пропп В.Я. Русский героический эпос. Изд. Наука. Ленинград. 1955. стр. 40.
усыған уқсас эпизод қырғызлардың "Манас" дәстанында, "Ер Тештюк" ертегинде бар екенлигин көрсетип өтеди1. Ҳәттеки, әкенин баласы ушын қыз излеў мотиви шығыс халықлары арасына кең таралған "Саятхан-Ҳамре" дәстанының сюжетинде де ушырасады.2 Онда Ашық Ахмет баба баласы Ҳамре менен бирге ел гезип кетеди хәм баласына сүйген қызы Саятханды табыўына жәрдем береди.
"Кан-Төрәли" жырының сюжстинде семья мәселеси, әкеси ер жеткен баласын үйлендириў дәстүри, улыўма мухаббат мәселеси айрықша жырланады. Демек, ски дөрстпениң де тийкарғы сюжетлик идеясы бирдей, дерлик. Қан-Төрәли менен Сейилжан сулыў ҳәм Мәспатша менен Айпарша да өз мухаббатының еркинлиги ушын сыртқы душпанларына қарсы қахарманлық пенен гүрес жүргизеди.
Енди "Корқыт ата китабы"ның "Бамси-Бейрек" жырында тәрип- ленген батырлардың өзлерине атастырылған қызын излеп шығыўына мегзес сюжет "Алпамыс", "Fәрип-ашық" дәстанларында да сакланады. Бирақ, бул "Fәрип-ашық" дәстанында өзгертилген түринде бериледи. Онда Ғәриптиң әкеси өлип қалыўына байланыслы Шааббаз патша өз шәртин бузып қызы Шасәнемди Ғәрипке бериўден бас тартады. Сол ушында Fәрип өзине атастырылған кызын өмир бойы излеп муптала болады, Fәриплик дәрбәдәрликке түседи. Бул жағынан "Fәрип-ашық" дәстанының сюжетинде соңғы феодализм жәмийстиндеги бай ҳәм жарлы деген, класслық бөлиниўшиликтиң тәсири терең синдирилгенлиги сезиледи. Сонлықтан да Огуз эпосына жататуғын "Бамси-Бейрек" хәм "Кан-Төрәли" жырлары соңғы қаракалпақ дәстанларынан сюжетиниң әййемийлиги менен айырылып турады. Мәселен, Бамси-Бейректиң хәм Кан-Төрәлиниң өз әкесине: "Кыз әперетуғын болсаң меннен бурын атқа минетуғын, меннен бурын жаўдың геллесин алатуғын қызға үйлендиресең" (Сонда, 73-бет) деген шәрти кейинги дәўир қарақалпақ дәстанларының ишинде тек ғана "Гөруғлы" дәста нының "Қырмандәли" шақабында сакланған.
1. Жирмунский В.М. Тюркский героический эпос. Ленинград. 1974. стр.579. 1985.
2. Қарақалпак фольклоры. XIV том. Fәрип-ашык. Саятхан-Хамра. Нөкис,
Онда Қырмандәли өз әкесине: "Кимде-ким мениң менен саз шертип айтысыўдан, гүресип жығыўдан жеңиске сриссе, сол адамға ким болғанлығына қарамастан турмысқа шығаман"1, -деп шәрт қояды. "Алпамыс" дәстанының сюжстинде Байбөри хәм Байсарының тойда ылақ ойыны үстинде мәлеллесиўи, Байсарының қалмақ ханы Тайшыханның журтына көшип кетиўи сыяклы соңғы дәўирдеги феодализм жәмийстиндеги урыўлық шашырандылықты дәлиллейтуғын2 тартыс берилген. Сонлықтан Алпамыс Гүлпаршынды қалмак ханы Тайшыханның журтынан излеп тапса, Бамси-Бейрек аңшылық етип, кийик аўлап өзине атастырылған Бану-Чечекти далаңлықта шатыр курып жатырған жеринен излеп табады. Бул деталь "Қырық қыз" дәстанында айтылғанындай Хорезмниң батыры Арысланның аңшылық етип, кийик аўлап жүргенинде Гүлайымның Қырық кызы менен таў-тоғайлы дүзде, яғный Мийўалы атаўында шатыр курып әскерий "машқы" дан кейин дем алып атырғанының үстине келип, ушырасыўы кусаған сюжет пенен оғада уқсас. Бунда, "Бамси-Бейрек" жырында Бану-Чечектиң даланлыққа шатыр курып, батырлық ислер менен шуғылланыўы Гүлайым образы менен оғада жақынлыққа ийе екенин көрсетеди.3 Бул деталь олар жасаған дәўир ҳәм қахарманлардың ата-теги. шығысы бир-бирине жүдә жақын болғанын анлатып турады.
"Қорқыт ата китабы"ндағы жырларда ҳәм "Алпамыс" дәстанында қызлардың өзлерине талабан жигитлерге шәрт қойып, жарыс шөлкемлестириў сюжети еки дөретпеде де бирдей. Айырмашылығы, Бану-Чечек (II жыр) жарыстың үш түрин (ат шабыс, оқ жай атысыў, гүресиў) шөлкемлестирсе, Сейилжан сулыў (VI жыр) үш аң менен (арыслан, өгиз, түйе) гүресиў шәртин кояды. "Алпамыс" дәстанында Гүлпаршын қырық күншилик жолға ат шаптырыў шәртин койса, бундай өзине талабан жигитлерге шәрт койыў дәстүри "Қоблан" дәстанында да сакланып, онда Қуртқа сулыў арша ағаштың
1. Карақалпақ фольклоры. Гөруғлы. XV том. Нөкис, 1986, 156-бет. (Келеси мысаллар да усы китаптан алынады).
2. Мақсетов Қ. Қарақалпақ қахарманлық дәстанларының поэтикасы. Ташкент. 1965, 72-бет.
3. Бахадырова С. "Китаби дедем Қорқыт", "Коблан", "Едиге" хәм хәзирги әдебият хаққында ойлар. Нөкис, 1992, 13-бет.
уша басындағы алтын түймени атып түсириў шәртин кояды. Ал, "Алпамыс" дәстанының Есемурат жыраў вариантында еки шәрт (ат шабыс хәм гүрес) болады. Улыўма жырдағы Бану-Чечектиң койған шәртлерине өзбеклердиң "Алпомиш" дәстанының вариантларындағы Барчинниң өзине талабан болған қалмақ батырларына қойған төрт түрли (бәйги, гүрсс. сары жай атысыў, теңгени атып түсириў) шәрти уқсас келеди. Ал, VI жырдағы Сейилжан сулыўдың үш түрли жабайы анлар менен гүресиў шәртин қойыўы батысқа ҳәм шықысқа тән дәстүрлер болып табылады. "Бамси-Бейрек" жырындағы Бану-Чечек образынын бир өзгешелиги шәртлердин орынланыўында ол жигитлер менен өзи күш сынасады.

II БАП "ҚОРҚЫТ АТА ҚИТАБЫ" ҲӘМ ҚАРАҚАЛПАҚ


(дәстанларының көркемлик байланыслары)
Халық аўызеки әдебият үлгилериниң кайсысын алып карасакта бай көркем сөз маржанларын өз бойына жәмлестирген алтын ғәзийнелер екенлигиниң гүўасы боламыз. Солардың ишинде фольклордың ең бай ири жанрларының бири дәстанларды оқып отырып, оларды аткарыўшы жыраў, қыссахан, шайырлардың ушқыр қыяллары арқалы дөреген фантазиялық сүўретлеўлерди, асыра көркем баянлаўларды, адамның ақылы уғрас келмейтуғын ўакыяларды ишки руўхый жан дүньямызда ләззетлениўшилик пенен қабыл стип, хақыйқат (реаль), шынлық сыпатында тән алып отырамыз. Олардың мазмунында белгили бир дәўирдиң тарийхый ҳакыйкатлығы да, мифологиялық-фантастикалық сүўретлеўлер де, халықтың диний исенимлери де сәўлеленип отырады. Соның ушында профессор Қ.Мақсетов: "…дәстанлар аўызеки халық творчествосының көп ғана жанрларының элементлерин өз бойына сиңирип жиберген1, дейди. Ҳакыйқатында да бул элементлер дәстан текстинин поэтикалык катарларында ең сулыў көркем сүўрстлеў куралларының жәрдеми менен жасалып отырады.
Әлбетте, бизиң бүгинги дәўиримизге жетип келген дәстанлардағы бундай көркемлилик, бир еки әсирдиң яки бир неше жыллардың ғана жемиси смес, ал, ең әййемги дәўирлерден берли жырланып, шынланып киятырғанының шеберлик өнериниң нәтийжеси. Мысалы, "Орхон-Енисей" жазыўлары бойынша изертлеў жүргизген И.Стеблева "Орхон-Енисей" жазыўларын толығы менен әдебий шығарма сыпатында қарап, оны қосық деп тапкан еди2. Сонлықтан да халықтың әййемнен киятырған жазба хәм аўызеки мийрасларының хәммесине де сөзлерди сулыў ҳәм көркем етип баянлаў усыллары тән болып келетуғыны байқалады. Биз изертлеў жумысын жүргизип отырған "Қорқыт ата китабы"ндағы жырлардың Сырдәрья бойларында шаманизм руўхында,
1 .Мақсетов Қ. Қарақалпақ кахарманлық дәстанларының поэтикасы. Ташкент, 1965.
2 .Стеблева И. Поэзия тюрков VI-VIII веков. Москва, 1965.
фольклорлық дәстүри тийкарында хәм оның тиккелей тәсири астында пайда болғанлығын академик В.Бартольд хәм В.Жирмунскийлер жазған еди. Бирақ "Қорқыт" жырлары фольклорлык стильде жазылып проза түринде баянланады. Солайда болса, ол жырлар-композициялық курылысы жағынан тек ғана прозадан турады деп айтыў қыйын. Себеби, прозалық баянлаўлардың желисине қосық текстлериниң де енип кеткенин сеземиз. Шынында да қосық пенен көркем прозаның аралас қолланылыўы әййемги жазба естеликлерден де таўылып атыр. Илимпаз И.Стеблева, жоқарыда айтып өткенимиздей "Орхон-Енисей" жазба естеликлериндеги тексти толығы менен қосыққа жаткарғаны менен, онда көлемли эпослық жырлардағы сыяқлы қосық арасында "алғы сөз" тақылеттеги түсиндирмели баянлаў хызметин атқаратуғын көркем прозаның да аралас келетуғынлығын илимпаз М.Жолдасбеков "Асыл арналар" атлы мийнстинде дәлиллеп көрсеткен еди1 . Демек, эпикалық мийрасларда қосық пенен прозаның аралас берилиўи әййемнен киятырған эпослық дәстүрдиң бири екенин көремиз.
Енди "Қоркыт" жырлары XV әсирде белгисиз автор тәрепинен бир китапқа бириктирилгенинде, проза түринде баянланған, бирақ соған дейинги дәўирде, әсирлер даўамында ҳәзирги эпикалық дәстанларымыз сыяклы аўызеки айтылып жүрген. Сонлықтан да В.М.Жирмунский ҳәм Х.Т.Зарифов "Қорқыт китабы" кара сөз бенен жазылған, бирақ, бир қатар орынларда лирикалық бөлеклер, жырлар аттан-анық билинип турады. Оларда синтаксислик параллелизмниң ҳәм уйқаслардың болыўы соңынан қара сөз бенен аўмастырылған қосық формасы болғанын көрсетип турады. Поэманың анағурлым ертеректеги аўызеки баянламасында мине усылар түрк халыкларының хәзирги дәстаны ушын да әдеттеги нәрсе болған қосық пенен қара сөздиң араласыўынан дүзилген шығар, бәлким"2
"Қорқыт ата китабы"ндағы жырлардың текстлери халық эпослары сыяклы прозаның ишинде қосықтың аралас келиўинен турады. Буны дурыс
1 .Жолдасбеков М. Асыл арналар. Алматы, 1990, 41-69-бетлер…
2 Жирмунский В.М… Зарифов Х.Т. Узбекский народный героический эпос. Москва, 1974, стр. 12.
баклаған В.М.Жирмунский: "Баянлаў қара сөз бенен, барлық гәп бөлеклери қосық формаларына ийе бола бермесе де, қахарманлардың сөзлери (бирең-сараң өзгешеликлерди есапқа алмағанда) тек қосык пенен бериледи"1, деп жазған еди. Тап усындай пикирди илимпаз Т.Д.Меликов өзиниң "О структуре стихотворных текстов "Книги моего деда Коркута"2 атлы мақаласында билдирген сди. Ҳақыйкатында да "Қорқыт" жырларында ўақыяны, ямаса сөз бенен сөзди байланыстырыўда, жырды айтып бериўши, яғный баянлаўшы тәрепинен "Тынлайық не айтқан екен", "Көрейик, хан ийем, кимлер келген екен", "Хан ийем, ол не сорапты, соған келейик", "Тыңлаңыз хан ийем" сыяклы т.б. сөзлер баянланып отырады. Бул "Коркыт ата китабы"на енгизизилген жырлардың ҳәммесинде сюжетлик ўакыяны бир адам тәрепинен эмоциялы етип баянлап бериў формасында даўам еттириледи. Бул жағынан "Коркыт" жырлары араб халкының "Мың бир түн" атлы әжайып ертеклерин ядка түсиреди. Онда да ўәзир кызы, қызықлы ҳикаяларды ханға баянлап айтып берип отырады. "Корқыт ата китабы"ндағы жырлардың сюжетинде сөзлерди байланыстырыўда дәнекерлик хызмет атқарып отыратуғын бундай клишалар (қайталаўлар) қарақалпақ халық дәстанларында да көплеп ушырасады. Жыраў дәстанды жырлап отырып ўақыяны байланыстырыў ушын "ендиги сөзди еситиң", "оннан соң", "…сол ўақытта", "бир- еки аўыз сөз сөйлейди", "Ендиги сөзди Байсынның елатындағы Байбөриниң баласы Алпамыстан еситиң" (Өгиз жыраў) т.б.сыяклы сөзлерди көп қолланады. Булар еки дөретпеде де бир адам менен екинши адамның монологын бериўде, яки қахарманның сөзин, ис-ҳәрекетин баянлаўда бирдей болып келеди. Халық дәстанларында проза әсирлер даўамында жыраў-бақсылардың репертуарында шынланып, олардың импровизаторлық таланты аркалы толысып, "писип" жетилискенликтен, қара сөздиң өзи қосық сыяклы, ишки уйқас пенен айтылып, сеслердиң өз-ара үнлесиўи, үнлеслиги бойынша тынлаўшыға жеткерилип бериледи. Сонлықтан да қарақалпақ қаҳарманлық
1.Жирмунский В.М. Тюркский героический эпос. Ленинград, 1974, стр. 616.
2. Меликов Т.Д. О структуре стихотворных текстов "Книга моего деда Коркуда" журнал "Советская тюркология", № 1, 1988, стр. 28.

дәстанларын изертлеген Қ.Мақсетов: "…дәстанлардағы проза жанрының баслы өзгешелиги уйқасымлылығы, музыкалылығы менен айрылады"1, деп жазған еди. "Қорқыт" жырларын арнаўлы изертлеўши илимпазлардың бири X.Короглы естеликтеги ҳәм дәстанлардағы прозалык баянлаўлардың өзгешеликлери туўралы томендегише пикирлерин билдирген еди: "Қорқыт ата китабы"ндағы проза дәстанлық прозадан пикирдиң хәм мазмунның кеңлиги менен өзгешеленеди. Егер дәстанларда тийкарғы мазмун дәстанның поэзиялық бөлегине жүкленип, ал прозалык бөлегинде сюжети қысқа баянланатуғын болса, ал, "Қорқыт ата китабы"ның прозалық бөлеги поэзиялық бөлегинен кем емес дәрежеде поэтикалық образларға толы ҳәм эстетикалық жақтан тәсирли, соның менен бирге тийкарғы сюжетлик избе-излик оның усы (прозалық) бөлегинде сүўретленеди"2, дейди. Соны айтыўымыз керек, "Қорқыт" жырларын сң биринши рет рус тилине аўдарған академик В.В.Бартольд жырда келетуғын қосык катарларын контекстеги прозадан бөлип көрсетпеген еди. Деген менен жырда баянлаў менен берилетуғын прозаның өзи көркем болып келеди. Соның ушында "Қорқыт" жырларындағы проза менен баянланған текстиң өзинде сөздиң логикалылығы менен эмоционаллық бояўы, ўақыя менен характердиң сәўлелениўине объективлилик береди, деп көрсетеди илимпаз Х.Короглы ҳәм ол, "Дирсехан улы Буқашжан" атлы 1 жырдан төмендегише мысал келтиреди: "Дирсехан өз хаялына арнап даңкы жер жарған той берди, өз тилегин айтып жалбарынды, айғырларды, нар буўраларды ҳәм қошқарларды сойдырды, тойына ишки огузлар менен сыртқы огузлардың беклерин шақыртты, ашты көрсе тойдырды, жаланашты көрсе кийиндирди, карызға белшеринен батқанды көрсе, карызын төлеп кутқарды, төбе-төбе гөш үйдирди, мол-көл етип кымыз атлатты (пистирди). (Ҳәмме) қол көтерип, (оның хақына) дуўа етти". Бул мысал қысқа сөзлилик пенен характерленип, көплеген пауза арқалы өзине тән интонациясы менен жасалып, өз ишине, ҳәттеки, рифма. ассонанс ҳәм аллитерация элементлеринде қамтыған.3


1. Мақсетов Қ. Қарақалпақ қахарманлық дәстанларының поэтикасы. Ташкент, 1965, 269-бет.
1.Короглы Х. Стилистические особенности "Книга моего деда Корку- та". Журнал "Советская тюркология" № 2, 1975, стр55
2. Короглы Х.Г. Проза или поэзия? (О "Книге моего деда Коркута"). Журнал "Советская тюркология", №2, 1974, стр. 52.
Усындай етип қара сөздиң жупкерлесип, белгили бир интонация менен уйқасымлы болып айтылыўын қарақалпақ дәстанларында да көплеп ушыратыўға болады. Мысалы, "Алпамыс" дәстанындағы Байсарының (Байбөриге өкпелеп) көшип баратырған жеринен мысал келтирейик: "Зар-зар жылап, кемпир менен қыз түйениң үстинде кете берди. Бул кетиўден кетти, шөллерди сегбир етти, түлки жүрмес түнейден, түнде қойын айдады, қарсақ жүрмес қалыңнан қайырып малын айдады. Отлақ жерде конады, шымкентли жерде түсленди, неше ай, неше мезгил болғанда, өлдим-талдым дегенде, калмақтың Бәндирги деген таўынан Байсары бай малын айдап зордан-зорға өтеди" (15- бет). Бунда сөзлердиң курылысы жүдә еркин характерге ийе болып, буўын тенлиги сакланбайды. Бирақ, халық даналығынан дөретилген сулыў сөзлер, бай сүўретлеў куралларының жәрдеминде өткир хәм көркем етип бериледи. "Коркыт ата китабы"нда жырды баянлаўшының, яғный озанның, ал, қарақалпақ дәстанларында дәстанды аткарыўшы жыраўдын сөзи айрықша орын ийелейди. Олар дөретпеге айрықша түр берип, сүўретлеў кураллары шебер ислетиледи. Мысалы, "Огуз-Қанлы баласы Қан-Төрәли ҳаққында" деп аталыўшы VI жырда: "Огузлар заманында жигит басына қыйынлық тәсер болса, ол соны түс көрип билетуғын еди. Қан-Төрәли уйқыға кеткенде Сейилжан сулыў: "Маған ашық болып таласып жүргенлер көп еди. Усылай жатқанда бизге жаў топылып, қосылған жигитимди өлтирип, өзимди алып кетсе не қылар еди. Ақ жүзиме дақ салып, әкемниң үйине қайта апарып тасласа не болар еди?"-деп шоршынды" (80-бет). Бунда "Огузлар заманында жигит басына қыйынлық түсер болса, ол соны түс көрип билетуғын сди", деген сөз жырды баянлаўшы озанның сөзи. Ол дәстанда баянланып жырланып атырған ўақыяға өзи "катнасыў" арқалы оны айқынластырып түсиник берип тур. Сондай-ак, бул мысалда озанның сөзинен соң қаҳарманның ишки монологы баянланып, соңынан автор сөзи туўра гәп формасында да келип тур. Буған жоқарыдағы "деп шоршынды" сөзи мысал бола алады. Усы тақылеттеги уқсас сүўретлеўлерди қарақалпақ дәстанларында да, яғный "Алпамыс", "Мәспатша", "Юсуп- Ахметте" де көплеп ушыратамыз. Мысалы, "Алпамыс" дәстанында:
"Баршын деген ақыллы қыз еди. Байшубардың төрт аяғындағы гүлмыйықты алып, төрт қысырдың сүтин төрт шелекке саўды, аттың төрт аяғына кийдирди" (108-бет). "Әшимге кеңесетуғын адам болмады, қыйсық таяғын жерге шаншып, оған жаман шөгирмесин қыстырып, әне шөгирмеге кеңесипти, "шөгирмеге кеңеспек" Әшимнен қалған екен" (137-бет). "-Жора, қоналқан болсын!"-деп бир семиз қойды таслады, емшекти ана берди, ырысқалды қудай жеткерди, күнде бир қойдың гөшин жеп, аўқатын алып жата берди" (137-бет). Жоқарыдағы мысаллардағы "Баршын деген ақыллы қыз еди", "Шөгирмеге кеңеспек, Әшимнен қалған екен", "емшекти ана берди, ырысқалды қудай жеткерди" сөзлери "Қорқыт" жырларындағы сыяклы жыраў тилинен айтылып, оның ўақыяға катнасын ҳәм лирик қаҳарманның көз-қарасын билдирип тур.1 Автор сөзи туўра гәп формасында дәстанларда утымлы қолланылып "деди", "дести", "деп" сөзлери арқалы жийи ислетиледи.
"Қорқыт ата китабы"ндағы жырларға хәм биз салыстырып отырған карақалпақ дәстанларына сер салғанда, озан ҳәм жыраў тилинен сулыў тәбият көриниси сүўретленип, бул жүдә көркем ҳәм жан ендирип бериледи. Мысалы, "Салқын, салқын таң самалы сскенде, сақаллы бозторғайлар сайрай баслағанда, узын мурт пал ҳәрреси уясынан өргенде, арғымаклар киснеп даўыс бергенде, таң атып, ақ пенен қара көзге түскенде, стеги сулыў ийир-ийир таўлардан күн көзи көрингенде, огузлардың ер жигитлери гүрес майданына түсе баслағанда, Дирсе-хан елес-қәпесте атына минди де, қасына қырық жигитин ертип, Баяндур хан тойына келди" (11-бет), делинеди. Енди қарақалпақ каҳарманлық дәстаны "Мәспатша"дан мысал алып көрейик: "…Мәспатша жолға рәўана болды. Таўды-тасларды ақтарып, жети күн жол жүрди. Кетип баратырса, Алатаўдың арасында гүмистей жарқыраған бир булақ тум- тусқа тарап, ҳәр сайға бурқырап ағып атыр. Оны көрип Мәспатша ҳайран болып, жол табалмай, булақты жағалап, үш мезгил жол жүрди. Бир бағы-бостанның үстинен шықты. Аңлап караса, әнжир, алмалар писип, томпылдап жерге түсип, жағымлы самал есип, бүлбиллер сайрап, кумырылар нама шегип, паттақ қуслары ҳаўаз стип, көргенлердиң еси кстип турған, бағы-бостанды көрип, Мәспатша қыял етти" 1 .Мақсетов Қ. Қаракалпақ кахарманлық дәстанларының поэтикасы. Ташкент, 1965, 272-бет.
(145-бет). Усылайынша "Қорқыт" жырларындағы ҳәм қарақалпақ дәстанларындағы ўақыяларды баянлаў усылларының әййем дәўирлерден қабыл етилген дәстүрлик усыллар менен үнлес келиўи, ҳәттски, жыршылар тәрепинен, дәстанға катнасыўшы қаҳарманның ишки ой-кеширмелерин сүўретлеў усылларының да сәйкеслиги үлкен әхмийетке ийс. Мысалы, "Қорқыт ата китабы"ның I жырында: "Сонда балаға ой келди: "Жайдың дийўалын бакан услайды, ол жайға сүйеў, өгиздиң маңлайына мен несине тиреўиш боламан?"-деп, қолын өгиздиң манлайынан жулып алды да, оның алдынан жалт берди" (13-бет). Ямаса, "Байбурабек баласы Бамси-Бейрек" атлы III жырда: "Жигит үндемей, ишинен: "Бул затларды, қарыздар болып, саўдагер қолынан алғанша, қарызсыз өз әкемниң қолынан алғаным дурыс болар"-деген ойға келди" (36-бет). Бундай етип қаҳарманның ишки қыялын баянлаў қарақалпақ дәстанларында да ушырасады, бирақ олардың "Қорқыт" жырларынан айырмашылығы сонда, дәстанды атқарыўшы жыраў қаҳарманның анық атын (исмин) атап көрсетеди. Мысалы, "Мәспатша" дәстанында: "Мәспатша қыял етти, "бул қалмаклар мениң елиме барса, ийесиз жатқан слимди шаўып алса, атамды, снемди бенде стип қалмаққа айдап кетсе, еңкейген ғарры, еңбеклеген жас, жесир-жетим, ғәрип-кәсер коп еди журтымда… Халқымның қанына қалмайын, қолдан келсе, бул калмақты елиме апармайын, ата-анамның кеўилине дәрт салмайын, не болсам өзим болайын, тәўекел калмаққа ат салайын, жеңсем жеңгеним женилсем өлермен. Қолдан келсе абырайлы болып, елиме оннан сон барайын, күшим жетпесе, әжелим қалмақтан болса, усы жерде жоқ болайын,-деп Айпаршаны бир таўдың панайына қойып, батырлык салтанатын тутып, тулпарга тәжне шегип, ссабы жок калмаққа Мәспатша атты қояды" (148-бет). Бундай мысалларды қаракалпак дәстанларының хәммесинде де ушыратыўға болады. Бирак хәр бир жыраўдың атқарыўшылық шеберлигине ҳәм импровизаторлық талантына қарай, булар жеке өзгешеликлер менен берилиўи мүмкин.
"Геройлардың хәрекетин сүўретлеўге қарақалпақ дәстанларында аз орын берилмейди",-деп жазады Қ.Максетов карақалпақ қахарманлық дәстанларын изертлей отырып, олардың прозасы яғный насырый сөзлердиң тәсир күши туўралы: "ол ҳәрекстти сүўретлеў де жанлы, образлы келеди, айтылайын деген пикирдиң сыры анағурлым ашыла түседи"1 -деп жазады. Шынында дәстанларда қахарманлық исхәрекетлери жүдә көркем хәм шебер сүўретленеди. Онын үстине дәстанларда хаял-қызлардың ҳәрекстин сүўретлеў басымырақ болып келеди. Мысалы, "Мәспатша" дәстанындағы Айпаршаны сүўретлеген жерине нәзер таслайық: "Кеўиллери ҳалласлап, басларын жуўып, шашларын тарап, кәддин дүзеп айнаға карап, бурымларын бурап, тулымларын таллап, тислерине тишўан жағып, жилўа менен касын қағып, пәрең орамалын орап, ара берип өзине, сүрме жағып көзине, суймырық кустай сыланып, мойны толы ҳинжи тағып, қыялланып, лалы-жәўҳардан кийинип, тоғыздан қәде түйинип, батырга дәркарын жыйынып, ярдың орамалын сайлап, шын кеўилден кумарланып, мақсет пенен қолайланып, жүзлери гүл-гүл жанып, кеўиллери таўдай тасып, таўыстай таранып, сымдай бели буралып, жүзлери айға шоласып, көргенлердиң ақылын алып, тиллә-тажы басында, әйне он бес жасында, сырын айтпай яр-досына, жеңгесин алып қасына, әйне жатар ўағында, шықты ярына жолланып. Қаршығадай кыя бағып, яр дәртинен бағры жанып, полаттай балқып, толған айдай шалқып, басарына еринип, нар текедей керилип, ярына шыннан берилип, сарышадай тутым тутып, мәрдана басып, саллана көшип, киятыр пинҳамы күлип, Мәспатша жолларын күтип, аш бүркиттей ынтығып, жатарда шыққан Айпарша, сәҳәр ўақта зорға жетти…" (68-бет). Ал, енди бундай етип бир адамның бойындағы қыймыл-хәрскетлерди ҳәдден тыс гөззал хәм образлы стип баянлаў "Қорқыт" жырларында жетиспейди. Бул тәбийғый да, себеби, дәстанлар жыллар даўамында жыраўлар репертуарында жетилисип, көрксм сөз маржанларын өз бойына сиңирип жиберген. Ал, жоқарыда да айтып өткенимиздей "Корқыт" жырлары қысқарған төринде XV әсирде белгисиз автор тәрепинен әдебийлестирилип хәм дөретиўшилик жақтан қайта исленип бир китапқа бириктирилген хәм жырдың текстинде архаикалық дәўирге тән баянлаўлар орын алған. Мысалы, "Корқыт ата китабы"ның I жырындағы Дирсеханның хаялының хәрекетлерине итибар берип қарайык: "…Касына қырық қыз нөкерин алып, орнынан турып, шаңғытып шаўып киятырған Дирсеханның алдынан шықты. Ҳаял кирпиклерин ашып, Дирсеханға қарады,
1 . Максетов Қ. Аты аталған мийнети, 275-бет.
көзлерин оңға-солға бирдей тикти, бирақ баласын көре алмады. Көкиреги қарс айырылып, жүреги дүрсилдеп ойнап кетти. Қына жаққан көзлеринен қан болып жас ақты, даўыс шығарып, Дирсеханға сөйлей баслады" (16-бет). Усы мысалдан көринип турғанындай-ақ ҳаялдың барлық ағзасын, назлы қыймыл-хәрекетлерин образлы түрде сүўретлеў усыллары бунда жетисе бермейди. Халық дәстанларының прозасында диалог айрықша хызмет атқарады. Бул ски, ҳоттеки, үш адамның сөйлесиўлеринен турып, дәстанда актив қолланылады. Соның ушында профессор Қ.Мақсстов: "…бул сөйлесиўлер спектакльлық көринис пайда етип, халық аўызеки творчесвосындағы театр искусствосының дереклери есапланыў менен бирге дәстанның прозасы драмалық элементлерге де ийе екенин көрсетеди"1 ,-деп бахалаған еди. Шынында да бундай көринисти "Қорқыт ата китабы"ндағы жырларда да ушыратамыз. Онда да еки я үш адамның сөйлесиўлери хәр бир жырдың текстинен табылып отырады.
Мысалы, "Огуз-Канлы баласы Қан-Төрәли ҳаққында"ғы VI жырдан мысал келтирип көрейик: Огуз-Қаңлы: О, досларым, мениң әкем көз жумып, ол дүньяға кеткен соң, орнын мен бастым. Бир күни мен де өлемен. Көзимниң тирисинде, балам, сени үйлендирсем деген ойым бар",-депти. Қан-Төрәли: - Әкс үйлендирер болсаң, маған қандай ҳаялдың сай келетуғынын билип ал. Алған ҳаялым өзимнен бурын туратуғын болсын. Атқа меннен бурын минетуғын болсын. Мен гәўирлер слине атланар болсам, оған ҳаялым меннен бурын жететуғын болсын, және жаўдың басын алып, алдыма тартатуғын болсын,-депти. Огуз-Қаңлы: Эй, улым, саған сулыў хаял керек емес, өзиңе шерик болатуғын батыр хаял керек болды ғой,-депти. Баласы (Қан-Төрәли) оған: Аўа, өкс, менин қөлейтуғыным сондай ҳаял. Болмаса бармақтай түркмен қызы маған сай келмейди. Оляр төсегин көтере алмай, курсағы жазым болады,-депти. т.б. (73-бет). Ал, енди "Алпамыс" дәстанындағы қахарман хәм персонажлардың сөйлескен диалогынан мысал келтиремиз: Тайшыхан: -Келдиң бе, Көкаман! - деди хан. Көкаман: -Келдим. Тайшыхан: -Қызын көрдин бе? Көкаман: -Көргенде қандай! Ҳақыйқат көрдим.
1. Максетов К. Аты аталған мийнети, 276-бет.
Тайшыхан: -Жақсы ма екен. - Жаман ба екен? Көкаман: -Жақсы-жаманын билмедим, бир кәса шарап колында, шығып еди үйинен, бети айдай жаркырап, тура алмадым алдында камыс киби қалтырап. (31-бет) т.б.т.с.
Бундай мысалларды "Корқыт ата китабы"нан хәм қәлеген карақалпақ дәстанларынан да көплеп келтире бериўимизге болады. Буның әҳмийети сонда, еки үш адамның сөйлесиўлери дөретпениң прозасында ҳәм қосық қатарларында да тендей қолланылып, сюжетлик ўақыяның шийеленисиўинде ҳәм сол шийеленискен ўақыядағы түйинниң шешилиўинде баслы хызмет атқарып отырады, Бул сөйлесиўлер текстлерде туўра гәп пенен де, өзлестирилген гәп пенен де, баянлаўшының сөзи менен де араласып келе береди. Әсиресе "Қорқыт ата китабы"ндағы жырлар туўра гәп пенен берилип, автор сөзи менен, яғный баянлаўшы озан тәрепинен баянланылып отыратуғынлығын айтыўымыз керек. "Қорқыт ата китабы"нда хәм қарақалпақ дәстанларында прозалық баянлаўларда нақыл-мақаллар, афоризм сөзлер жийи пайдаланылып барылады. Тийкарынан " Қоркыт ата китабы"ндағы жырларда нақыл-мақаллар прозада көп қолланылса, ал, халық дәстанларында прозада да, қосық қатарларында да ушыраса береди. Бирақ қарақалпақ дәстанларында нақыл-макаллар косық катарларына карағанда да прозада басымырақ қолланылатуғынын сеземиз.
Мысалы, "Қорқыт" жырларында баянлаўшы тәрепинен сөзлердин арасында: "О, хан ийем, ат аяғы ақсайды, озанлар (жыраўлар-П.К.) тили иркилмес", "Буған Байбурабек ашыўланып: "Ийттен туўған қурбанлыққа жарамас" деген (36-бет), "Искенк буннан ары оған: "Туўрап жеген ет жақсы, шөллеп ишкен суў жақсы, ашылмаған сыр жақсы…" (87-бет); "Бегил көзин аспанға тигип: " Аспан алыс, жер қатты",-депти (102-бет); Жалғыз жигит жаў алмас, жуўсан түби берик болмас", деген бар" (103-бет) т.б. нақыллар жырдың ўақыясы айтылып киятырғанында орынлы түрде арасында колланылса, скиншиден, бир пүтин абзац тамамланып таза басқышка өткенинде, яғный жана гәп басланардан алдын да баянлаўшы тәрепинен "Жаңылмас жақ, сүринбес туяқ жоқ", "Қабырғаң болса жүрерсең шемиршек болса нығаяр" (13- бет), "Ат аяғы ақсайды, озанның (жыраўдың) тили узын" (74-бет), "Кабырған болса қатады, сиңириң болса өседи" (107-бет), "Ат аяғы сүринер, жыраўдың тили сүринбес" (117-бет) сыяқлы нақыллар, ямаса афоризмлер менен басланады. Бундай етип жыршы тәрепинен абзацтан кейин гәп басында айтылған пикирдиң, яғный таза гәптиң накыл менен басланыўы каракалпақ дәстанларында ушыраспайды. Ушырасса да жүдә аз екенин байқаймыз. Ҳайран қаларлығы сонда, "Қорқыт ата китабы"нан алынған жоқарыдағы нақыллар ҳәм афоризмлер жүдә терең мәнили болып келиў менен бир қатарда ерте дәўирлерде дөретилиўине қарамастан бизиң бүгинги сөйлеў тилимизде де актив қолланылып жүргенлигин айтыўымыз керск. Енди усындай стип нақыл-мақаллардың хәм афоризмлердиң қолланылыўын қарақалпақ дәстанларында, соның ишинде, "Алпамыс". "Мәспатша", "Юсуп-Ахмет" дәстанларында да көплеп ушыратамыз. Бирақ дәстанларда жыраў нақылларды ўақыяның арасында орынлы колланып отыралы, яғный канатлы сөзлер- ски дөретпеде де қахарманның ямаса жыраўдың баянлаўларында, тәрийплеп сүўретлеўлерин де араласып қолланыла береди ҳәм гәпти сулыў хәм қысқа, тужырымлы етип бериўде үлкен ҳәмийетке ийе. Сондай-ақ, "Қорқыт ата китабы"ндағы сыяқлы қарақалпақ дәстанларында да нақыл-макаллар "деген" сөзиниң жәрдеми менен жасалып, баянланып отырады.
"Қорқыт ата китабы"нда да, қарақалпақ дәстанларында да проза көбинесе гәптиң биргелкили ағзаларының тәкирарланып келиўи менен жасалады. Мысалы, "Қорқыт ата китабы"нда" "Бир күни Улаш улы Төлекустың баласы, кем-кетиктиң панасы, кәўимлер менен урыўлардың арысланы, қара халықтың жолбарысы, қоңыр аттың ийеси, Ораз ханның әкеси, Баяндур ханның кийеўи, барлық огуз слиниң бахты, Огуз батырларының ағасы-Казан-Салор төсегинен турып" (22 -бет), делинеди. Қарақалпақ дәстанларының прозасы тил курылысы жағынан хәр қыйлы формалары менен жасалып "Қоркыт" жырларынан айырылып турады. Соның ишинде ең көп қолланылатуғыны гәптиң биргелкили ағзаларының тәкирарланып кслиўи, мысалы, "Алпамыс" дәстанында "-Сол ўақытта мама гөне мәси, гөнс гүпи, гөне топпы-бәршесин кийип текенесин ҳайўанқаслап, ҳалақасын узын таслап, жаўлығын қыя жамылып, хасаны белине салып жүре берди"(33-бет),-деп келтириледи.
Download 66.91 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling