Өзбекистан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Download 41.59 Kb.
Sana19.06.2023
Hajmi41.59 Kb.
#1620433
Bog'liq
xemis-5

Модул-3. Базар экономикасының мазмуны ҳәм әмел етиў механизми. Өзбекистанда базар экономикасына өтиўдиң өзгешеликлери Базар экономикасының мазмуны ҳәм әмел етиў механизми. Өзбекистанда базар экономикасына өтиўдиң өзгешеликлери


1. Базардың мәниси ҳәм ўазыйпалары. Базар инфраструктурасы

3. Bozor iqtisodiyotiga o`tishning milliy modellari. “O`zbek modeli” va uning tamoyillari va xususiyatlari. Iqtisodiy islohotlarning mazmuni

4. 2017-2021 yillarda O`zbekiston Respublikasini rivojlantirishning beshta ustuvor yo`nalishi buyicha “Harakatlar strategiyasi”ning mazmuni va yo`nalishlari.

5. Talab va taklif tushunchasi va ularning qonuni. Bozor muvozanati.


1. Базардың мазмуни ҳәм оның белгилери

Жәмийет өз раўажланыў процессинде бир неше түрли ислеп шығарыў усылларын басып өтеди. Бирақ хеш қайсы бири базар экономикасын шетлеп өте алмайды. Базар ҳәм базар қатнасықлары жәмийетлик ислеп шығарыў раўажланыўын тезлестириў ҳәм оның жәмийетлик-экономикалық нәтийжелилигин асырыўдың әҳмийетли қуралы болып табылады. Базар қатнасықлары қәлиплесиўи узақ даўам ететуғын, тийисли таярлық ҳәм зәрүр шәрт-шараятлардың шөлкемлестирилиўин талап ететуғын процесс.


Базар экономикасының мәниси, оның тәбияты ҳәм ҳәрекет етиў процессиндеги орынлайтуғын ўазыйпалары ҳаққында экономистлер жүдә көп излениўлер алып барып, илимий шығармалар жаратқанлар. Солардан бири, “Сиясий экономика” пәниниң “атасыАдам Смит өзиниң “Ҳалықлар байлығының тәбияты ҳәм себеплери ҳаққын-дағы изертлеўлер” шығармасында базар экономикасының мәниси ҳәм ўазыйпаларын ашып берген.
Базар экономикасының жүзеге келиўиниң объектив ҳәм субъектив себеплерин келтириў арқалы Адам Смит оның мәнисин де ашып береди. Субъектив фактор - бул адамлардың алмасыўға болған мүтәжлиги болса, объектив себеп - ресурслар шекленгенлиги шараятында адамлар мүтәжликлериниң шексиз екенлигинде деп көрсетти. Хақыйқаттан да базар қатнасықларының тийкарын, бизге мәлим, мийнеттиң жәмийетлик бөлистирилиўи ҳәм ҳәр қыйлы ислеп шығарыўшылар өнимлерин алмастырыў зәрүрияты қурайды.
Базар экономикасы - бул еркин товар пул қатнасықларына тийкарланған, монопо-лизмди бийкар етиўши социаллық бағдарланған экономика. Оның мәнисин жақсырақ аңлаў ушын, базар экономикасының өзине тән белгилерин көрип шығыўымыз лазым.
Бизиң пикиримизше, базар экономикасының биринши белгиси бул мүлкшиликтиң көп түрлилиги. Яғный сабық Совет аўқамы шараятында бирден бир улыўма ҳалық мүлки ҳүкимранлық қылса, базар экономикасына тийкарланған системада мүлктиң түрли формалары болыўшы жеке мүлк, жәмәәлер мүлки ҳәм мәмлекет мүлки ҳәмде қоспа мүлк бар болып, ол яки бул мүлк монополиясы болмайды. Бул мүлк ийелери бирдей хуқықларға ийе болып, еркин, шекленбеген ҳалда раўажланады.
Базар экономикасының және бир белгиси бул базар субъектлериниң еркинлиги есапланады, яғный, бул системаның элементлери өз мал-мүлки, өз мийнети жемислери ҳәм дәраматларын еркин басқарыўлары мүмкин.
Базар экономикасы ең кем сарып-қәрежетлер менен жоқары сыпатлы өним ислеп шығарыўды шөлкемлестириў басламасын көрсетиў ушын кең имканиятлар жаратады.
Базар экономикасында ғана бәсеки гүреси әмел қылады, қарыйдар ҳәм ислеп шығарыўшы монополиясы шекленеди.
Базар экономикасында тек ғана бәсеки емес, мәплер муўапықласқан шараятта бирге ислесиў жүз береди. Базар мийнетке ҳақы төлеўди жетилистиреди, яғный жоқары қәнийгели мийнетке жоқары ҳәм төмен ислеп шығарыў қуўатына ийе жумысқа ең кем хақы төлениўин талап етеди.
Базар экономикасының өзине сай раўажланыў механизми болып, ол экономикалық қызығыўға, адамларды тоқ ҳәм тыныш жасаўы, абырайға ийе болыўы, өмирде өз орнын табыў киби мәплерди жүзеге шығарыўға тийкарланады. Усы тәреплери менен менен базар экономикасы механизми экономикалық хошаметлеўдиң механизми болып табылады.
Базар экономикасына тән белгилеринен және бири еркин баҳалардың әмел қылыўы, бунда базар субъектлери базардағы талап ҳәм усынысларға қарап, жоқары пайда алыў мақсетинде ҳәрекет етедилер. Жеке мәп туйғысы, оларды кем қәрежет жумсап, сыпатлы өним ислеп шығарыўға ийтермелейди.
Базар экономикасы адамлар алатуғын дәраматларды шеклемейди. Базар жәмийет ағзаларын байытыўға имкан жаратады.
Базар экономикасы шараятында төмендеги нызамлар әмел қылады. Булар:

Қун нызамы товар ислеп шығарыў шараятында товар ислеп шығарыўшылар ортасындағы байланыслырды, социаллық мәнисин, бөлистириўди хошаметлеўди тәртипке салыўшы объектив экономикалық нызам есапланады. Ол бойынша товар ислеп шығарыў ҳәм алмастырыў олардың қуны тийкарында алып барылады.
Пул айланысы нызамы базар экономикасының объектив нызамы сыпатыда айланыстағы пул муғдарын басқарыўды әмелге асырады. Оған көре айланыс ушын зәрүр пул муғдары анықланып, усы тийкарда пул эмиссияси өткизиледи. Бул болса пулдың теңсалмақлылығын тәмийнлейди.
Талап ҳәм усыныс нызамы болса, жәмийетте ҳалықтың төлеў қәбилетиниң қандай екенлигин анықлаўға ҳәм соған тийкарланып керекли өним ислеп шығарыўды талап етеди.
Жоқарыда келтирип өтилген пикирлерге жуўмақ етип базар экономикасына төменде-гише тәрийп бериўимиз мүмкин. Базар экономикасы - бул еркин бәсеки тийкарында товар ислеп шығарыў, түрли хызметлер көрсетиўди шөлкемлестириў, экономика-лық нызамлар тийкарында бөлистириў, алмастырыў ҳәм тутыныўды шөлкемлес-тиретуғын ҳәм мәмлекет тәрепинен басқарылыўы тәмийнленетуғын демократиялық тийкарда шөлкемлестирилген экономикалық комплекс есапланады.
Республика экономикасын базар экономикасы тийкарында шөлкемлестириў, ислеп шығарыў субъектлери өз ара жақын экономикалық байланысларда болыўы ҳәм өз ара биргеликте ҳәрекет етиўин тәмийнлейди. Соның ушын мәмлекет экономикасын базар қатнасықлары тийкарында шөлкемлестириў, яғный базар экономикасына өтиў зәрүр. Сабық Аўқамда экономика орайдан турып басқарылған. Бундай шараятта еркин бәсеки, ресурсларды тежеў, өнимди талапқа жуўап беретуғын, сыпатлы ҳәм арзан етип ислеп шығарыў деген нәрсе болмаған. Экономикаға ийесизлерше мүнәсибетте болып, эконо-микалық ресурслар талан тараж қылынған. Бул жағдай болса адамлар турмыс дәрежесин базар экономикасына тийкарланған мәмлекетлерге салыстырғанда бир қанша арқада қалыўына себеп болған.





Download 41.59 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling