Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


-статья. Судқа шағым берилиўине ылайық ис-


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet88/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   84   85   86   87   88   89   90   91   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

2-статья. Судқа шағым берилиўине ылайық ис-
ҳəрекетлер (қарарлар).
Мəмлекетлик органлар, кəрханалар. мəкемелер, шөлкемлер, 
жəмийетлик бирлеспелер, пуқаралардың өзин өзи басқарыў 
органлары ҳəм лаўазымлы шахслардың судқа шағым етиўге 
ылайық коллегиал яки жеке тəртиптеги ис-ҳəрекетлери 
(қарарлары)қатарына:
пуқараның ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин бузған;
пуқараның өз ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин жүзеге 
шығарыўына тосқынлық туўдырған;


187
пуқараның мойнына нызамға қылап рəўиште қандай да бир 
миннет жүклениўине себеп болған ис-ҳəрекетлер (қарарлар) 
киреди.
4-статья. Шағым бериў.
Пуқара өзҳуқықларын ҳəм еркинликлерин бузатуғын ис-
ҳəрекетлер (қарарлар) үстинен шағым менен тиккелей судқа 
ямаса бойсыныў тəртибинде жоқары турыўшы органға яки 
лаўазымлы шахсқа мүрəжат етиў ҳуқықына ийе.
Бойсыныў тəртибинде жоқары турыўшы орган, лаўазымлы 
шахс шағымды бир ай мүддетте көрип шығыўы шəрт. Егер 
пуқараның шағымын қанаатландырыўдан бас тартылған болса 
яки ол шағым берген күннен баслап бир ай даўамында жуўап 
алмаған болса, судқа шағым менен мүрəжат етиўге ҳақылы.
Шағымды ҳуқықлары, еркинликлери бузылған пуқара 
яки оның ўəкили, сондай-ақ, пуқараның илтимасы менен 
жəмийетлик бирлеспениң, мийнет жəмəəтиниң ўəкиллик 
берген ўəкили бериўи мүмкин.
Шағым пуқараның қəлеўине қарап я ол жасайтуғын жердеги 
судқа яки орган жайласқан жердеги, ямаса ис-ҳəрекетлери 
(қарарлары) үстинен шағым етилип атырған лаўазымлы 
шахстың жумыс орнындағы судқа бериледи.
Əскерий хызметкер өзиниң ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин 
бузып атырған əскерий басқарыў органлары ҳəм əскерий 
лаўазымлы шахслардың ис-ҳəрекетлери (қарарлары) үстинен 
шағым менен əскерий судқа, сондай-ақ, жоқары турыўшы 
лаўазымлы шахсларға усы статьяда нəзерде тутылған тəртипте 
мүрəжат етиўге ҳақылы.

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   84   85   86   87   88   89   90   91   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling