Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


III. Мүрəжатларды көрип шығыў мүддетлери


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet81/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   77   78   79   80   81   82   83   84   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

III. Мүрəжатларды көрип шығыў мүддетлери
38. Арза яки шағым мəселени мазмуны бойынша шешиўи 
шəрт болған мəмлекетлик органға келип түскен күннен баслап 
он бес күн даўамында, қосымша үйрениў ҳəм (яки) тексериў, 
қосымша ҳүжжетлерди сорап алыў талап етилгенде болса бир 
айға шекемги мүддетте көрип шығылады.
Арза ҳəм шағымларды көрип шығыў ушын тексериў 
өткериў, қосымша материалларды сорап алыў ямаса басқа 
илажлар көриў зəрүр болған жағдайларда, оларды көрип шығыў 
мүддетлери тийисли мəмлекетлик орган басшысы тəрепинен, 
айырықшалық сыпатында, көби менен бир айға узайтылыўы 
мүмкин, бул туўралы мүрəжат етиўшиге хабар бериледи.
39. Усыныс мəмлекетлик органға келип түскен күннен бас-
лап бир айға шекемги мүддетте көрип шығылады, қосымша 


171
үйрениўди талап ететуғын усыныслар буған кирмейди, бул 
туўралы усынысты киргизген физикалық яки юридикалық 
шахсқа он күн мүддетте жазба түрде хабар бериледи.
40. Айырым жағдайларда мəмлекетлик органның басшы-
сы яки оның орынбасарлары мүрəжатларды көрип шығыў 
мүддетлерин қысқартыўымүмкин.
41. Мүрəжатлар менен ислеў мүддетлери олар мəмлекетлик 
органға келип түскен күндан баслап есапланады. Егер тийисли 
мүддеттиң кейинги күни дем алыс ҳəм байрам күнлерине туўра 
келсе, келеси ис күни мүддет тамамланатуғын күн болып еса-
планады.
IV. Мүрəжатларды көрмей қалдырыў
42. Төмендеги мүрəжатлар көрип шығылмайды:
аноним мүрəжатлар;
физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери арқалы 
берилген мүрəжатлар, олардың ўəкиллигин тастыйықлаўшы 
ҳүжжетлер болмаған жағдайда;
нызамда белгиленген басқа талапларға муўапық болмаған 
мүрəжатлар.
43. Мүрəжатты аноним деб табыў мүрəжатлар менен ислеў 
бойынша бөлимше яки мүрəжатты көрип шығыўшы қурам 
бөлими тəрепинен əмелге асырылады.
Мүрəжат аноним деб табылғанда бул туўралы жуўмақ 
дүзиледи. Жуўмақта мүрəжатты аноним деп табыў ушын тий-
карлар көрсетиледи. Мүрəжатты аноним деп табыў ҳаққындағы 
жуўмақ мүрəжатлар менен ислеўши бөлимше баслығы яки 
қурам бөлими баслығы тəрепинен тастыйықланады.
Мəмлекетлик органлардың «исеним телефонлары»на 
түскен мүрəжатлар Нызамда ҳəм усы Режеде нəзерде тутылған 
тəртипте аноним деп табылыўымүмкин.
Аноним деп табылған мүрəжатлар жуўмақ тастыйықланған 
ўақыттан баслап қадағалаўдан яки орынлаўдан алынады.


172
44. Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери 
арқалы берилген мүрəжатлар келип түскенде, мүрəжатлар 
менен ислеў бойынша бөлимше яки қурам бөлими олардың 
ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар-жоқлығын тек-
середи.
Егер мүрəжатта физикалық ҳəм юридикалық шахс 
ўəкилиниң 
ўəкилликлерин 
тастыйықлаўшы 
ҳүжжетлер 
жоқ болса, бул туўралы мүрəжатлар менен ислеў бойынша 
бөлимшениң баслығы яки қурам бөлими баслығы тəрепинен 
тастыйықланатуғын жуўмақ дүзиледи.
Физикалық ҳəм юридикалық шахс ўəкилиниң ўəкилликлерин 
тастыйықлаўшы ҳүжжетлер жоқ екенлиги ҳаққындағы 
жуўмақ тастыйықланған ўақыттан баслап усы мүрəжат көрип 
шығылмайди, бул туўралы мүрəжат етиўшиге жазба түрде ха-
бар бериледи.

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   77   78   79   80   81   82   83   84   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling