184
ҳəрекетлери
яки
ҳəрекетсизлигинде
пуқаралардың
ҳуқықлары, еркинликлери ҳəм нызамлы мəплери бузылғанлығы
анықланған шөлкемге яки лаўазымлы шахсқа бузылған
ҳуқықларды тиклеў бойынша усыныслар болған өз жуўмағын
жибериўи шəрт. Бунда Ўəкилдиң жуўмағын алған шөлкем
яки лаўазымлы шахс оны көрип шығыўы ҳəм
бир айдан
кешиктирместен тийкарланған жуўап жибериўи шəрт.
Өзбекистан Республикасының Нызамы
ПРОКУРАТУРА ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызам Өзбекистан Республикасының 2001-жыл
29-августта жаңа редакцияда қабыл етилген № 257-II
«Өзбекистан Республикасының «Прокуратура ҳаққында»ғы
Нызамына өзгерислер ҳəм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы
Нызамы менен тастыйықланған
.
10-статья. Арзалар ҳəм шағымларды көрип шығыў.
Прокуратура
органлары
пуқаралардың
арза
ҳəм
шағымларын,
мəмлекетлик,
жəмийетлик
ҳəм
басқа
шөлкемлердиң мүрəжатларын қарап шығады ҳəм, егер
шешиўдиң басқа тəртиби белгиленбеген болса, пуқаралардың
ҳəм шөлкемлердиң бузылған ҳуқықларын тиклеў ҳəм нызамлы
мəплерин қорғаў илажларын көреди.
Прокурорлар пуқараларды жеке өзи қабыл етеди.
Прокурор өзине түскен усыныс, арза ҳəм шағымларды
тексериў ўазыйпасын зəрүр жағдайларда тийисли мəмлекетлик
басқарыў ҳəм қадағалаў органларына, кəрхана, мəкеме ҳəм
шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына тапсырыў ҳəм олардан
тексериўге тийисли барлық материаллар менен бирге тексериў
нəтийжелери бойынша жазба мəлимлеме бериўин талап етиў
ҳуқықына ийе.
Прокурордың шағым ҳəм арза бойынша қабыл еткен қарары
үстинен жоқары турыўшы прокурорға шағым етиў мүмкин.
Өзбекистан Республикасы Бас прокуроры шағым бойынша
қарар қабыл еткеннен кейин прокуратура органларында бундай
шағымларға тийисли ислер тоқтатылады, жаңадан мəлим
болған жағдайларға тийисли шағымлар буған кирмейди.
Do'stlaringiz bilan baham: