220-статья. Еркинен айырыў жазасын орынлаў мәкемелериниң жумысын изден шығарыўшы ҳәрекетлер
Еркинен айырыў жазасын өтип атырған шахстың судланғанларды террор қылыў ямаса ҳәкимшилик ўәкиллерине ҳүжим қылыўда, сондай-ақ, бундай мақсетлерде жынайый топарларды шөлкемлестириў ямаса сондай топарлар искерлигине белсенди қатнасыўда аңлатылатуғын еркинен айрыў жазасын орынлаў шөлкеминиң жумысын изден шығарыўшы ҳәрекетлери —
үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) оғада қәўипли рецидивист;
б) аўыр ямаса оғада аўыр жынаяты ушын ҳүким етилген шахс ;
в) бир топар шахслар тәрепинен исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
221-статья. Жазаны орынлаў шөлкеми ҳәкимшилигиның нызамлы талапларына бойсынбаў
Еркинен айырыў орынында жазаны өтеп атырған шахстың жазаны орынлаў шөлкеми ҳәкимшилигиның нызамлы талапларына бойсынбаўы яки ҳәкимшилигиның өз искерлигин әмелге асырыўына басқаша тәртипте тосқынлық жасаўы, егер, судланғанларға бир жыл даўамында жазаны өтеў тәртиби талапларын бузғанлығы ушын жазаны орынлаў колониясының карцерине өткериў жазасы қолланылғанынан ямаса түрмеге өткерилгенинен кейин исленсе—
үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыслар :
а) оғада қәўипли рецидивист;
б) аўыр ямаса оғада аўыр жынаяты ушын ҳүким етилген шахс тәрепинен исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
222-статья. Қамақтан ямаса қорықлаў астындағы сақлаў орныннан қашыў
Қамақта сақланып атырған ямаса еркинен айырыў жазаны өтеп атырған шахстың тутқынға алып атырған ямаса қорғаў астындағы сақлаў орнынан қашыўы —
бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер
а) денеге жеңил ямаса орташа аўыр тән жарақатын салып ;
б) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) бир топар шахслар тәрепинен исленген болса —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |