Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Тергеўге яки суд ислерин шешиўге араласыў


Download 340.7 Kb.
bet111/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   107   108   109   110   111   112   113   114   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

236 -статья. Тергеўге яки суд ислерин шешиўге араласыў
Тергеўге яки суд ислерин шешиўге араласыў, яғный исти ҳәр тәреплеме, толық ҳәм дурыс үйренилиўине тосқынлық етиў мақсетинде сорастырыўшы, тергеўши яки прокурорға яки әдалатсыз ҳүким, ҳал қылыў қарары, ўйғарыў яки қарар шығарылыўына ерисиў мақсетинде судяға түрли формада нызамға қылап түрде тәсир өткериў —
үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет лаўазымлы шахс тәрепинен исленген болса, —
белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

237-статья. Жалған хабар бериў
Жалған хабар бериў, яғный жынаят ҳаққында биле турып жалған хабар бериў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жетпис бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркин айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) айыплаўдиң жасалма дәлиллерин пайда еткен ҳалда ;
б) дәмегөйлик нийетлеринде;
в) шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп;
г) аўыр ямаса оғада аўыр жынаят ислеўде айыпланып исленген болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркин шеклеў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

238-статья. Жалған гүўалық бериў
Жалған гуўалық бериў, яғный сорастырыў алып барыў, дәслепки тергеў ўақтында яки судта гүўаның ямаса жәбирлениўшиниң биле турып жалған көрсетпе бериўинде яки эксперттиң биле турып надурыс жуўмақ бериўи, сондай-ақ аўдармашының бир тилден екинши тилге биле турып надурыс аўдармалаўы —
үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Сорастырыў алып барыў, дәслепки тергеў яки исти судта көриў ўақтында жалған көрсетулер бериў ушын гүўаны ямаса жәбирлениўшини яки жалған жуўмақ бериў ушын экспертти яки надурыс аўдармалаў ушын аўдармашыны пара есесине аўдырып алыў, сондай-ақ оларға ямаса олардың жақын туўысқанларына руўхый, психологиялық, физикалық тәсир көрсетиў ямаса басқаша тәрзде тәсир көрсетиў арқалы жалған көрсетиў бериўге мәжбүрлеў —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп;
б) аўыр ямаса оғада аўыр жынаят ислеўде айыплап исленген болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   107   108   109   110   111   112   113   114   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling