Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Кеселлиги себепли жуўапкершиликтен азат етиў


Download 340.7 Kb.
bet24/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

67-статья. Кеселлиги себепли жуўапкершиликтен азат етиў
Егер жынаят ислеген шахста ҳүким шығарылғанға шекем өз ҳәрекетлериниң әҳмийетин аңлай алмайтуғын ямаса оларды басқара алмайтуғын тәризде руўхый жағдайдың бузылыўы жүз берген болса, ол жуўапкершиликтен азат етиледи.
Бундай жағдайда шахсқа суд тәрепинен медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шаралары қолланылыўы мүмкин.
Бундай шахс усы Кодекстиң 64-статьясында нәзерде тутылған мүддетлер өтпей турып дүзелсе, жуўапкерликке тартылады. Бундай жағдайда жуўапкершиликке тартыў мүддетлери суд тәрепинен медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шарасы қолланылған күннен баслап есапланады.

68-статья. Амниция акты тийкарында жуўапкершиликтен азат етиў
Жынаят ислеген шахс амниция акти тийкарында жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин.


ХIII БАП. ЖАЗАДАН АЗАТ ЕТИЎДИҢ ТҮРЛЕРИ

69-статья. Жазаны орынлаў мүддети өтип кеткенлиги байланыслы жазадан азат етиў
Егер ҳүким нызамлы күшке кирген күннен баслап :
а) үш жылдан артық болмаған мүддетке еркинен айрылған ямаса еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазаға ҳүким етилгенде — үш жыл ;
б) бес жылдан артық болмаған мүддетке еркинен айырыўға ҳүким етилгенде — бес жыл ;
в) он жылдан артық болмаған мүддетке еркинен айырыўға ҳүким етилгенде — он жыл ;
г) он жылдан артық мүддетке еркинен айырыўға ҳүким етилгенде — он бес жыл ишинде орынланбаған болса, судланған шахс тийкарғы ҳәм қосымша жазалардан азат етиледи.
Егер судланған шахс усы статьяда нәзерде тутылған жазаны өтеўден бас тартқан болса, жазаны орынлаў мүддети еки есе көбийеди ҳәм жазаны өтеўден бас тартқан күннен баслап есапланады, бирақ жигирма бес жылдан аспаўы керек.
Егер шахс усы статьяда көрсетилген мүддетлер өтпей турып қасттан жаңа жынаят ислесе, мүддетлердиң өтиўи үзиледи. Бундай жағдайда мүддетлердиң өтиўин есаплаў жаңа жынаят исленген ўақыттан қайтадан басланады.
Егер жаза тайынланған күннен баслап жигирма бес жыл өткен болса, жазаны орынлаў мүмкин емес.
Өмирлик еркинен айырыў жазасына ҳүким етилген шахсқа қарата мүддетлер өтиўин қоллаў мәселеси суд тәрепинен шешиледи. Егер суд мүддетлер өтиўин қоллаўды лазым таппаса, өмирлик еркинен айырыў жазасы еркинен айырыў жазасы менен алмастырылады.
Усы статьяда нәзерде тутылған мүддетлер усы Кодекстиң 150 — 157-статьяларында, 158-статьясының биринши бөлиминде, 159-статьясының үшинши ҳәм төртинши бөлимлеринде, 160, 161 ҳәм 2442-статьяларында нәзерде тутылған жынаятлар ушын ҳүким етилгенлерге қолланылмайды.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling