Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Кодекстиң Өзбекстан аймағынан сыртта жынаят ислеген шахсларға ҳәрекет етиўи


Download 340.7 Kb.
bet3/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

12-статья. Кодекстиң Өзбекстан аймағынан сыртта жынаят ислеген шахсларға ҳәрекет етиўи
Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сондай-ақ Өзбекстанда турақлы жасаўшы пуқаралығы болмаған шахслар, егер басқа мәмлекет аймағында ислеген жынаят ушын сол мәмлекет судының ҳукми менен жазаланған болмаса, усы Кодекс бойынша жуўапкершиликке тартылады.
Өзбекстан пуқарасы сырт ел мәмлекети аймағында ислеген жынаяты ушын, егер халық аралық шәртнамалар ямаса питимлерде басқаша жағдай нәзерде тутылған болса, услап берилиўи мүмкин емес.
Шет ел пуқаралары, сондай-ақ Өзбекстан аймағында турақлы жасамайтуғын пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан аймағынан сыртта ислеген жынаятлары ушын тек халық аралық шәртнамалар ямаса питимлерде нәзерде тутылған жағдайларда ғана усы Кодекс бойынша жуўапкершиликке тартылады.

13-статья. Нызамның ўақыт бойынша ҳәрекет етиўи
Қылмыстың жынайыйлығы ҳәм жазаға ылайықлығы усы қылмыс исленген ўақытта ҳәрекетте болған нызам менен белгиленеди. Егер усы Кодекс статьясында ҳәрекет ямаса ҳәрекетизликтиң ислениў ўақты жынаят тамамланған ўақыт деп есапланған болса, жәмийетлик қәўипли қылмыс орынлаған ўақыт жынаят исленген ўақыт деп табылады. Егерде усы Кодекс статьясында жынайый ақыбет жүз бериўи менен жынаят тамам болған деп есапланған болса, жынайый ақыбет жүз берген пайыт жынаят ислениў ўақты деп табылады.
Қылмыстың жынайыйлығын бийкарлайтуғын, жазаны жеңиллестиретуғын ямаса шахстың жағдайын басқаша тәризде жақсылайтуғын нызам артқа қайтыў күшине ийе, яғный бул нызам күшке киргенге шекем тийисли жынайый қылмыс ислеген шахсларға, сондай-ақ жазаны өтип атырған ямаса тамамлаған шахсларға, егер олар еле судланған есапланса, қолланылады.
Қылмысты жынаят деп есаплайтуғын, жазаны күшейттиретуғын ямаса шахстың жағдайын басқаша тәрзде аўырластыратуғын нызам артқа қайтыў күшине ийе емес.


ИККИНШИ БӨЛИМ. ЖУЎАПКЕРШИЛИК ТИЙКАРЛАРЫ

III БАП. ЖЫНАЯТ
14-статья. Жынаят түсиниги
Усы Кодекс пенен қадаған етилген, айыплы жәмийетлик қәўипли қылмыс (ҳәрекет ямаса ҳәрекетизлик) жаза қолланыў қәўпи менен жынаят деп табылады.
Усы Кодекс пенен қорғаланатуғын объектлерге зыян келтиретуғын ямаса сондай зыян келтириў реал қәўпин пайда ететуғын қылмыс жәмийетлик қәўипли қылмыс деп табылады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling