Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Судланғанлық жағдайының тамамланыў ямаса судланғанлықтың алып таслаў мүддетлерин есаплаў


Download 340.7 Kb.
bet30/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

80-статья. Судланғанлық жағдайының тамамланыў ямаса судланғанлықтың алып таслаў мүддетлерин есаплаў
Судланғанлық жағдайының тамамланыў ямаса судланғанлықты алып таслаў мүддетлери тийкарғы ҳәм қосымша жазалар өтеп болынған ямаса орынланған күннен баслап есапланады.
Егер шахс тайынланған жазадан нызамда белгиленген тәртипте мүддетинен бурын азат етилген ямаса жаза жеңилреги менен алмастырылған болса, судланғанлық мүддети мүддетинен бурын азат етилген ямаса жеңилреги менен алмастырылған жазаның әмелде өтеп болынған бөлегинен есапланады.
Егер усы Кодекстиң 44, 46-статьялары тийкарында ҳүким бойынша тайынланған жазаны суд басқа жаза менен алмастырған болса, судланғанлық мүддети жазаның әмелде өтеп болынған ямаса орынланған бөлегинен есапланады.
Егер жазаны өтеп шыққан шахс судланғанлық жағдайының мүддети тамамланбай тағы жынаят ислесе, судланғанлық жағдайын тамамлаў мүддеттиң өтиўи тоқтатылады. Алдын исленген жынаят ушын судланғанлық жағдайының тамамланыў мүддети ақырғы исленген жынаят ушын (тийкарғы ҳәм қосымша) жазаны әмелде өтегеннен баслап есапланады.

АЛТЫНШЫ БӨЛИМ
ЕР ЖЕТПЕГЕНЛЕР ЖУЎАПКЕРШИЛИГИНИҢ ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ
ХV БАП. ЖАЗА ҲӘМ ОНЫ ТАЙЫНЛАЎ

81-статья. Жаза системасы
Он сегиз жасқа толмастан жынаят ислеген шахсларға төмендеги тийкарғы жазалар қолланылыўы мүмкин:
а) жәрийма ;
а1) мәжбурий жәмийетлик жумыслары ;
б) мийнет пенен дүзетиў жумыслары
в1) еркинликти шеклеў;
г)еркинликтен айырыў.
Он сегиз жасқа толмастан жынаят ислеген шахсларға қосымша жазалар тайынланыўы мүмкин емес

82-статья. Жәрийма
Жәрийма базалық есаплаў муғдарының еки есесинен жигирма есесине дейин белгиленеди.
Судланған шахс жәрийма төлеўден алты ай даўамында бас тартса, суд төленбеген жәрийманы базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги жәрийманы мәжбурий жәмийетлик жумысларының еки саатына теңлестирген ҳалда есаплап, мәжбурий жәмийетлик жумыслары жазасы менен алмастырады ямаса базалық есаплаў муғдарының еки есесиндеги жәрийманы мийнет пенен дүзетиў жумысларының бир айына теңлестирген ҳалда есаплап, мийнет пенен дүзетиў жумыслары жазасы менен алмастырады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling