Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Транспорт қуралын алып қашыў


Download 340.7 Kb.
bet128/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   124   125   126   127   128   129   130   131   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

267-статья. Транспорт қуралын алып қашыў
Транспорт қуралын алып қашыў —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) зорлық ислетип ямаса зорлық ислетиў менен қорқытып;
г) транспорт қуралын талан-тараж қылыў мақсетинде ўрлаў ямаса тонаўшылық жолы менен исленген болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) шөлкемлескен топар тәрепинен;
в) транспорт қуралын талан-тараж қылыў мақсетинде басқыншылық жолы менен исленген болса, —
он бес жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

268-статья. Транспорттың қаўипсиз ислеўин тәмийинлеўге тийисли қағыйдаларды бузыў
Жолаўшы, пияда, велосипед, ат-арба транспортының айдаўшысы ямаса жол ҳәрекетиниң басқа қатнасыўшылары тәрепинен, усы Кодекстиң 261-263, 265 ямаса 266-статьяларында нәзерде тутылған шахслардан тысқары, ҳәрекет қаўипсизлиги қағыйдаларын ямаса барлық түрдеги транспорт қуралларыннан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет адам өлиўине себеп болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) адамлар өлимине;
б) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

269 -статья. Автомобиль жолларынан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў қағыйдаларын бузыў
Автомобиль жолларынан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў қағыйдаларын бузыў, яғный автомобиль жолларында ҳәм сол жоллар ушын ажыратылған регионда тийисли рухсатсыз жер асты ҳәм жер үсти коммуникацсияларын өткериў, оларды оңлаў, бул ислерди орынлаўдың белгиленген шәртлери ҳәм мүддетлерине әмел етпеў, өзбасымшалық пенен аркалар, тосықлар, шлагбаумлар ямаса басқа қурылмалар орнатыў, жолларға материал ҳәм басқа затларды үйип қойыў, жол үстин бузыў нәтийжесинде денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс адам өлиўине себеп болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адамлардың өлимине;
б) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   124   125   126   127   128   129   130   131   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling